Қонгырат районы ҳакими, Бизлер жасап атырған аймақ
қарайтуғын 1-сектор баслығы Қаллыбек Халмуратовқа
“Орнек” АПЖ аймағында жасаўшы пуқараларынан
А Р З А
Усы арзамыз арқалы Сизге малим етип билдиремиз, олда болса Ҳурметли Президент-имиз Шавкат Мирзиёевтынг басламасы менен халқымыз абаданшылығы ушын путкил Мамлекетимиз бойынша ен жайып, басқышпа-басқыш исленип киятырған“Обод қишлоқ” дастури бойынша 30 жылда бир наўбетимиз келип, быйылғы 2021-жылда аўылымызда “Обод қишлоқ” дастури жумыс баслағанына қуўанып, исленетуғын ком-мунал тармақлар ис режелери менен танысып корсек,аўылымыздынг басым копшилик аймағы режеге кирмей қалған, асирсе 28 хожалығы бар “Сабирабад” аўылы еш қандай ( ишимлик суў, табий газ, электр энергия ҳам ишки жолларды онглаў жумыслары) дастурге кирмей қалған, ишимлик суў бойынша темир жол менен Ахунбабаев каналы аралығындағы отырықлы ҳам таза хожалықлардан 68 хожалық, арқа аўылдан 26 хожалық, майтубек аўылы ҳам арқа кунбатардағы таза хожалықлардан 42 хожалық, махсым ауыл ҳам қубла аўыл кун батарынан 30 хожалық, қубла аўыл ортасы ҳам қубла кун шығардағы таза хожалықлардан 17хожалық,“Орнек” аўылынан “Ахунбабаев” каналындағы “Минаж” копирден откеннен кейин шеп жактағы канал жағадағы кошеден 30 хожалық, барлығы болып 241 хожалық режеге кирмей қалған. 1969-жылы тартылған электр тармақларын кабельге озгертилип, тартиплестирип болистирип, қосымша 4 трасформатор орнатып, аўылымыз халқын талап дарежесинде электр энергияси менен тамийинлеў бойынша аўылымыздынг 60-70% и режеге кирмей қалған, асиресе 2018-жылы “Аукцион” саўдасынан сатып алған, 11,12,13- кварталдағы 48 хожалыққа еш қандай коммуналлық тармақлар режелестирилмеген, сол аймак халқы 2021- жылы 5-апрель куни Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясына муражат етип, бул бойынша “Қарақалпақстан” телеканалынынг “Депутат ҳам жамиет” корсетиўи доретиўши журналистлери келип, аўыл халқы, ҳакимият, АПЖ, электр, газ,ишимлик суў ҳам жол бойынша жуўапкер хизметкерлер менен саўбетлесип, суўретке алип, 2021-жылы 28-апрель куни саат 19:15 те эфирден жарытылып тийисли кархана басшыларынынг ўаделерин алған еди, содан кейин электр тамийнаты кархана-сы 8 дана бетон бағаналар тазадан тикледи-де барлығы тоқтап, қайтадан “уйықлап” қалды. Ишимлик суў тармағыда бул массивти айланып отип кетти, себеби режеге кирмей қалған,газдинг ГРП, трубаларын озлери сатып алып,орта басым тармағына горгаз жалғап берген.
Аўылымыздынг ишки жоллары 2020-жылы “пандемия” басланбастан бурин, районлық архитектурадан Дастан, кадастр болиминен Алимжан, районлық автожол кархана-сынан Азат, районлық кенгеске депутатымыз Отельбаев Бахтияр, “Орнек” АПЖ баслығы Аметов Умирбек, аўылларымыз бийлери Ермағанбет, Жангабай, Абдиғаппар ҳам аўыллардан жасулкенлер қатнасында олшенгенде 1,9 км асфальт, 7,5 км топырақ жоллар еди, содан дастур режесине тек 2,3 км асфальт киритилген. (Лайлектен Шамшет копирге шекем 1,17 км, улкен жолдан детсадқа шекем 0,28 км, “жипек жол”ға шығатуғын улкен жолдан мектепке шекем 0,45 км,бурынғы олшегенде есапқа кирмеген - улкен жолдан туб.емлеўханаға шекем 0,4 км.) Аўылларымыз ишиндеги балаларымыз бақшаға, мектепке қатнайтуғын топырақ жолларды ой жерлерине топырақ тогип тегислеп, устине қум-шебень жайып бериўге амелий жардем сорап АПЖдан Сенатқа шекем шықтық, пайдаси болмады. Аўылларымыз ортасында 180 орынлық бир бақша бар, онынгда онглаў жумыслары бир жылда зорға болынды, олда бақша жасындағы балаларымыздынг 70% ин баға алады. Манглайымызға питкен №7 санлы мектебимиздинг бир этажлы корпусы бир неше жылдан бери ислемей, онглаў жумыслары шала болып турыпты, сонынг кесиринен балаларымыз 2 сменада, жаўын-қарда ылай кешип,қыстынг суўығында тонгып қатнап оқыйды. Қулласы тусинигимиз бойынша “Обод қишлоқ” дастури режесине не кирсе сол исленеди екен, режеге кирмеген аймақлар пуқараларынан асиққанлары озлери ҳашар жолы менен ислеўге,қалып қойған кошелер тусына қосымша вентель ( саға қулақ) қойдирип бериўге ҳакимият тарепинен жардем болама екен, режеге кирмеген аймақтағы халқымыз копшилиги наразы болып атыр, реже дузгенде жуўапкер адамлар халықты алаласа усындай нызалар шығатуғынын ойламадыма екен, буны не деп тусинемиз, жар салып сорана бергенге қуўдалаўма, кемситиўме я козбоямашылықпа?! Ҳурметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев ҳар минбарға шыққанда халықымызды разы қылайық деп жан куйдирип атыр, Озбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы Ҳурметли Танзила Норбоева “Даракчи” газетасынынг 2020-жылы 26-ноябрдеги №43 саны,3-бетинде “тегишли мутасаддилар жавоб беришсин, чунки ҳозир маблағдан ҳеч қандай муаммо йўқ!” деп ўаде берген, ал бизде халқымызда нарыйзашы-лық болып атыр, усы машқаланы шешиўге амелий жардем бериўингизди соранамыз?! Бизлер тек халқымыз, балаларымыз ҳам ақлықларымыз абадан турмыста омирден разы болып жасасын деп жан куйдирип, конститутциялық ҳуқуқымызды қорғаўынгыз-ды соранып атырмыз?!
1.Мадияров Ермағанбет 2.Альмуратов Жангабай
3.Атамуратов Абдиғафур 4.Айтбаев Султамурат
Do'stlaringiz bilan baham: |