Еритпе концентрациясын анықлаӱ
Спектрофотометр жәрдеминде еритпе концентрациясын анықлаӱ оптикалық тығызлық ҳәм концентрация арасында сызықлы байланыс бар болғанда мүмкин болады. Изертлениӱши еритпе концентрациясы төмендеги формула жәрдеминде есапланады: .
Бундағы коэффициентлери градирлеӱ графигинен анықланады (4-сүӱрет). Градирлеӱ графиги төмендегише дүзиледи: изертлениӱши заттыӊ белгили концентрациялардағы еритпелери таярланады. Барлық еритпелердиӊ оптикалық тығызлықлары анықланады ҳәм абсцисса көшерине концентрация, ордината көшерине өлшенген оптикалық тығызлық мәнислери қойылады. Графиктен =D0 – оптикалық тығызлықтыӊ С=0 деги мәниси (туӱрыныӊ ордината көшерин кесиӱ ноқаты). , бундағы α – градирлеӱ туӱрысы менен С көшери арасындағы мүйеш. (Сi, Di) – градирлеӱ графигиндеги қәлеген ноқат мәнислери.
b коэффициенти мәниси 0,001-1,0 аралығында болыӱы керек, соныӊ ушын МПС ядына b’=b K шамасын киритиӱ керек. Бундағы К – масштаблық коэффициент. Оныӊ мәнислери ҳәр қыйлы b лар ушын кестеде келтирилген.
Фотометрик таблода ҳақыйқый С мәниси орнына C'=(C/K) мәниси көринеди. Оны С=С'К арқалы есаплаймыз.
Өлшеӱлерди төмендеги избе изликте әмелге асырамыз:
1. Тутқа 49 жәрдеминде нур жолы шторын (пердесин) ЗАКР ҳалына қоямыз.
2. Кювета бөлимине еритпе ҳәм еритиӱши қуйылған кюветаларды орнатыӊ.
3. Толқын узынлығын өзгертиӱ тутқасы жәрдеминде керекли толқынды орнатыӊ.
4. Тутқа 41 ҳәм рычаг 34 жәрдеминде спектраллық диапазонға сәйкес фотоэлемент ҳәм нурланыӱ дерегин орнатыӊ.
5. Түйме «Ш(0)» ди басыӱ менен бир қатарда тутқа 50 НУЛЬ жәрдеминде фотометрик таблода 0,05-0,1 аралығындағы санды шығарыӊ.
6. Түйме «Ш(0)» ди басыӱ арқалы келеси көрсеткишлер алдыӊғысынан 0,001 ден үлкен парықланбайтуғынлығына исеним пайда етиӊ.
7. коэффициентлерин МПС ядына клавиатура арқалы киритиӊ. Киритилген шамалар ПУСК түймесин басаман дегенше еслеп турылады.
коэффициентин киритиӱ ушын « » түймесин басамыз, таблода индекси ҳәм «0,000» саны жанады. СБР түймесин басамыз ҳәм клавиатурадан керекли мәнисин киритемиз, кейин УТВ түймесин басамыз.
b турақлысын киритиӱ ушын «b» түймесин басамыз, таблода «b» индекси ҳәм «1,000» саны жанады.
8. Түйме СБР ды басамыз, клавиатурадан b ныӊ керекли мәнисин киритемиз ҳәм УТВ ны басамыз.
9. Жақтылық нуры жолына еритиӱши бар кюветаны орнатыӊ.
10. Перде (штор) тутқасын ОТКР ҳалатына өзгертиӊ.
11. 6-пунктен баслап қайталаӊ.
12. Жақтылық нуры жолына белгисиз еритпе бар кюветаны орнатыӊ.
13. Түйме «С(4)» ти басыӊ.
14. Фотометрик табло көрсетпесин жазып алыӊ.
Do'stlaringiz bilan baham: |