|
|
bet | 2/2 | Sana | 24.02.2022 | Hajmi | 259,5 Kb. | | #250772 | Turi | Лекция |
| Bog'liq лекция -6 030621062818
Транспорт дәрежеси (Transport layer) – бул дәреже қосымшаларға ямаса стекдиң жоқары дәрежелерине мағлыўматларды керекли дәрежеде исенимлилик пенен узатыўды тәмийинлеп береди. Транспорт дәрежеси тәрепинен хызмет көрсетиўдиң бес түрли класы бар:
1.Тезлик.
2.Үзилген байланысты қайта тиклеў.
3.Бир неше ҳәр қыйлы әмелий протоколларды улыўмалық транспорт протоколы арқалы байланыстырып, олардың ислеўин тәмийинлеп бериўши үскенелери. Бул темир жол транспортында ҳәр қыйлы жүклер артылған вагонларды бир поездға бирлестирип мәнзилге жеткерип бериўге уқсайды.
4.Мағлыўматларды узатыўда жүз беретуғын қәтеликлерди дүзетиўди тәмийинлеў.
5.Мағлыўматларды узатыўда жүз беретуғын жағдайлар – мағлыўматлардың жол даўамында өшип кетиўи, жоқ болып кетиўи ҳәм бирдей пакетлерди бир неше мәрте узатылыўы сыяқлы қәтеликлерди дүзетиўди тәмийинлейди.
Транспорт дәрежеси ҳәм оннан жоқарыда жайласқан дәрежелер протоколлары компьютердиң (станциялар, серверлер ҳәм байланыстырыўшылардың) программалық үскенелери яғный тармақ операцион система қурамындағы программалар тәрепинен әмелге асырылады. Траспорт дәрежеси протоколларына мысал етип TCP/IP стекиниң TCP ҳәм UDP соның менен бирге Novell стекиниң SPX протоколын келтириў мүмкин.
Сеанслар дәрежеси (Sesions layer) – бул дәреже диалогты басқарыўды тәмийинлейди тәреплердиң қайсы бир ҳәзирде актив екенлигин анықлап бериў ўазыйпасын орынлайды ҳәм ислеў процессин бир-бири менен сәйкеслендиреди (синхронлаў) үскенелерин усынады.
Призентация дәрежеси (Presentation layer) – тармақ арқалы узатылып атырған информация мазмунын сақлаған ҳалда формасын өpзгертириў ўазыйпасын орынлайды. Бул дәрежеде мағлыўматлар алмасыў даўамында қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде шифрлаў ҳәм дешифрлаў әмелге асырылады. Бундай протоколларға мысал етип әмелий дәреже протоколлары ушын қәўипсизликти тәмийинлеп беретуғын TCP/IP стекининг SSL (Secure Socket Layer) протоколын келтириў мўмкин.
Әмелий дәреже (Application layer) – бул сондай протоколлар топламы олар жәрдеминде тармақ пайдаланыўшыларын тармақ ресурсларына мүрәжет етиў имканиятлары тәмийинленеди, булар – файллер, принтерлер ямаса гипертекстли Web-бетлери, ҳәмде электрон почта хызмети. Бул дәрежеде жүдә көп түрли хызмет көрсетиў түрлери бар. Файл хызметиниң әмелге асырылған кең тарқалған түрлери төмендегилер: Novell NetWare операцион системасының NCP хызмети, Microsoft Windows NTдағы SMB хызмети ҳәм TCP/IP стекине кириўши NFS, FTP ҳәм TFTP хызметлери.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|