Мәмлекет бюджетиниң дараматларының бюджет категорияларының көринислеринен бири сапатында ажралыўы олардың улыўма экономикалық тийкарлары ҳәм характерли белгилерин жақсырақ түсиниўге имкан береди. Бюджет дараматлары мәмлекеттиң субъектлери менен өз – ара байланысларын анық шегаралап, анықланған бөлимин көрсетип береди. Бул мүнәсибетлер ҳәр- түрли болыўына қарамастан, олар улыўма белгилерге ийе ҳәм улыўмаластырылған, абстракт ҳалда ислеп шығарыў мүнәсибетлериниң айрықша элементи сыпатында ортаға шығады. Бюджет дараматлары өзлериниң экеономикалық тәбиятына көре объектив болып, олар мәмлекеттиң субъектлер менен турақлы байланысларын сәўлелендиреди. Олардың объектив зәрүрлиги мәмлекеттиң өзине сай функцияларына ийе болғанлығы менен белгиленеди.
2. Мәмлекет бюджетиниң функциялары.
Мәмлекет бюджети финансының қурамлық бөлеги сыпатында, оның басқа бөлимлери қатары еки түрли функцияны атқарады:
бөлистириў;
қадағалаў.
Мәмлекет бюджетиниң бөлистириў функциясы арқалы оның қасийети үйрениледи. Бул мәмлекет бюджети тәрепинен әмелге асырылыпр атырған бөлистириў мүнәсибетлериниң мазмунына байланыслы. Мәмлекет бюджети арқалы әмелге асырылатуғын бөлистириўдиң бул процессиниң аралық басқышы болып есапланады. Сонқң ушын да мәмлекет бюджети ниң бөлистириў функциясы өзине сай болған қәсийетлерине ийе болып, ннан бөлистирилген жалпы ишки өним қайта бөлистириўде пайдаланылады. Егер болистириў биринши басқышта бюджет қәрежетлери миллий дараматына мәмлекеттиң үлеси сыпатында пайда болса, оның екинши басқышынан болса, әне сол үлес бөлимлерине бөлинеди ҳәм көп санлы каналлар арқалы түрли тәдбирлерди финансластырыўға ҳәм фондларды қалиплестириўге бағдарланады.
Әмелге асырылып атырған операциялар көлеминиң пул ағымларының кеңлиги ҳәм шөлкемлескен мақсетли фондларының ҳәр түрлилиги мәмлекет бюджетин бөлистириў функциясының екинши қасийети болып есапланады. Бюджет жалпы ишки (миллий) өним (миллий дәрамат) тың үлкен бир бөлеги үйренилип, ҳәр түрли максетлерге мөлшерленген қөп санлы фондларды қәлиплестиреди. Мәмлекет бюджети менен экономикалық ҳәм социаллық тараўдың бәрше бөлимлери туўрыдан туўры ямаса тиккелей байланысқан.
Бюджет арқалы бөлистириў процесси көп басқышында әмелге асырылады. Егер онын биринши басқышы экономикалық тараўларында (бирлемши бөлистириў) әмелге асырылса, бюджет арқалы жалпы ишки өнимниң екилемши бөлистирилиўи (қайта бөлистириў) пайда болады. Оның үшинши басқышы (бюджетти финансластырыў) экономикалық ҳәм социаллық тараўлардың бөлимлерин өз ишине алады. Бирақ бөлистирилип атырған жалпы ишки (миллий) өнимниң айырым элементлери бюджет арқалы көп мәртелеп те бөлистириледи. Мәселен, социаллық тараў шөлкемлериниң социаллық қамсызландырыўфондына төлемлер бюджетли бөлистириўдиң өними. Себеби бул тараў шөлкемлеринде ис ҳақы фонды бюджеттен финансластырыў тийкарында пайда болады. Бирақ бөлистириўдиң екинши басқышынан өтип, олар және социаллық қамсызландырыўға ажратпалар формасы бюджетке келип туседи. Солай етип, мәмлекет бюджетиниң бөлистирилиў функциясы бөлистириўдиң көп мәртелиги менен характерленеди.
Мәмлекет бюджетиниң қадағалаў функциясына тийисли болған екинши характерли қасийети финанслық мүнәсибетлериниң айрықша тараў сыпатында мәмлекет бюджетиниң жоқары дәрежеде оралайластырылғанынан келип шығады. Орайластырылған ҳәм дайым жоқары органлар алдындағы органлардың есабат берип турыўын, мәлим бир избе-изликте бойсыныўының системасын аңлатады. Бул болса, өз нәўбетинде жоқарыдан төмендеги финанслық қадағалаўды шөлкемлестириўге шәрт шараятлар жаратып береди.
Мәмлекет бюджетиниң еки функциясынан пайдаланыў нәтийжесинде бюджет механизми пайда болады. Бюджет механизми дегенде, әдетте финанслық ресурсларды мәмлекеттиң қолында аккумуляциялаў ҳәм оларды бюджет каналлары бойынша бөлистириўдиң әмелдеги системасы нәзерде тутылмастан, бәлки тәкрар ислеп шығарыўдың бәрше басқышларына бул процесстиң актив тәсири де түсиниледи. Бул механизмниң деталлары жүдә көп: салықлар ҳәм бюджетке төлемлер, бюджеттен финансластырыўдың ҳәр түрли формалары, қәрежетлерди бюджетлер ишинде бөлистириў ҳәм басқалар әне солар қатарынан. Бюджет механизми ислеўиниң нәтийжелиги оған тийисли болған деталлардың өз – ара тәсиршеңлиги ҳәм олардың бир – бирине байланысы менен белгиленеди.