33
Электр двигателинин қуўаты 3 кВт болған раствор араластырғыштың ис
өнимдарлығы шама менен 2-2,6м
3
/саатты қурайды.
Ҳәк сөндиргишлер;
ислеў характерине қарап-дәўирли ҳәм үзликсиз ислейтуғын;
конструкциясына қарап-барабанлы, жүгиргишли ҳәм фрезалы
үскенелер есапланады.
Горизонтал тегисликке қарағанда 8-10
0
мүйеш астында қыя орнатылған
барабан 2 ға ҳәк бөлеглери жүклеў түри 1 нен түседи. Ҳәкти араластырыўға
мөлшерленген қалақша 3, барабан 2 ниң ишки дийўалына қыйа етип беккемленген.
Барабанның қаптал (торес) дийўалында ҳәк уймасы шығып кетиўине
мөлшерленген тесик бар. Барабанның ақырына тогиў қалақшасы 4 орнатылған.
Сөнбеген ҳәк бөлекшелерин барабаннан шығарып таслаў мақсетинде оның
ишине төгиў наўасы 5 киргизиледи.
Сөндириў процесин тезлетиў ҳәм ҳәк уймасының сапасын асырыў мақсетинде
ҳәк сөндиргишке 50-60
0
С температуралары суў қуйыў ҳәк бөлеклерин майдалаў
көзде тутылған.
Барабанлы ҳәк сөндиргиштиң өнимдарлығы орташа 1-2т/саатты қурайды.
Бетон араласпалары ҳәм раствор таярлайтуғын қурылмалар
Бир ямаса өз-ара жақын жайласқан бир неше қурылыс
обьиектлерине хызмет
көрсетиўди тәмийинлеў мақсетинде бетон араласпалары ҳәм растворлар
таярланатуғын қурылмалар қолланылады.
Бундай қурылмалар жыйналма-ажыралмалы етип соғылғанлығы
себепли
оларды аңсат түрде бир жерден екинши жерге көшириў мүмкин.
Араластырыў қурылмалары материаллары бир басқышлы ямаса еки басқышлы
етип жоқарыға көтериў имканиятына ийе.
Қурылыста дәўирли ҳәм үзликсиз ислейтуғын қурылмалар қолланылады.
Қурылма негизинен төмендеги бөлимлерден ибарат; сарыплаў бункери 1
(толтырғышларға мөлшерленген), бункер 2 (цементке мөлшерленген), бөлистириў
воронкасы 3, шөмишли элеватор 4, дозатор 5 (толтырыўшы ҳәм цементти дозолаў
ушын хызмет етеди), шөмишли көтергиш 6 (тазаланған компонентлер ушын),
барабанлы бетон қарығыш 7, дозатор 8 (тек суўды тазалаўға хызмет етеди) ҳәм
тарқатыў бункери 9.
Қурылманың ислеў процесси төмендегише;
дәслеп сарыплаў бункерине толтырыў жүкленеди (буның ушын
жердеги толтырыўшылар шөмишли элеватор жәрдеминде жоқарыға көтериледи
ҳәм бөлистириў воронкасына, оннан кейин болса тарқалыў бункерине
узатылады);
бункерге цемент салынады (буның ушын пневматик транспорт
ислетиледи);
компонентлер (толтырыўшы ҳәм цемент) тазалаў ушын дозаторларға
жибериледи;
барабан жүкленеди (буның ушын тазаланған компонентлер шөмишли
көтергишлер қуралына жоқарыға көтериледи ҳәм бетон қарығыштың
барабанына салынады);
суў салынады (дозатордың басқасынан зәрүр муғдардағы суў
барабанға қуйылады);
34
бетон қарығыш иске түсирилип, технологик процесс әмелге
асырылады;
таяр өним нәўбет пенен тарқатыў бункери арқалы транспорт
қуралларына жүкленеди.
Басқарыў пултындағы қурылманың барлық механизм ҳәм түйинлери оператор
тәрепинен басқарылады ҳәм де технологиялық процесс бақлап барылады.
Толтырыўшы ҳәм цемент салынатуғын бункерлердиң көлеми кеминде
қурылманың 4 саат үзликсиз ислеўин тәминлейди.
Do'stlaringiz bilan baham: