Линза сүўретлениўинде сфералық дефектлер
Тажрийбе обектлери
- Линзаның сфералық аберрациясын үйрениў.
- Сфералық аберрация арқалы жүзеге келген дефектти анықлаў.
Кирисиў
Линзалар (санлы)
камералар, микроскоплар,
телескоплар,шийшелер,спектроскоплар ҳәм
оптоэлектрон әспаблар сыяқлы кӛпшилик үскенелерде қолланылатуғын оптикалық элементлер
есапланады. Линза системалары дүзилисиндеги бундай қәтеликлер дүзетилиўи керек.Егер нур
жолы оптикалық кӛшерди киши мүйеш астында кесип ӛтсе,ҳәм линзадан ӛтип атырған нур түсиў
мүйеши ҳәм сыныў мүйеши ҳәм онша үлкен болмаса сфералық линза ноқатты идеал ноқат
сыпатында сүўретлейди. Гаусс оптикасы деп аталатуғын бундай жағдай шекленген ҳалларда
орынланады,практикада болса аберрасиялар (сүўрет дефектлери) белгили. Усы тәжрийбеде
«сферическая аберрасия» үйрениледи. Линза сәўлелендириўиндеги басқа қәтеликлер,яғный
«хроматикалық аберрация»,‘‘сәўлелендириў бузылыслары‘‘ ҳәм «линза сәўлелендириўиндеги
сүўретлениў майданының қыйсайыўы» бир-бири менен байланыслы болған. P5.1.3.2 ден P5.1.3.4
ге
дейин
тәжрийбелерде
үйрениледи.
1-сүўрет:Параксиал ҳәм абаксиал нурлардың кесилисиўи. Тек ғана оптикалық кӛшерге
нурлар
ғана линза фокусының ноқатларында кесилиседи. Шетки нурлар оптикалық кӛшерге линза менен
фокус аралығында кеседи.
Тыйкарғы принциплер
Сфералық аберрация сүўретлениўдиң линзада бақланатуғын түрли дефектлеринен бақланады.
Оптикалық кӛшерге параллел түсип атырған нурлар ҳәм линзадан ӛткеннен кейин фокус
аралығында жыйналмайды.Оптикалық кӛшерге жақын нурларға қарағанда
шетки нурлар ушын
фокус аралығы (1-сүўрет). Нәтийжеде оптикалық кӛшер алдындағы (әтирапында) фокал
тегисликте нурлар онша үлкен болмаған дӛңгелек формасын пайда етеди. Линзалардың
аберрациялары түрли усыллар менен кемейтиўи мүмкин, мәселен линзаның алдынғы ҳәм арқа
бетлериниң иймеклик радиусларын бирдей таңлап алыў арқалы
Аппаратура
1 Сфералық аберрация ушын бир жуп таяныш............. ….461 61
1 2 диапозитивтен ибарат топлам .......................... …..461 66
1 лампа корпусы ...................................................450 60
1 Лампа 6 В / 30 W ................................................450 51
1 Асфералық конденсатор................................... ……..460 20
1 Трансформатор 6 В / 12 В................................... …521 210
1 Линза f = +150 мм.............................................. 460 08
1 Gulsafsarsimon тәризли диафрагма . .........................460 26
1 Yarim shaffof ekran......................................... ….441 53
1 Киши оптикалық стол .................................... .460 43
1 V-тәризли стенд, 20 см........................... 300 02
4 Мултиқысқыш Лейболд.......................................... ..301 01
Тәжрийбе қурылмасы
-Асфералық конденсатор лампаны оптикалық столда 2-сүўретте сүўретленгениндей сазлаң.
- 6 вольтли лампа жағылғанда, korpusdagi lampa бурағышын сондай етип бурың,
лампа
талшығының жақтысы дийўалдың қарама-қарсы тәрепинде бақлансын( параллел жақтылық нурын
алыў ушын лампа менен дыйўал арасы 3 м тәртипте болыўы керек).
-
Лампа талшығының
сүўретлемеси горизонтал болыўы ушын лампа бурғышын туўырлаң.
Жақтылық нурының параллелиги тексерилиўи мүмкин, мәселен жақтылықты сыртқа апиўайы ғана
тийип турған қағаз арқалы ӛткериў.
- Ярым молдир экранды 3-сүўреттте сүўретленгенинидей сазлаң ҳәм лампа менен yarim shaffof
экран арасына линзаны f = +150 мм лампаға дӛңес тәрепи менен жайластырың. - Торлы (5мм
x5 мм аралықта интервалға ийе) диапозитвти асфералық конденсаторға беккемленген
слайдларды услап турғышқа орнатың.
- Диаметри озгериуши диафрагманы алдыға жайластырың ҳәм оны толық ашың.
Ярым молдир
экранда тордын анық сүўретлениўи пайда болғанша, линзаны (лампа тәрепке) жылжытың.
Тәжрийбени ӛткериў тәртиби
- Шетки нурларын блокировка қылыў ушын орайы туйникли диафрагмманы линзаның тегис
тәрепине қатырың (4-сүўрет)
- Линзаны жылжытыў арқалы тордың дәл сүўретлениўин алың.
- Линза f1 орнын жазып алың.
- Киши туйникли диафрагмманы сақыйна тәризли диафрагмма менен алмастырып орайлық
нурларды кесиң.
- Нурдың дәл сүўретлемесин бақлаў мүмкин болмағанша линзаны жылжытың.
Еслетпе: Шетки нурлар пайда еткен сүўретлер киши дәликке ийе.