26-статья. Материаллық зыянның орнын қаплаў
ҳəм мəнаўий зыянды компенсациялаў
Физикалық яки юридикалық шахстың арзасы яма-
са шағымы мине усы мүрəжат бойынша нызамға қайшы
134
келетуғын қарар қабыл еткен мəмлекетлик орган тəрепинен
қанаатландырылған жағдайда, арза яки шағым бериў ҳəм
оны көрип шығыўға байланыслы зыянның орны, арзаны
яки шағымды көрип шығыў ушын тийисли мəмлекетлик
органның талабы бойынша орынларға барыў мүнəсибети
менен жумсалған қəрежетлердиң ҳəм мине усы ўақыт
ишинде жоғалтылған ис ҳақының орны мүрəжат етиўшиге
суд тəртибинде қапланады. Суд тəртибинде мəнаўий зыян
да компенсацияланыўы мүмкин.
Физикалық
яки
юридикалық
шахстың
арза-
сын яки шағымын көрип шығыўда нызам талапла-
ры бузылғанлығы мүнəсибети менен оған келтирилген
материаллық зыянның орнын қаплаў ҳəм мəнаўий зыянды
компенсациялаў сыпатында мəмлекетлик орган тəрепинен
төленген қаржылар айыпкер лаўазымлы шахстан регресс
тəртибинде өндирип алыныўы мүмкин.
1. Нызамға қайшы келетуғын қарар қабыл еткен
мəмлекетлик орган тəрепинен шағым қанаатландырылған
жағдайда зыянды мүрəжат етиўшиниң пайдасына суд
тəртибинде өндириў.
Түсиник берилип атырған статьяның биринши бөлиминде
белгиленген қағыйдаға муўапық, физикалық яки юридикалық
шахстың арзасы ямаса шағымы мине усы мүрəжат бойынша
нызамға қайшы келетуғын қарар қабыл еткен мəмлекетлик ор-
ган тəрепинен қанаатландырылған жағдайда, арза яки шағым
бериў ҳəм оны көрип шығыўға байланыслы зыянның орны, ар-
заны яки шағымды көрип шығыў ушын тийисли мəмлекетлик
органының талабы бойынша орынларға барыў мүнəсибети
менен жумсалған қəрежетлердиң ҳəм мине усы ўақыт ишин-
де жоғалтылған ис ҳақының орны мүрəжат етиўшиге суд
тəртибинде қапланады. Суд тəртибинде мəнаўий зыян да
компенсацияланыўы мүмкин.
135
ПКниң 15-статьясына муўапық, мəмлекетлик орган-
лар, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары яки усы
органлардың лаўазымлы шахсларының нызамсыз ҳəрекетлери
(ҳəрекетсизлиги), соның ишинде мəмлекетлик орган ямаса
пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары тəрепинен ны-
зам ҳүжжетлерине муўапық болмаған ҳүжжет шығарылыўы
нəтийжесинде пуқараға яки юридикалық шахсқа келтирилген
зыян мəмлекет тəрепинен яки пуқаралардың өзин өзи басқарыў
органы тəрепинен төлениўи керек.
1
ПКниң 14-статьясы екинши бөлими тийкарында, зыян-
ды келтирилген шығынның пул формасы сыпатында қараў
мүмкин.
2
Нызам шығарыўшы тəрепинен арза яки шағым бериўге ҳəм
оны көрип шығыўға байланыслы зыянды өндириўден тысқары,
арзаны яки шағымды көрип шығыў ушын тийисли мəмлекетлик
органының талабы бойынша орынларға барыў мүнəсибети
менен жумсалған қəрежетлердиң ҳəм мине усы ўақыт ишин-
де жоғалтылған ис ҳақының орны мүрəжат етиўшиге суд
тəртибинде өндирилиўи туўралы реже киргизилген.
Буннан тысқары, ПКниң 15-статьясында көрсетилгениндей,
мəмлекетлик органлардың, пуқаралардың өзин өзи басқарыў
органларының лаўазымлы шахсларының айыбы менен келти-
рилген зыянларды қаплаў судтың қарары менен усы лаўазымлы
шахслар мойнына жүклениўи мүмкин.
Мəнаўий зыянды компенсациялаў ҳуқықы ПКниң 1021,
1022-статьяларында
3
нəзерде тутылған.
Мəнаўий зыян дегенде жəбирлениўшиге қарсы исленген
ҳуқықбузарлық ҳəрекети (ҳəрекетсизлик) ақыбетинде ол ба-
сынан кеширген (өткерген) руўхый ҳəм физикалық (кемситиў,
1
Өзбекистан Республикасының Пуқаралық кодекси. –Т.: Адолат, 2012.
2
Сонда.
3
Сонда.
136
физикалық азапланыў, зыян көриў, қолайсыз ҳал-жағдай ҳəм
т.б.) азаплар түсиниледи.
Нызамсыз ҳəрекетлер (ҳəрекетсизлик) объектлери пуқараға
ол туўылғаннан баслап яки нызамға муўапық тийисли болған
материаллық емес байлықлар (шахстың өмири, денсаўлығы,
ар-намысы, қəдир-қымбаты, исбилерменлик абырайы, жеке
өмирине қол қатылмаслығы, жеке өзиниң ҳəм шаңарағының
сырлары), жеке мүлклик емес ҳəм мүлклик ҳуқықлары
(турақжайына қол қатылмаслығы, меншик ҳуқықы, өз исми-
нен пайдаланыў ҳуқықы, авторлық ҳуқықы ҳəм т.б.) болыўы
мүмкин.
Мəнаўий зыян, атап айтқанда, туўысқанларынан айырылыў,
актив жəмийетлик турмысты даўам ете алмаў, жумыссызлық,
шаңарақ яки шыпакерлик сырының əшкара етилиўи, шахстың
ар-намысын ҳəм қəдир-қымбатын түсиретуғын жалған
мағлыўматлардың тарқатылыўы, шахстың белгили бир
ҳуқықларының ўақытша шеклениўи яки оның белгили бир
ҳуқықлардан айырылыўы, келтирилген жарақат ямаса руўхый
жəбирлениў нəтийжесинде кеселликке шалыныўына байланыс-
лы физикалық қыйналыўлар ақыбетинде руўхый азап шегиўден
ибарат болыўы да мүмкин.
ПКниң 1022-статьясында мəнаўий зыянды қаплаў усы-
лы ҳəм муғдары белгилеп берилген. Бул статьяға муўапық,
мəнаўий зыян пул менен қапланады.
1
Мəнаўий зыянды қаплаў муғдары жəбирлениўшиге кел-
тирилген физикалық ҳəм руўхый азаплардың өзгешелигине,
сондай-ақ, айып компенсация төлеўге тийкар болған
жағдайларда зыян келтириўшиниң айыбы дəрежесине қарап
суд тəрепинен анықланады. Физикалық ҳəм руўхый азаплардың
өзгешелиги мəнаўий зыян келтирилген ҳақыйқый ҳалатлар ҳəм
жəбирлениўшиниң индивидуал өзгешеликлерин есапқа алған
1
Сонда.
137
ҳалда суд тəрепинен баҳаланады. Мəнаўий зыян төлениўи ла-
зым болған мүлклик зыянға қарамастан қапланады.
Мəнаўий зыянды қаплаў муғдарын келтирилген мүлклик ҳəм
басқа материаллық зыянды өндириў даўа талабының қапланыў
муғдарына қарап белгилеў мүмкин емес. Зыянды қаплаў
муғдарын белгилеўде ПКниң 1022-статьясында көрсетилген
əдалатлық ҳəм ақылға муўапықлық талаплары инабатқа
алыныўы лазым. Судларда ислерди көрип шығыў даўамында
мəнаўий зыян муғдарын анықлаўда усы жағдайларды есапқа
алыў зəрүрлиги Жоқарғы суд Пленумының 2000-жыл 28-апрель-
деги №7 «Мəнаўий зыянды компенсациялаў ҳаққындағы нызам
ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мəселелери ҳаққында»ғы
қарарының 13-бəнтинде
1
көрсетип өтилген.
Материаллық зыянды қаплаў ҳəм мəнаўий зыян-
ды компенсациялаў тəртиби ҳаққында 28-статьяға берил-
ген түсиниклерге қараң (Мүрəжатлар ҳаққындағы нызам
ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкерлик).
Do'stlaringiz bilan baham: |