3. Мәмлекет бюджетиниң әҳмийети.
Мәмлекеттиң финанс системасы мәмлекет бюджетинде әҳмийетли орынды ийелейди. Орайластырылған пул фондын қалиплестириў арқалы мәмлекеттиң қолында үлкен көлемдеги финанслық ресурслар топланады ҳәм олар улыўма мамлекетлик мүтәжликлерди қандырыўға сарпланады. Мәмлекет бюджети улыўма мәмлекетликмәплерди есапқа алған ҳалда үстинлик бағдарлар ушын финанслық ресурсларды жәмлеўде тийкарғы қурал болып хызмет етеди.
Хызмет көрсетип атырған субъектлердиң финанслық турақлығын тәмийинлеўде бюджет үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәр түрли объектив ҳәм субъектив факторлардың тәсири астында айырым субъектлердиң өз финанслық ресурслары олардың сағлам хызмет көрсетиўи ушын жетерли олмай қалғанда шеттен кәрежет табыўга мүтәжлиги туўылады.
Субъектлер хызметин финанслық ресурслар менен бирге тәмийинлеўде мәмлекет бюджетиниң тәртипке салыўшы роли төмендеги көринисте болыўы мүмкин:
- финанслық ресурсларға болған жаңа талапты келеси бюджет жылында бюджеттиң қәрежетлери қурамына киритиў;
- финанслық ресурсларға болған қосымша мүтәжликти бар болған бюджет ресурсларын ашып бериў, яғный бюджет кредитлерин бир объекттен екиншисине өткериў жолы менен қандырыў. Бундай имканияттың барлығы әмелде айырым субъектлердиң өзлерине усыныс етилген финанслық ресурсларды толық өзлестириўдиң үстинен шыға алмаўы менен белгиленеди;
- қосымша мүтәжликти ҳүкиметтиң қалдық фондлары есабынан қаплаў ҳ.т.б.
4. Мәмлекет бюджетинин дәраматлары Мәмлекет бюджетиниң дәраматлары мәмлекет жалпы (миллий) өнимин бөлистириў ҳәм қайта бөлистириўдиң улыўма процессиниң элементлеринен бири болып, олар аралық (транзит) характерге ийе. Олар юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли болған дәраматлар ҳәм фондлардың бир бөлегин бюджетке өткериўи нәтийжесинде пайда болады. Бюджет дәраматларының материаллық буйымласкан мазмунын мәмлекеттиң есабына барып түскен пул қәрежетлери қурайды. Бул финанслық (бюджет) категорияның көрсетилиў формасы бюджетке барып турыўшы түрли салықлар, төлемлер, жыйынлар, бажлар ҳәм ажратпалардан ибаратдур.
Муғдарлық тәрептен мәмлекет бюджетиниң дараматлары жаратылған (ислеп шығарылған) жалпы ишки (миллий) өнимде (миллий дараматта) мәмлекет үлесин көрсетеди. Олардың абсолют көлеми ҳәм салмағы мәмлекеттиң жалпы ишки (миллий) өними (миллий дараматы)ның улыўма көлеми, ол яки бул дәўирде мәмлекеттиң алдында турған сиясий, экономикалық, социаллық, басқарыў ҳәм басқа ўазыйпалары менен белгиленеди. Әне соларға муўапық мәмлекет бюджетинде қәрежетлерди жыйнаў муғдары ҳәм оларды өндириўдиң формасы ҳәм методлары анықланады.
Бюджет дәраматларын қалиплестириўпроцессиниң төмендеги принциплерине тийкарланып:
- салықлардың бюджетке алыныўы мәмлекет миллий байлығы дереклериниң тамамланыўына алып келмеўи керек;
- салықлар оларды төлеўшилер арасында тең бөлистирилиўи керек;
- салықларды ислеп шығарыўшылардын айланба фондлары көлемине тәсир корсетпеўи керек;
- салықлардын сап дәраматларға салыстырғанда есапланыўы;
- мәмлекет ушын салықлардың өндирилиўи илажы барынша арзанырақ болыўы керек;
-салықлардын өндирилиў процесси меншик секторды сығып шығармаўы керек;
- Ислеп шығарыўды кеңейтириў ҳәм баска мақсетлер ушын кәрхананың режелестирилген мүтәжликтен артқан суммаларын бюджетке алыў. Бул принцип мәмлекет бюджети дәраматларын мәмлекет кәрханаларының қарежетлери есабынан шөлкемлестирип қолланылўы мүмкин. Ол мәмлекет кәрханаларының финанслық жағдайын тәртипке салады ҳәм бир ўақыттың өзинде социаллық мүтәжликлерди қандырыўда мәмлекеттиң мәплерин тәмийинлейди;
Бюджет механизмин қоллап – қуўатлаў тәсирин тәмийинлеў. Қәрежетлерди субъектлер ыхтыярында бюджетке өткериўи олардың нәтийжели хызмет көрсетиўге дәраматларын муғдарлық тәрептен тәмийинлеў емес, бәлки сол жол менен бирге кәрханада хызмет корсетип атырған мийнет жамийетлериниң мәплерине, олар хызметиниң сыпат көрсеткишлериниң тасирин күшейтеди;
- Бюджет дәраматларын қәлиплестириўде үлесли қатнасыў. Бул принцип бюджет дараматларын халық қәрежетлер есабынан қәлиплестириўде қолланып, оның нәтийжесинде халық дараматлары дәрежесине байланыслы рәўиште бир бөлими өткериледи.
Мәмлекет бюджетиниңдраматлары өзлеринин дереклери, социал- экономикалқ характери, мүлкшилик формасы салық ҳәм төлеўшилер түри, қарежетлердиң келип тусиў формасы ҳәм оларды бюджетке өндириў методларына муўапық классификациялаў мүмкин.
Мәмлекет бюджетиниң дәраматлары өз дереклерине көре төмендеги группаларға бөлинеди:
бюджет шөлкемлери тәрепинен корсетилген төлемли хызметлерден келип тусетуғын дараматлар (салықлар ҳәм жыйынлар ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық төленген салық ҳәм жыйынлардан соң);
пухаралық – хукукый, басқарыў ҳәм жынаийшараларды қоллап – қуўатлаў нәтийжесинде алынған қәрежетлер, соның менен бир катарда жәриймалар, өзлестириў, табан төлеўлер ҳәм мәмлекет субъектлерине жеткерилген зыянларды тиклеў бойынша алынған қарежетлер ҳәм де мәжбүрий өндирилген басқа қарежетлер;
финанслық жардем көринисиндеги дәраматлар (бюджет ссудалары ҳәм бюджет кредитлеринен тыскары);
басқа салықсыз дәраматлар.
Түсимлердиң төмендеги коринислери ҳәм бюджет дәраматларының қурамында есапқа алыныўы мүмкин:
мәмлекет мүлкин ўақтыншалық пайдаланыўға бериў нәтийжесинде ижара ҳақы яки басқа көринисте алынатуғын қәрежетлер;
кредит мекемелери есап бетлеринде бюджет қарежетлериниң қалдығы бойынша процентлер көринисинде алынатуғын қарежетлер;
мәмлекет мүлкине тийисли болған мал – мүлкти гиреўге ямаса исенимли басқарыўға бериўден алынатуғын қарежетлер;
қайтарыў ҳәм ҳақ алыў тийкарында басқа бюджетлерге, сырт еллерге ямасаюридикалық шахсларға берилген бюджет қарежетлеринен пайдаланғаны ушын ҳақы;
мәмлекетке кысман тийисли болған хожалық жәмийетлери устав капиталының шериклиги яки акциялар бойынша дивидендлерге туўры келетуғын пайда коринисиндеги дәраматлар;
мәмлекет унитар кәрханалары пайдасының бир бөлими (салықлар ҳәм жыйынлар ҳақкындағы нызамшылыққа муўапық толенген салық ҳәм жыйынлардан соң);
мамлекетке тийисли болған мал – мүлктен пайдаланыў нәтийжесинде алынатуғын нызамшылық козде тутылған басқа дәраматлар.
Ҳәзирги әмелиятта мәмлекет бюджетиниң дәраматлары төмендеги тәртипте классификацияланады:
Тиккелей салықлар. Олардың курамына юридикалық шахслардың пайдасынан алынатуғынсалық; саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханалары ушын жеке салық төлеминен (микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар менен биргеликте) мәмлекет бюджетине ажратпалар; физикалық шахслардың дәраматынан алынатуғын салықлар ҳәм исбилерменлик хызмети менен шуғылланып атырған юридикалық ҳәм физикалық шахслардың дәраматынан алынатуғын қатаң салықлар киреди.
Жасырын салықлар. Бул салықлардың қурамы қосылмаған қун салығы; акцизлер; бажыхана бажлары; физикалық шахслардан алынатуғын жеке баж төлеми; транспорт қураллары ушын бензин, дизель жанылғысы ҳәм газ пайдаланыўына физикалық шахслардан алынатуғын салықлардан ибарат.
ресурс төлемлери ҳәм мал – мүлк салығы. Бул группаға кириўши салықлар ҳәм төлемлер мал – мулк салығы; жер салығы; жер асты байлықларынан пайдаланғанлық ушын салық ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салықларды өз ишине алады.