Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


-статья. Мүрəжатларды көрмей қалдырыў



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet57/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

20-статья. Мүрəжатларды көрмей қалдырыў
Төмендеги мүрəжатлар көрип шығылмайды:
аноним мүрəжатлар;
1
Сонда, 41-б.


110
физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери 
арқалы берилген мүрəжатлар, олардың ўəкиллигин 
тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмаған жағдайда;
нызамда белгиленген басқа талапларға муўапық 
болмаған мүрəжатлар.
1. Аноним мүрəжатларды көрмей қалдырыў.
Түсиник берилип атырған статья мүрəжатларды көрмей 
қалдырыў мəселелерине бағышланған. 
Бул статьяның екинши бөлимине муўапық, аноним 
мүрəжатлар көрип шығылмайды.
Түсиник берилип атырған Нызамның 6-статьясы алтыншы 
бөлимине муўапық, физикалық шахстың фамилиясы (исми, 
əкесиниң исми), оның жасаў орны туўралы мағлыўматлар яки 
юридикалық шахстың толық аты, оның жайласқан жери (по-
чта мəнзили) туўралы мағлыўматлар көрсетилмеген ямаса олар 
туўралы жалған мағлыўматлар көрсетилген, сондай-ақ, имза 
(электрон санлы имза) менен тастыйықланбаған мүрəжатлар 
аноним мүрəжатлар деп есапланады. Бул ақылға муўапық 
норма. Мəселен, егер мүрəжатта арыз етиўшиниң мəнзили 
көрсетилмеген болса, оған жуўапты қай жерге жибериў нəмəлим 
екенлиги өз-өзинен түсиникли. Ал мүрəжатта баян етил-
ген фактлерди тексериў зəрүрлиги туўылған, ямаса усы факт 
бойынша басқа да бир ҳүжжетлерди тапсырыў керек болған 
жағдайларда арыз етиўши менен байланысыў мүмкиншилиги 
болмайды. Бул арыз етиўшиниң исми менен имзасына да тий-
исли, оларсыз арыз етиўшини табыў ҳəм идентификациялаў 
мүмкин емес. 
Жазба мүрəжат мүрəжат етиўши физикалық шахстың им-
засы яки мүрəжат етиўши юридикалық шахс басшысының 
ямаса ўəкилликли шахсының имзасы менен тастыйықланған 
болыўы лазым. Физикалық шахстың жазба мүрəжатын мүрəжат 
етиўшиниң имзасы менен тастыйықлаў имканы болмаған 


111
жағдайда, бул мүрəжат оны жазып берген шахстың имзасы ме-
нен тастыйықланып, оның фамилиясы (исми, əкесиниң исми) 
да қосымша түрде жазып қойылыўы керек.
Электрон 
мүрəжат 
электрон 
санлы 
имза 
ме-
нен тастыйықланған ҳəм электрон ҳүжжеттиң оны 
идентификациялаў имканиятын беретуғын басқа реквизитле-
рине ийе болған электрон ҳүжжет формасында болыўы керек.
Улги Режениң 43-бəнтине муўапық, мүрəжатты толығы 
менен аноним деп тəн алыў ушын мүрəжатлар менен ислеў 
бойынша бөлимше ямаса мүрəжатты көрип шығыўшы қурам 
бөлими тəрепинен əмелге асырылады.
1
Мүрəжат аноним деп тəн алынғанда бул туўралы жуўмақ 
дүзиледи. Жуўмақта мүрəжатты аноним деп тəн алыў ушын 
тийкарлар көрсетиледи. Мүрəжатты аноним деп тəн алыў 
туўралы қарар мүрəжатлар менен ислеўши бөлимше басшысы 
яки қурам бөлими басшысы тəрепинен тастыйықланады.
Мəмлекетлик органлардың «исеним телефонлары»на келип 
түскен мүрəжатлар Нызамда ҳəм үлги Режеде нəзерде тутылған 
тəртипте аноним деп тəн алыныўы мүмкин.
Аноним деп тəн алынған мүрəжатлар жуўмақ тастыйықланған 
ўақыттан баслап қадағалаўдан яки орынлаўдан алынады.

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish