Мамбетов жолымбет қабулович қарақалпақ халық ДӘстаны «ЖӘҲанша»



Download 292,3 Kb.
bet12/27
Sana25.02.2022
Hajmi292,3 Kb.
#280643
TuriДиссертация
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   27
Bog'liq
Жолымбет. Диссертация. 1.

БАПҚА ЖУЎМАҚ
«Жәҳанша» дәстанының генезисине арналған биринши бап бойынша улыўма төмендегидей жуўмақларға келиўге болады:

  1. «Жәҳанша» дәстаны ҳаққында қарақалпақ фольклористикасында үйренилиў дәрежеси дәстанның қарақалпақ дәстанлары арасындағы орнын белгилеў, дәстанның идея-тематикалық өзгешелиги, образлар системасы, дөрелиў дәўири ҳаққындағы қысқаша пикир ҳәм шолыўлардан ибарат екенлиги дәстанның қарақалпәқ қаҳарманлық дәстанлары системасындағы орнын, генезисин, типологиясын, образлар системасын, поэтикалық өзгешелигин жаңаша көзқарастан изертлеў зәрүрлигин пайда етеди.

  2. «Жәҳанша» дәстаны сюжетиниң генезисин анықлаўда ең әўели дәстанның сюжетиниң қәлиплесиўин анықлаўға ҳәм оның мифлик дәўирге, яғный архаик фольклорға қатнасын анализлеўге дыққат қаратыў лазым. Себеби, дәстанның бас қаҳарманы Жәҳанша да әййемги мифтеги адамзатқа ийгилик алып келиўши, оларды жаўыз күшлерден қорғаўшы мәдений қаҳарманның классикалық эпостағы көриниси болып табылады.

  3. «Жәҳанша» дәстанының сюжетиниң қәлиплесиўинде Түрк қағанлығы менен сиясий ҳәм мәдений қатнасықлар раўажланған тарийхый дәўирдеги Қытайда илим-билим үйренип, тәлим алған түркий ҳасылзада ҳаққында аңыз әңгимелердиң ҳәм тийкар болғанын айтып өтиў мүмкин. Бирақ, дәстанда сюжетиндеги тарийхый ўақыяның тек айрым элементлери сақлап қалынған ҳәм дәстандағы тарийхый ўақыялардан гөре ертеклик элементлердиң басымлығын оған параллель рәўиште кейинги дәўирде ертекке диффузияланған формалардың орын алғанлығы менен түсиндириўге болады.

II БАП. «ЖӘҲАНША» ДӘСТАНЫНДАҒЫ ГЕЙПАРА ТИПОЛОГИЯЛЫҚ БЕЛГИЛЕР ҲӘМ ОБРАЗЛАР СИСТЕМАСЫ
2.1. Дәстанның жанрлық, структуралық ҳәм образлық типологиясы

Дәстанлар ‒ түрки тиллес халықлар, соның ишинде қарақалпақ халқының фольклорлық мийрасының ең ири жанры есапланады. Жанрдың қарақалпақ фольклорында қәлиплесиў тарийхы улыўма түркий тиллес халықлардың фольклорындағы дәстан жанры менен тарийхый-генетикалық жақтан сыбайлас. Сонлықтан бул халықлардың фольклористика илиминде дәстан жанрына берилген анықлама қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларына да сәйкес келеди. Қарақалпақ фольклортаныўшы алымы Қ. Мақсетов улыўма түркий тиллес халықлардың қаҳарманлық дәстанларына берилген анықламаларды улыўмаластыра отырып, төмендеги пикирлерди билдиреди: «Коллектив тәрепинен дөретилген ҳәм усы коллективтиң ағзалары есапланған жыраў-бақсылар тәрепинен қобыз яки дуўтар жәрдеми менен атқарылатуғын, мазмун ҳәм формасы бойынша узақ дәўирлер даўамында қәлиплескен традицияға тийкарланған, батырлық, муҳаббат, турмыс мәселелерин кең ҳәм ҳәр тәреплеме сөз ететуғын, сийрек проза араласып келетуғын ири көлемдеги поэзиялық дөретпе ‒ дәстан деп аталады»45. Өзбек алымлары Т.Мирзаев ҳәм Б.Сарымсақовлар дәстанлардың жаратылыўын миллеттиң өтмиш тарийхы, ондағы болып өткен ири тарийхый-сиясий ўақыялар, миллет санасындағы прогрессив идея ҳәм идеаллардың қәлиплесиў басқышлары менен байланыстырады: «Қахрамонлик достонлари патриархал – уруғчилик мунособатлари ҳамда кўчманчилик ва ярим кўчманчилик ҳаёт тарзи билан маҳкам боғликдир. Бундай достонлар худди шу турмуш тарзининг ифодаси сифатида патриархал-уруғчилик жамиятининг сўнги босқичларида босқичларида ёки илк феодализм даврида турли уруғлар ўратасида низолар давом этаётган ва улар муайян территорияларга жойлашаётган ҳамда ягона халқ сифатида уюша бошлаган замонларда яратилган. Бир қатор уруғ ва қабилаларнинг муайян халқ сифатида ташкил топа бориши, илк давлатчилик куртакларининг пайдо бўлиши ва шу мунособат билан халқлар ҳамда элатларнинг ўз мустақилликлари учун чет эл босқинчиларига қарши мардоновор курашлари қахрамонлик достонлари учун бой материал бўлди. Мана шу курашлар ва таркиб топишлар, бирлашишлар ва жойлашишлар жараёнида ўз-ўзини англашнинг буюк ифодаси сифатида қахрамонлик эпоси юзага келди46.


Т.Мирзаев ҳәм Б.Саримсақов тәрепинен қаҳарманлық дәстанның қәлиплесиў дәреклерине берген сыпатламасы тек түрки тиллес халықларының дәстан жанры ушын ғана емес, ал аўызеки әдебиятында қаҳарманлық эпосларына ийе болған барлық халықлар фольклоры ушын да, соның ишинде «Жәҳанша» дәстанына да тийисли. «Жәҳанша» ‒ дәстан жанрының қаҳарманлық эпос түрине қатнаста белгиленген барлық критерияларға жуўап береди.
Дәстанның тийкарғы ўақыясы реаль тарийхый ҳәм эпик мәкан Ура Төбеде локалласқан. Шығарманың орайында қарақалпақлардың этногенезинде әҳмийетли орын ийелеўши Қазаяқлы урыўының турмысы менен байланыслы ўақыялар сәўлеленген. Бизге белгили, қарақалпақ миллетиниң қурамы, этногенетикалық негизи бир текли халықтан емес, ал келип шығыўы ҳәр түрли болған көплеген урыўлардан турады. Бул урыўлар ‒ Қоңырат ҳәм Он төрт урыў арысларына бириккен. Он төрт урыў арысы Қытай, Қыпшақ, Кенегес ҳәм Маңғыт деп аталған төрт урыўдыөз ишине алады. Олардың арасында ең ири урыў есапланған Қытай урыўының өзи тийрелери менен қоса есаплағанда 62 урыўдан ибарат. Қазаяқлы урыўы Қытай урыўының ең ири урыўларынан бири. К.Мамбетов Қытай урыўының XII-XIV әсир дереклеринде монголлар арасында да ушырасатуғынлығын айта келип, қарақалпақ қытайларының Қытай халқы менен байланысы еле изертленбеген басы ашық мәселе екенлигин билдирген еди47.
Бердақ шайырдың «Шежире»синде қарақалпақ халқының қытай қәўими менен байланысын Жайылғанның қытай-қотаннан алған ҳаялы Сәрназ ҳәм оның баласы Қытайбек пенен байланыстырылады. Буннан тысқары, шайыр қытайлылардың ураны не ушын Уллы/Үлкен таў болғанын төмендегише баянлайды:
Қытайбек те қой жыйнады,
Қойы жәҳәнге сыймады,
Ала таўларға жыйнады,
Ол таў уран болған екен48.
Тийкарынан эпик характерге ийе болған бул фактлер «Жәҳанша» дәстанында сәўлеленген ўақыялардың болып өткен географиялық сыпатламасына бола белгили дәрежеде тарийхый тийкарға ийе екенлигинен дәрек береди. Ҳәзирги Тәжикистан территориясында жайласқан реаль мәкан Ура Төбе, дәстанда сәўлеленгениндей, таўлы аймақтан ибарат болып, бул объект қазаяқлы урыўының культи ҳәм соған сай, олардың уранына айланған, деген пикирге келиўимизге болады. Бул бизге дәстан тийкарында бир ўақытлары Қытай урыўының қурамында Қазаяқлылардың түрки халықлардың урыўлық ҳәм мәмлекетлик бирлеспелерге бириккен дәўирдеги тарийхый турмысы, олардың Қытай империясы менен ең жақын сиясий-экономикалық байланыста болған тарийхый дәўирлериниң улыўмаластырылған эпик көриниси жатады, деген пикирди келтирип шығарады.
Дәстанда түрки тиллес халықлардың тарийхында, олардың эпикалық традициясында изин қалдырған Шыңғысханның жаўлап алыўшы атланысы нәтийжесинде жүзеге келген, XV-XVIII әсирлерде Шығыста гегемонлық еткен Ойратлар мәмлекетиниң әскерий жүрислери менен байланыслы ўақыялар да өз сәўлелениўин тапқан. XV-XVI әсирлердеги қалмақлар менен байланыслы ўақыялар монгол империясы ҳәм оның орнында пайда болған (Батыста ‒ Алтын Орда ҳәм Шығыста – Тимурийлер мәмлекети) түрки тиллес халықлардың (ҳәзирги ноғайлар, қазақлар, өзбеклер, қарақалпақлар, қырғызлардың ата-бабалары) Волга ҳәм Урал дәрьяларынан баслап Ыссық көл ҳәм Тянь – Шанға дейинги аралықта «Дәшти Қыпшақ» далаларын жайлаған дәўирин өз ишине қамтыйды. Бул түрки тиллес халықлардың санасында усы дәўир, тарийхый жақтан алып қарағанда, өз мәмлекетин дүзиўге болған умтылысларының жоқары басқышқа көтерилген дәўирлери еди. Соған сай Орта Азия халықларының эпосында қаҳарманлардың тийкарғы душпаны сыпатында қалмақлар сәўлелене баслайды49.
Қалмақ басқыншыларына қарсы жүргизилген гүрес «Жәҳанша» дәстанда да өзине тән интерпретацияға ийе. Әдетте, қарақалпақ қаҳарманлық эпосларында бас қаҳарманның өз елин қалмақлардан қорғаўы батыр ҳәм қалмақ батырлары арасындағы саўаш фонында бериледи. «Жәҳанша» дәстанында болса, бас қаҳарман Жәҳаншаның қалмақлар менен саўашы берилмеген болып, бул дәстүрий мотив жыраўлар дөретиўшилигинде өзине тән шешимге ийе. Жәҳанша өз яры Зәўрияны излеп табыў ушын Шынытатар елине кеткеннен кейин, оның елин, яғный Ура Төбени қалмақлар шабады. Басқа дәстанлардағы батырларға салыстырғанда, Жәҳанша қалмақларды излеп таўып, олар менен саўаш қурмайды, ал қалмақлардан аман қалған халқын жыйнап мәсләҳәт қурады ҳәм оларға бир ўақытларда булардан бөлекленип кеткен ҳәм өзи енди оларға патшалық етип атырған Шынытатар елине қосылыўды кеңес етеди. Батырдың бундай дипломатиялық уқыбы оның Шын-Машында алған билиминиң нәтийжеси ретинде көрсетиледи. Бурыннан қәлиплескен традицияға муўапық, жыраўлар сыртқы жаў ‒ қалмақ эпизодын енгизип, бул ҳәдийсеге қатнаста батырға рационал шешим қабыл еттиреди. Бундай шешимниң қабыл етилиўи өзгеше қаҳарман идеалын, яғный тек ғана физикалық күшке ийе адам сыпатында емес, ал ақыллы, билимли, қәлеген жағдайдан шығып кете алатуғын батыр, ел басқарыўшы сыпатындағы образын алға сүриўи менен тиккелей байланыслы.

Download 292,3 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   27




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish