Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


 Мүрəжатларды басқа шөлкемлерге жибериў тəртиби



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet52/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

3. Мүрəжатларды басқа шөлкемлерге жибериў тəртиби.
Жазба мүрəжатта ол берилген шөлкемниң ўəкиллигине де, 
басқа органлардың ўəкиллигине де тийисли болған мəселелер 
баянланған жағдайларда мүрəжатларды басқа органларға 
жибериў мəселесине айырықша тоқтап өтиў лазым. Бул 
жағдайда мүрəжат келип түскен шөлкемниң ўəкиллигине 
тийисли мəселелер бөлеги мүрəжат мазмуны бойынша көрип 
шығылады ҳəм белгиленген мүддетте мүрəжат етиўшиге 
жуўап жибериледи. Соның менен бирге, бес күнлик мүддетте 
мүрəжаттың көширме нусқасы қалған мəселелерди шешиў 
ўəкиллигине ийе органға жибериледи ҳəм бул туўралы мүрəжат 
етиўшиге хабар бериледи. Жазба мүрəжатларда бир неше ҳəр 
түрли шөлкемлердиң ўəкиллигине тийисли мəселелер баян 
етилген жағдайларда бул мүрəжатлардың көширме нусқалары 
бес күнлик мүддетте тийисли шөлкемге жибериледи ҳəм бул 
туўралы мүрəжат етиўшилерге хабар бериледи. 
Егер мүрəжатта тийисли органларға жибериў ушын зəрүр 
мағлыўматлар болмаса, мəмлекетлик органлар бес күнлик 
мүддет ишинде мүрəжат мазмунын көрместен қалдырыўы ҳəм 
мүрəжат етиўшилерге мүрəжатларда баян етилген мəселелерди 
шешиў ушын қайсы шөлкемге ҳəм қандай тəртипте мүрəжат 
етиў кереклиги туўралы түсиндириўлер менен хабар береди. 
Солай етип, Нызам мазмунына муўапық, мүрəжат етиўшиге ол 
ортаға қойған мəселелер шөлкемниң ўəкиллигине кирмейди 
деп ғана жуўап бериўге жол қойылмайды. Мүрəжат етиўшиге 
қайсы конкрет шөлкемге мүрəжат етиў кереклигин анық 
көрсетип бериў керек.


102
Еки альтернатив имканияттың (мүрəжатты тийисли 
ўəкилликке ийе шөлкемге жибериў ямаса мүрəжат етиўшиге 
қайсы шөлкемге мүрəжат етиў кереклигин түсиндириў) 
белгилениўи шөлкемниң ўəкиллигине кирмейтуғын барлық 
мүрəжатларға байланыслы қолланылатуғын улыўма қағыйда бо-
лып есапланады. Бирақ нызам ҳүжжетлеринде бул қағыйданың 
тек биреўи қолланылатуғын жағдайлар белгиленген:
бириншиден, суд қарарлары үстинен шағымнан ибарат 
жазба мүрəжат бес күнлик мүддетте мүрəжат бериўшиге суд 
қарарлары үстинен шағым етиў тəртиби туўралы түсиндириўлер 
менен қайтарылады. Бул өзгешелик суд ҳəкимиятының 
бийғəрезлиги принципинен келип шығады;
екиншиден, таярланып атырған, исленип атырған яма-
са исленген жынаят ямаса басқа ҳуқықбузарлық ҳаққында 
мағлыўматлардан ибарат мүрəжатлар бес күнлик мүддеттен 
кешиктирместен бул мүрəжатлар келип түскен шөлкемлер 
тəрепинен тийисли ҳуқық қорғаў яки басқа мəмлекетлик 
органларға жибериледи ҳəм бул туўралы мүрəжат етиўшиге ха-
бар бериледи.
Бундай түсиндириўлер арза бериўшиге өзиниң мүрəжат 
етиў ҳуқықын əмелге асырыўына жəрдем береди. Бул 
илажлардың нəтийжелилиги көп жағынан олардың барлық 
зəрүр мəлимлемелерден ибарат екенлигине ямаса тек улыўма 
пикирлер менен шекленгенине байланыслы. Сонлықтан 
да мүрəжат етиўши мүрəжат етиўи тийис болған орган яки 
шөлкемниң мəнзили, оның қабыллаў ўақты (егер бар болса)
ҳəм т.б. туўралы мағлыўматты алыў имканиятына ийе болыўы 
мақсетке муўапық.

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish