Ериўшеңлик көбеймесине тән тәжирийбелер
1-тәжирийбе. Гүмис дузларының ериўшеңлик көбейтпесин анықлаў.
а) Пробиркаға гүмис нитраты еритпесинен 0.5 мл муғдарында салың ҳәм оның үстине 0,5 мл көлемдеги натрий хлориди еритпесинен қуйың, гүмис хлорид ақ шөкпесиниң пайда болыўын байқаң. Пайда болған ақ шөкпе үстине натрий сульфид еритпесинен тамшылатып қосың. Пробиркадағы ақ шөкпениң қарайыў себебин түсиндириң. Реакция теңлемесин жазың. Гүмис хлориди менен гүмис сульфидиниң ериўшеңлиги ҳаққында жуўмақ шығарың. Буның ушын ериўшеңлик көбейтпеси таблицасынан пайдаланың.
б) Пробиркаға қорғасын ацетат ямаса қорғасын нитраты еритпесинен 1 мл салың ҳәм оның үстине натрий сульфаты еритпесинен тамшылатып қуйып, қорғасын сульфаттың ақ шөкпесин пайда етиң. Соңынан пайда болған қорғасын сульфаты шөкпесине натрий сульфид еритпесинен тамшылатып қуйың ҳәм шайқаң. Шөкпе не ушын қараяды? Реакция теңлемесин жазың. Қорғасын сульфат пенен корғасын сульфидтиң ериўшеңлигин салыстырың.
в) Үш пробирка алып, олардың биреўине 1 мл натрий сульфат, екиншисине 1 мл натрий карбонат, үшиншисине калий хромат еритпесинен қуйың. Пробиркалардағы еритпелер үстине 1 мл ден барий хлорид еритпесинен қосың. Реакция теңлемелерин жазың ҳәм қандай жағдайда шөкпе пайда болыяын түсиндирип бериң. Барийдың қайсы зат пенен пайда еткен шөкпеси төмен ериўшеңликти көрсетеди?
г) Еки пробирка алып, олардың ҳәр бирине 1 мл ден 0,001 н қорғасын нитрат еритпесинен қуйың. Биринши пробиркадағы еритпе үстине калий хлорид, екинши пробиркаға болса калий иодид еритпелеринен тамшылатып қосың. Не пайда болады? Алынған нәтийжелерди дузлардың ериўшеңлик көбейтпеси тийкарында түсиндирип бериң. Реакция теңлемелерин молекуляр ҳәм ионлы теңлеме түринде жазың.
2-тәжирийбе. Шөкпелердиң ериў шәртлери.
Еки пробирка алып. олардың ҳәр бирине 1 мл ден калий хромат еритпесинен қуйың, соң 1 мл ден барий хлорид еритпесинен қосың. Не байкалады? Пайда болған шөкпени шаршарға фильтр қағазын жайластырып, фильтрлең. Пробиркадағы шөкпелер-диң биреўиниң үстине 2 н дуз кислотасы, екиншисине 2 н сирке кислотасы еритпесинен 1 мл ден қуйып шайқаң ҳәм қайсы пробиркада шөкпениң көбирек ериўин байқаң. Реакция теңлемелерин жазың. Барий хроматтың ериўшеңлигин оның ериўшеңлик көбейтпеси арқалы түсиндириң.
3-тәжирийбе. Металлардың сульфидлерин пайда етиў ҳәм олардың ериўшеңлиги.
Жети пробирка алып, оларға 1 мл ден калий хлорид, марганец сульфаты, темир сульфаты, цинк сульфаты, мыс сульфаты, қорғасын нитраты ҳәм кальций хлориди еритпелеринен қуйың. Олардың ҳәр қайсысына 1 мл әтирапында аммоний ямаса натрий сульфид еритпесинен тамшылатып қосың. Қайсы биринде шөкпе пайда болады ? Реакция теңлемелерин молекуляр ҳәм ионлы түринде жазың. Пайда болған шөкпелердиң реңи қандай ? Шөкпелерди фильтр қағазы жәрдеминде фильтрлеп алың. Шөкпелердиң үстине 2 н дуз кислота қосып еритиң. Исленген тәжирийбелер нәтийжесинде металл сульфидлерин суўда жақсы ерийтуғын, суўда улыўма еримейтуғын, бирақ кислотада ерийтуғын, суў ҳәм дуз кислотасында да еримейтуғын сульфидлер деп үш группаға бөлип жазың. Ериўшеңлик көбейтпеси жәрдеминде шөкпелердиң дуз кислотасында ериў ямаса еримеслигин түсиндирип бериң.
Do'stlaringiz bilan baham: |