====================================
7.Глоссарий
====================================
Палеоэкология- грек тилинен алынган болып - әййемги экология деген мәнисти билдиреди.Демек, бул термин еки мәнистен ибарат болып, бириншиден палео -әййемги деген мәнисти анлататуғын болса, бул дәўир өз ишине кандай ўакытты алады.
Палеолит-( грек тилинен алынған болып «PALEOS»-қәдимги, «LITOS»-тас) Б.э.ш 3 млн жылларды өз ишине алады. Палеолит өз гезегинде 3 ке бөлинеди
Ерте палеолит -б.э.ш 3 млн -100 мын жылларды өз ишине алады. Бул еки баскышдан ибарат болып
-«Олдувей» б.э.ш 3-2. млн жылды өз ишине алады
«Ашель»б.э.ш. 1млн.- 100мын жыллыкларды өз ишине алады.
Орта палеолит- б.э.ш 100 - 40 мын жылды өз ишине алады.
Сонгы палеолит –б.э.ш 40-12 мын жылды өз ишине алады ҳәм киши үш дәўирди өз ишине алады -Ориньяк, Солютре, Мадлен.
II-Мезолит-(юн. «мезос»-орта, «LITOS»-тас-б.э.ш 12-7мын жыллыкларды өз ишине алады.(орта тас әсири – оқ жай ҳәм оқлар пайда болды)
III-Неолит-(юн. «NEOS»-жана, «LITOS»-тас-б.э.ш 7-4 мың жыллыкларды өз ишине алады.
IY-Энеолит- (лот. «энеус»-мыс, «LITOS»-тас-б.э.ш 4-3 мын жыллыкларды өз ишине алады.
Y-Бронза- (жез) б.э.ш 3-2жыллыкларды өз ишине алады.
YI-Темир –б.э.ш 1мын жылды өз ишине алады.
Экология-бул коршап турған орталық пенен организмлердин өз-ара байланысы хаққындагы илим тараўы. Бул түсиник оның грекше атамасын сәўлелендирип, {айкос} – үй, жасаў орны, жасаў орталығы, {логос} –тәлиймат, яғный организмлердиң жасаў орны, уйи ямаса орталығы хаққындагы тәлиймат.
Цивилизация- термини латынша сөзден алынган болып civilis пукаралык, жамийетлик деген манини билдиреди. Бул термин биринши мартебе Америка этнограф хам тарийхшысы Л.Г.Морганнын (1818-1881) «Әййемги жамийет» китабында колланып «жабайылар» «варварлар» созине карама-карсы соз ретинде пайдаланылган.
Цивилизация бул - «кандайда бир тарийхый-жамийетлик формациянын материаллык маденияттын хам жамийетлик рауажланыудын дарежеси» деп көрсетеди. Бул терминге ҳәр кыйлы автор хар кыйлы қатнаста болған. Мысалы, Г.Чайльд (1892-1957) цивилизация түсинигин конкрет белгилер менен байланыстырады. Олар төмендегилер
1.Азык-аўқаттын артықмашылығы, қосымша өнимниң алыныўы
2.Мийнеттин ҳәм өнерменшиликтиң бөлиниуи
3.Алмасыў, сырткы саўда, товар ислеп шығарыў
4.Коммуникация, жол қатнасықларының раўажланыўы
5. Бес мыңға жетиўши қалалардын пайда болыўы
6. Монументаль қурлыс
7.Есап ҳәм хат
8. Алдыннан айтатуғын илимлер –астрономия ҳәм геометрия
9.Әмелий емес көркем өнер
10. Элиталардын ажралыўы, жәмийеттиң класслық структурасы
Арктикалық адаптив тип: суўық климат ҳәм көбирек ҳайўан гөшлери менен азықланыў шараятында қәлиплеседи. Арктика халықлары аўқатлық затларды қабыл етиў өсимликлер қурамындағы С витамини кем жеўге масласқан тәреплери раўажланған. Олардың сүйек-мускул системасы жақсы раўажланған, қанында белок, майлар көп муғдарла болады. Энергия алмасыўы күшли, терморегуляцияның жақсы раўажланған болады
Тропикалық адаптив тип: ыссы ҳәм ығал климат, азықланыў рационында хайўан белоги кем болған шәраятта қәлиплеседи. Экологиялық шараяттың түрлилигиде булл типтиң қәлиплесиўине тәсир етеди. Сонлықтан субтропикалық ҳәм тропикалық ўәлаятларда жасаўшы халық нәсиллик ҳәм этникалық жақтан ҳәр қыйлы топарларға киреди.Негроидлер ушын характерли белгилерге денесиниң узын формасы, мускул массасының азлығы аяқ-қолларының узын болыўы, көкиректиң тар болыўы, тери безлериниң көп болыўы менен ажыралып турады
Таўлы адаптив тип: бул типтиң қәлиплесиўиндеги экологиялық процесс– гипоксия ( хаўаның қурамында кислород муғдарының кем болыўы) тән. Бәлент таўлықта жасаўшы халықларда оның қандай нәсилге кириўине қарамастан зат алмасыў тез, көкирек аралығы кең, қанда эритроцинлер көп болыўы гүзетиледи
Саҳра, ярымсаҳра, шөл адаптив тип: қуяштың нурланыўы күшли, ыссы, қурғақ, континентал климат шәраятында қәлиплеседи. Бул типке териниң к оп бөлинип шығыўы суўды көп пайдаланыўы характерли. Орайлық Азияда жасаўшы көпшилик халық усы адаптив типке киреди.
Экологиялық мәденият - бул қоршаған орталық хаққында терең билимге, тәбиятты асыраў сезимине ийе болыў, өсимликлер ҳәм ҳайўанларға ғамхорлық көрсетиўде, тәбият запасларынан ақылана пайдаланыў, оларды көбейттириў бойынша қайғырыўға қаратылған әмелий искерликтиң уллы көрсеткиши.
Гилозоизм –(грек тилинде - hyle материя, - өмир) улыума жанлы материяның -
Бул термин 17 әсирде Р.Кедворт тәрепинен киргизилген.Гилозоизм – ең әййемги грек философиясы ушын характерли болып ( Ионий мектеби, Эмпедокл), стоицизм, Ояныу дәуири натурфилософиясы ўәкиллери Б.Телезио, Дж.Бруно, Т.Парацельс х.б. 18 әсир материалистлерин айтсақ болады. Дидро, Ф.Шеллинг
Ноосфера - ( гр.ақыл, ес) – биосфераның раўажланыўының күшли дәрежесин аңлататуғын термин.
Космосфера – жер үстинде турған космослық кеңислик
Пантеизм – диний философиялық тәлим Қудай ҳәм дүньяның пүтинлигин биринши орынға қояды. Ўәкиллери: Спиноза, Гердер, Гете
Озон тесиги - ең биринши мәрте Антарктида үстинде 1985 жылы Д.Фарман басшылығындағы бир топар Британия алымлары тарепинен анықланды
-1992 жылы Арктикада бундай жағдай тәкирарланды. Атмосферада азонның азайыўы дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартты. -Нәтийжеде 1985 жылы Азон қатламын қорғаў бойынша Вена Конвенциясы ҳәм 1987 жылы Монреаль протоколыына қол қойысты.
Ионосфера – атмосфераның 50-80 км ден кейинги жоқарғы қатламы
Озоносфера – ( гр.ozon – ийиси шығып туратуғын) 10-50 км аралықтағы қатлам. Бул қатлам жердеги барлық тири организимлерди Қуяштың ультрофиолет радиациясынан сақлайды.
Плейстоцен – грек тилинен, pleistos – ең үлкен, kainos –жаңа, ең узын аралықтағы жаңа дәўир ямаса төртлемши дәўир деген атама менен жүритиледи
Палеозой эратемасы ( эрасы) – 570+-20 млн жыл алдыңғы дәўир даўамыйлығы -340+- 5 млн жылларды өз ишине алады.
Эон – грек aion тилинен алынған, әсир,эра, дәўир,эпоха дегенди аңлатады
Прецессия -(лат.praecessio- алдындағы ҳәрекет мәнисин аңлатады.) Жердиң өз көшери дөгерегинде ҳәм айланбалы конуста айланыўы
Тектоника - Жердиң ишки ( эндоген) күши тәсиринде жер қабығында ҳәрекетлер жүз береди ҳәм буны тектоникалық ҳәрекет деп атаймыз
Эндоген процесслер - Жердиң үстиңги қабаты ( литосфера) үзликсиз рәўиште барлық ўақыт ҳәрекет етип, тербелип ҳәм өзиниң геоморфологиялық түрин өзгертип турады. Өзгерислердиң келип шығыўына себеп болған процесслер жердиң ишки күшине байланыслы болып, олар эндоген процесслер деп аталады. Эндоген күшлердиң тәсиринде – жер қабығының дүзилисиниң ҳәрекети, тербелиўи, көтерилиўи ҳәм пәсейиўи сыяқлы тектоникалық ҳәдийселер жүз береди.
Экзоген күшлер - Жер жүзинде келип шығатуғын сыртқы қушлер тәсиринде жер бети өзгереди ҳәм бул күшлерди экзоген күшлер деп атайды. Эндоген ҳәм экзоген күшлердиң биргеликте тәсиринде, Жердиң ҳәзирги жүзи яғный қурғақлықлар, таўлар, тегисликлер ҳәм океанлар көп жыллар даўамында қәлиплесип келген.
Кайназой эрасы - гр.kainos – жаңа, zoe – өмир дегенди аңлатады. 66 млн жыл алдын пайда болған. Төмендеги түрлерге бөлинеди
Палеоген -тас, genos – туўылыў, жасаў ( 66+- 3 млн жыл алдын пайда болып, 41 млн жыл даўам етти) – 3 ке бөлинеди
Палеоцен
Эоцен
Олигоцен. Таўлар пайда болған яғный орогенез процесси дәўири
Неоген – neo-; жаңа дәўир ( 23,5 -25 млн, 22-23 млн жыл даўам еткен) – 1. Миоцен.2. Плиоцен болып бөлинеди. Климаттың тез өзгериўи жүз берген дәўир Евразия ҳәм Арқа Америка континентлеринде музлаў басланған. Кавказ, Альп, Гималай таўларының пайда болған дәўири
Антропоген ( төтрлемши) – 700-2.5 -3,5 млн жыл даўам еткен.Екиге бөлинеди: плейстоцен ҳәм голоцен.Ең биринши адамлардың пайда болған дәўири менен характерленеди.
Палеозой ( 570 +- 20 млн.жыл алдын пайда болған, даўамыйлығы – 340 +- 5 млн жылды қамтып, алтыға бөлинеди: 1.Кембрий. 2. Ордовик. 3. Силурий. 4.Девон. 5. Таскөмир. 6.Пермь
Мезозой эрасы – орта өмир дәўири. 235 млн жыл бурын пайда болған. , даўамыйлығы – 170 млн жыл. Эра 3 ке бөлинеди: Триас,Юрский, Меловый.
Динозаврлар, ихтиозаврлар, птерозаврлар пайда болған дәўир
ҚОСЫМШАЛАР
УЛГИ БАДАРЛАМА
Фан/модуль коди МTAR1305
Ўқув йили 2020-2021
Семестр 1
ECTS - Кредитлар 5
Фан/модуль тури Мажбурий
Таълим тили Ўзбек/рус
Ҳафтадаги дарс соатлари 4 1.
Фаннинг номи Палеоэкология ва цивилизация динамикаси
Аудитория машғулотлари ( 60соат)
Мустақил таълим ( 90 соат)
Жами юклама (150 соат)
2. I. Фаннинг мазмуни
Фанни ўқитишдан мақсад – “Палеоэкология ва цивилизация динамикаси” предмети тўғрисида талабаларга умумий тушунча бериш, геология, экология, география таълимотлари, археологик манбалари ва ёдгорликлари, ҳамда янги назарияларни ўрганишда илмий жиҳатдан ёндашиш, талабаларда замонавий босқичига оид билим, кўникма ва малака шакллантиришдан иборат.
Фаннинг вазифаси - талабаларга “Палеоэкология ва цивилизация динамикаси” фанининг умумий тавсифи, даврлаштириш ва хронология, инсоннинг табиатдаги ўрни, иқлим ўзгаришлари жараёни билан алоқадорлиги бўлган тарихий ҳодисалар, цивилизация динамикаси ҳақида чуқур билим беришдан иборат. II. Асосий назарий қисм (маъруза машғулотлари) II.I. Фан таркибига қуйидаги мавзулар киради:
Do'stlaringiz bilan baham: |