ЛЕКЦИЯ – 6 OSI ЭТАЛОН МОДЕЛИ.
РЕЖЕ.
1. OSI модели ҳәм оның улыўмалық классификатциясы.
2.OSI моделиниң дәрежелери ҳәм олардың орынлайтуғын ўазыйпалары.
OSI моделиниң дәрежелери ҳәм олардың орынлайтуғын ўазыйпаларын бирме-бир көрип шығамыз:
Физикалық дәреже (Physical layer) – бул дәрежеде физикалық байланыслар каналлары арқалы битлерди узатыў әмелге асырылады. Физикалық байланыс каналларының бири болып– коаксиал кабель, есилген жуплық, шийша талшықлы кабель ямаса цифрлы территориал канал сыяқлы информация узатыў орталықларынан бирине хызмет көрсетиўи мүмкин. Бул дәрежеде информация узатыў орталығының ҳәм дискрет информация узатыўшы электр сигналларының көрсеткишлери анықлап алынады. Мысалы: информация узатылып атқан сигналлардың күшлениўи ямаса ток күши, импульслардың фронтларының қыялық дәрежелери, узатылып атырған информацияны кодлаў ҳәм сигналларды узатыў тезлиги сыяқлы көрсеткишлер.
Физикалық дәрежениң ўазыйпалары тармаққа байланысқан барлық қурылмаларда - компьютерлерде, концентраторларда, коммутаторларда ҳәм маршрутизаторларда әмелеге асырылады. Компьютерлерде бул дәреже ўазыйпалары – тармақ адаптери ямаса избе-из порт тәрепинен әмелге асырылады. Усы дәреже байланыстырыўшы түрлери ҳәм олардағы байланысыў точкаларының қайсы бири не ушын ислетилиўи келисип алынады.
Мысал ретинде физикалық дәрежеде протокол Ethernet технологиясының 10Base-T стандартын келтиремиз: бул стандартта 100 Ом толқын қарсылығына ийе болған 3 категориялы экранланбаган есилген жуплық кабели ҳәм RG-45 коннектор пайдаланылады, физикалық сегменттиң максимал узынлығы 100 м, кабелде мағлыўматларды көрсетип бериў ушын манчестер пайдалынылған ҳәм электр сигналларының ҳәм орталықлардың базы бир басқа да көрсеткишлери де келтириледи.
Канал дәрежеси (Data Link layer) – бул дәрежеде узатыў орталығына байланысыў мүмкин ямаса мүмкин емеслигин тексериў соның менен бирге узатылып атырған мағлыўматлар қәтеликлерди анықлаў ҳәм оларды туўырлаў механизмин әмелге асырыў сыяқлы ўазыйпаларды орынлайды.
Буның ушын канал дәрежесинде битлер избе-излиги кадрлар (frames) деп аталатуғын топламларда группаланады (1-сүўрет). Канал дәрежеси ҳәр бир кадрды туўры узатылыўын тәмийинлеп береди. Кадрды кадрдан ажратып турыў ушын канал дәрежеси ҳәр бир кадрды басланыўынан алдын ҳәм ең кейнинде айрықша битлер избе излигин жайластырады.
сүўрет. Ethernet технологиясы кадрының дүзилиси.
Усы сүўретте қысқартылған сөзлер төмендегини аңлатады: DA (Destination Address) – мағлыўматлар жиберилген компьютер МАС-адресин көрсетиўши бөлеги (узынлығы 6 байт);
SA (Source Address) – мағлыўматлар жиберген компьютердиң МАС-адресин көрсетиўши бөлеги (уыунлығы 6 байт);
L (Length) – узатылып атқан мағлыўматлар узынлығын көрсетиўши бөлеги (узынлығы 2-байт);
Мағлыўматлар – узатылып атқан мағлыўматларды көрсетиўши бөлеги (узынылғы 1500 байт ямаса 1,5 Кбайт);
FCS (Frame Check Sequence) – қадағалаў суммасын көрсетиўши бөлеги (узынлығы 4 байт).
Ҳәр бир кадрдың байтлары мәлим бир жол менен қайта исленип қадағалаў суммасы есапланады ҳәм бул да кадр қурамына киритилген болады. Кадр тармақ арқалы өз мәнзилине жетип келгенин де оны қабыл етип алған компьютерде қадағалаў суммасын қайта есаплайды ҳәм кадрда бирге жиберилген қадағалаў суммасы менен салыстырады. Егер олар бирдей болса, кадр туўры жетип келген есапланады ҳәм қабыл етип алынады.
Локал компьютер тармақларында канал дәрежеси протоколларынан - компьютерлер, мостлар, коммутаторлар ҳәм маршрутизаторлар пайдаланылады. Канал дәрежеси протоколларына мысал етип– Ethernet (Token Ring, FDDI, l00VG-AnyLAN) протоколларын келтирип өтиўимиз мүмкин. Мағлыўматларды сыпатлы көринисинде узатыўды тәмийинлеў ўазыйпалары канал дәрежеси менен бирге оннан жоқарыда турған тармақ ҳәм транспорт дәрежеси ўазыйпаларыда киреди.
Тармақ дәрежеси (Network layer) – бир неше тармақларды бирлестириўши бирден бир тарнспорт системасын пайда етиў ушын хызмет етеди. Бул тармақлар ҳәр қыйлы көринисдеги топологияларға ийе болыўы ҳәм компьютерлер ортасында хабарлар узатыўдың ҳәр қыйлы принциплеринен пайдаланып ислеўлери мүмкин. Тармақларды өз-ара бирлестириў ушын маршрутизаторлар пайдаланылады (2-сүўрет). Тармақлар ишинде яғный тармақ асты тармақларда мағлыўматларды узатыў тармақтың канал дәрежеси жәрдеминде әмелге асырылады. Тармақлар арасында мағлыўматларды узатыў болса – тармақ дәрежелери тәмийинлейди. Бул мағлыўматлар узатыў маршрутларын туўры таңлаў ўазыйпасын орынлаў менен әмелге асырылады.
Сүўрет-2. Тармақлардан ибарат тармақ.
Тармақ дәрежеси ҳәр қыйлы технологиялы тармақларды бир-бири менен келисип ислеўин тәмийинлейди. Тармақ дәрежелери хабарлары пакетлер деп аталады. Тармақ дәрежелерине тийисли еки түрли протокол бар келишиб ишлашини таъминлайди:
1.Тармақ протоколлары (routed protocols) – пакетлерди тармақ арқалы ҳәрекетлениўин тәмийинлеп беретуғын протоколлар.
2.Маршрутлаў протоколлары (routing protocols) – бул протоколлар жәрдеминде маршрутизаторлар тармақлар арасында байланыслар ҳаққында информация жыйнаўды әмелге асырады.
Тармақ дәрежели протоколларына мысал етип TCP/IP стекиниң IP-тармақлар арасында биргеликте ислеў протоколын ҳәм Novell стекиниң IPX-тармақлар арасындағы пакетлер алмасыў протоколын келтириўимиз мүмкин.