1. Базар экономикасының кемшиликлери. 2. Базар тең салмақлылығының бузылыў ақыбетлери.
3. Сыртқы нәтийже ҳәм қәрежетлер.
4. Мәмлекеттиң әтирап орталықты қорғаў сиясаты.
5. Экономиканы мәмлекет тәрепинен басқарылыўы ҳәм оның зәрүрияты.
6. Мәмлекеттиң экономиканы тәртипке салыў механизмлери.
7. Халық дәраматы дифференциациясы.
Сап социаллық зат - бул барлық пуқаралар тәрепинен, жәмәәт тәрепинен тутыныў етилетуғын зат болып, усы тутыныў айрықша инсанның усы зат ушын пул төлениўи яки төлемеўине байланыслы емес.
Сап жеке зат - бул сондай зат, оның ҳәр бирлиги белгили төлемге сатылады. Сап социаллық заттың сап жеке заттан тийкарғы парқы - ол бөлеклерге бөлинбейди ҳәм бөлеклерге бөлинип те сатылмайды.
Базар ҳәлсизлиги - бул сондай ўақыя, бунда базар ресурслардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлей алмайды.
Базар ҳәлсизлигин көрсетиў төрт түрдеги жағдай бар ҳәм бул жағдайлар нәтийжесиз жағдай есапланады:
Монополия.
Асимметрик мағлыўмат.
Сыртқы нәтийже.
Социаллық зат.
Усы жағдайларға базарға мәмлекеттиң араласыўы мақсетке муўапық деп есапланады. Бул машқалаларды мәмлекет монополияга қарсы сиясат жүритиў, социаллық қамсызландырыў, унамсыз сыртқы нәтийжеге ийе болған товарлар ҳәм хызметлерди ислеп шығарыўды шеклеў ҳәм унамлы сыртқы нәтийжеге ийе болған ислеп шығарыў ҳәм тутыныўжы хошаметлендириў арқалы шешиўге ҳәрекет етип келмекте.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекеттиң экономикалық функциялары кеңейип бармақта. Буларға төмендегилер киреди: инфраструктураны раўажландырыў; билимлендириўди раўажландырыў; жумыссызлыққа напақа ажыратыў. ҳәр түрли напақалар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем бериў ҳәм басқалар. Булардан бир бөлими ғана сап социаллық затка киритиў мүмкин. Олардың көпшилиг жәмәәт ҳәм шахслар тәрепинен тутынылады.
Ҳәзирги ўақытта жами жалпы өним қурамында мәмлекеттиң қәрежетлери үлеси барлық раўажланған мәмлекетлерде асып барыў тенденциясына ийе. Жоқарыларыдан тысқары мәмлекет монополизмга, инфляцияға, жумыссызлыққа қарсы сиясат алып бармақта, турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеўге итибар бермекте, экономикадағы қурамлық өзгерислерди муўапықластырыў, илимий-техникалық изертлеўлерди қоллап-қуўатламакта.
Мәмлекет экономикада тийкарынан еки мәселени шешиўге ҳәрекет етип келмекте: базарды нормал ислеўин тәмийнлеў ҳәм актуал болған социаллық-экономикалық машқалаларды шешиў.
Соны ҳам айтыў керек, мәмлекеттиң базар механизмне тийкарланған экономикаға араласыў өзиниң шегарасына ийе болыўы керек. Биринши нәўбетте, мәмлекеттиң базар механизмига аралашуви базар механизмин бузылыўына алып келмаслиги керек. Мәмлекеттиң экономикаға араласыўы базар механизмлерин административ басқарыў менен алмастырмаўы лазым. Мәмлекеттиң экономикаға араласыўы көбирек базар механизмин күшейтириўге яки кемейтириўге алып келиўи мақсетке муўапық.
Қайталаў ушын сораўлар Сап социаллық зат ҳәм оның қәсийетлери нелерден ибарат?
Сап жеке заттың сап социалық заттан парқы нелерден ибарат?
Мәмлекет базарды тартипке салыў ушын қандай жағдайларда ол базар хызметине араласады?
Өзбекстанда экономиканы раўажландырыўда мәмлекеттиң роли нелерден ибарат?