2. Мүрəжатлар ҳаққындағы ҳəрекеттеги нызам
ҳүжжетлери бойынша пуқаралық жуўапкерлик.
Мүрəжат етиў ҳуқықын бузғанлықта айыпкер шахслардың
жуўапкерлиги бир қатар нызамларда нəзерде тутылған.
1995-жыл 30-августта қабыл етилген «Пуқаралардың
ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузатуғын ис-ҳəрекетлер ҳəм
141
қарарлар үстинен судқа шағым етиў ҳаққында»ғы Нызамға
1
муўапық, пуқара өз ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин бузатуғын
ис-ҳəрекетлер (қарарлар) үстинен шағым менен тикелей судқа
ямаса бойсыныў тəртибинде жоқары турыўшы органға яки
лаўазымлы шахсқа мүрəжат етиў ҳуқықына ийе. Шағымды
көрип шығыў нəтийжелери бойынша суд қарар шығарады.
Суд, шағымның тийкарлы екенлигин анықлап, үстинен
шағым берилген ис-ҳəрекетти (қарарды) нызамсыз деп табады,
пуқараның талапларын қанаатландырыў миннетин жүклейди
яки оның бузылған ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин өзгеше
жол менен тиклейди.
1993-жыл 2-сентябрьде қабыл етилген «Жергиликли
мəмлекетлик ҳəкимият ҳаққында»ғы
2
Нызамның 28-статьясын-
да нəзерде тутылған режеге муўапық, ҳəким қабыл еткен ҳəм
шығарған ҳүжжетлер үстинен пуқаралар, жəмийетлик бирле-
спелер, кəрханалар, мəкемелер ҳəм шөлкемлер тəрепинен судқа
шағым етилиўи мүмкин.
2007-жыл 4-январда қабыл етилген «Мəмлекетлик емес,
коммерциялық емес шөлкемлер искерлигиниң кепилликлери
ҳаққында»ғы Нызамның
3
10-статьясында МКШди мəмлекетлик
органлардың нызамсыз қарарларынан, лаўазымлы шахслардың
ҳəрекетлеринен (ҳəрекетсизлигинен) қорғаў нəзерде тутылған.
Нызамның бул статьясына муўапық, мəмлекетлик емес,
коммерциялық емес шөлкемлер мəмлекетлик органлардың
нызамсыз қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ны-
1
1995-жыл 30-августта қабыл етилген «Пуқаралардың ҳуқықларын ҳəм еркинликле-
рин бузатуғын ис-ҳəрекетлер ҳəм қарарлар үстинен судқа шағым етиў ҳаққында»ғы
Нызам. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 1995, № 9,
183-ст.
2
1993-жыл 2-сентябрьдеқабыл етилген «Жергиликли мəмлекетлик ҳəкимият
ҳаққында»ғы Нызам. //Өзбекистан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ведомостла-
ры, 1993, № 9, 320-ст.
3
2007-жыл 3-январда қабыл етилген «Мəмлекетлик емес, коммерциялық емес
шөлкемлер искерлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызам. //Өзбекистан Респу-
бликасы Олий Мажлиси палаталарының Ведомостлары, 2007, № 1, 2-ст.
142
замсыз ҳəрекетлери (ҳəрекетсизлиги) үстинен бойсыныў
тəртибинде жоқары турыўшы органға ямаса судқа шағым етиў
ҳуқықына ийе.
Буннан тысқары, мəмлекетлик емес, коммерциялық
емес шөлкемлер өз ҳуқықларын ҳəм нызамлы мəплерин
бузатуғын мəмлекетлик органлардың нызамсыз қарарлары,
олардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз ҳəрекетлери
(ҳəрекетсизлиги) үстинен судқа шағым еткенде мəмлекетлик
бажы төлеминен азат етиледи, ал мəмлекетлик органлардың ны-
замсыз қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының нызам-
сыз ҳəрекетлери (ҳəрекетсизлиги) нəтийжесинде мəмлекетлик
емес, коммерциялық емес шөлкемлерге келтирилген зыянның
орны суд қарары тийкарында қапланыўы керек.
Өзиниң ар-намысын, қəдир-қымбатын яки исшеңлик абы-
райын кемситиўши мағлыўматлар тарқатылған пуқара бун-
дай мағлыўматлар бийкарланыўы менен бир қатарда, оларды
тарқатыў ақыбетинде келтирилген материаллық ҳəм мəнаўий
зыянлардың орнын қаплаўды талап етиўге ҳақылы.
ПКниң 100-статьясына муўапық, пуқара өзиниң ар-намысын,
қəдир-қымбатын яки исшеңлик абырайын кемситиўши
мағлыўматлар бойынша, егер бундай мағлыўматларды
тарқатқан шахс олардың ҳақыйқатқа туўры келиўин дəлиллей
алмаса, суд жолы менен бийкарлаў талап етиўге ҳақылы.
1
Пуқараның
исшеңлик
абырайын
кемситиўши
мағлыўматлардың тарқатылыўы себепли мəнаўий зыян-
ды қаплаўды тəртипке салыўшы қағыйдалар юридикалық
шахстың исшеңлик абырайын қорғаўға байланыслы да тий-
ислисинше енгизиледи (ПКниң 100-статьясы 9-бөлими;
Жоқарғы суд Пленумының 28.04.2000 г. №7 «Мəнаўий зыянды
компенсациялаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың
айырым мəселелери ҳаққында»ғы қарарының 7-бəнти).
2
1
Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодекси. –Т.: Адолат, 2012.
2
Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының28.04.2000-ж. № 7 «Мəнаўий
143
Бунда судлар соны нəзерде тутыўы керек, ҳақыйқатқа туўра
келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыўға ақыбетинде келти-
рилген мəнаўий зыян бундай мағлыўматларды жыйнаған шах-
стан, егер бул мағлыўматлар мағлыўматнамаға, баянатқа ҳəм
т.б. киргизилип, топар (комиссия) тəрепинен мақулланған бол-
са, оларды мақуллаған топар (комиссия) ағзаларының ҳəр би-
ринен өндирилиўи керек.
Буның мəниси соннан ибарат, мүрəжат етиўши нызамда бел-
гиленген тəртипте өзиниң мүрəжат етиў ҳуқықының бузылыўы
ақыбетинде келтирилген зыянды өндириўди талап етиў
ҳуқықына ийе. Бул реже ПКниң 900-статьясына
1
уйғын келе-
ди. Усы статьяның биринши бөлимине муўапық, мəмлекетлик
органлардың, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органларының
нызамға қайшы келетуғын қарарлары нəтийжесинде пуқараға
яки юридикалық шахсқа келтирилген зыян, олардың лаўазымлы
шахсларының айыбына қарамастан, судтың қарары тийкарын-
да қапланыўы лазым.
Ал усы статьяның екинши бөлимине муўапық, мəмлекетлик
органлар, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары
лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы келетуғын ҳəрекетлери
(ҳəрекетсизлиги) нəтийжесинде пуқараға яки юридикалық
шахсқа келтирилген зыян суд қарары тийкарында қапланыўы
лазым. Бул еки жағдайда да зыян Пуқаралық кодексиниң
15-статьясында нəзерде тутылған тəртипте өндириледи.
2
Ле-
кин əйне қандай зыян туўралы айтылғаны конкретлестирилме-
ген: мүлклик пе ямаса мəнаўий ме. Бизиң пикиримизше, екеўи
де өндирилиўи тийис, себеби мүрəжат етиў ҳуқықын əмелге
асырыўдан бас тартыў, əлбетте, пайдаланыўшының руўхый
зыянды компенсациялаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым
мəселелери ҳаққында»ғы қарарының 7-бəнти.
1
Өзбекистан Республикасы Пуқаралық кодекси. – Т.: Адолат, 2012.
2
Сонда.
144
азапланыўын, демек, мəнаўий зыянды компенсациялаўды кел-
тирип шығарады (ПКниң 1021-ст.)
1
ПКниң 15, 990-статьяларында
2
мəмлекетлик ҳəкимият
ҳəм басқарыў органларының тек нызамларға емес, ал басқа
норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерге де қайшы келетуғын нызам-
сыз ҳəрекетлери (ҳəрекетсизлиги) ҳаққында айтылған. Бул
– пуқараларға ҳəм юридикалық шахсларға жиберилген ҳəм
орынланыўы мəжбүрий болған қарарлар, буйрықлар, бий-
ликлер, көрсетпелер ҳəм басқа да ҳəкимиятлық ҳүжжетлер
(олардың жазба ямаса аўызша формада екенлиги əҳмийетли
емес) болып есапланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |