ЖАҢА ӨЗБЕКСТАНДЫ ӘЛБЕТТЕ ЖАСЛАР МЕНЕН
БИРГЕ ҚУРАМЫЗ
Өзбекстан өз ғәрезсизлигине ерискеннен кейин мәмлекетлик маштабта жаслар мәселесин биринши гезекте итибар қаратылыўы тийис актулаь мәселе сыпатында ортаға қойыды. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев өз искерлигиниң дәслепки күнлеринен ақ елимизде кадрлар таярлаў ҳәм жаслар мәселесине дыққат қаратты. Бул мәселелерди терең үйрениў ҳәм шешиў, жоқары маман қәнигелер таярлаў мақсетинде кутә түпкиликли өзгерислер басланды. Себеби мәмлекеттиң раўажланыўы тиккелей жас әўлад тәрбиясы менен байланыслы есапланады.
Жаслық инсан омириниң қаншелли гөззал ҳәм пәк маўсими, үлкен арзыў-үмитлер, күтә үлкен имканияткар дәўири есапланады. Өткен қысқа дәўирде жәмийетимиз турмысында қүтә үлкен бурылыслар жүз берди. Жасларға болған итибар, жаслардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў елимизде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, мудамы итибарымыз орайында болып келмекте. Жаслар сиясатына байланыслы Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметиниң нызам ҳәм пәрманлар, қарар ҳәм бийликлер қабыл етилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Бас министри, аймақларда болса ҳәкимлер басшылығында Жаслар мәселелери бойынша мәкемелер аралық кеңеслер, Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Жаслар мәселелери бойынша комиссия ҳәм Жаслар парламенти, “Жаслар клубы” жумыс баслады.
Жаслардың келешегин айдын келешек қылыў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен бир қанша искерликлер алып барылмақта. Атап айтқанда билимлендириў тараўындағы өзгерислер. Мектепке шекем тәлим системасы, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў тараўында үлкен өзгерислер жүз берди. Жоқары билимлендириў системасын 2030 жылға шекем раўажландырыў бойынша концепциялар ислеп шығылды.
Билимли балаларды анықлап, тереңлестирилген тәрзде оқытыў, талап жоқары болған тараўларға бағдарлаў мақсетинде қәнигелестирилген мектеплер шөлкемлестирилмекте. Мысал сыпатында елимизде шөлкемлестирилип атырған жаңадан жаңа балалар бақшалары, мектеплер, жоқары оқыў орынлары, абырайлы шет ел университетлериниң филиаллары, мәденият ҳәм спорт имаратлары, “Темурбеклер мектеби”, “Президент мектеплери”, жас алымлар ушын илимий изертлеў шәраятларының жаратылғанлығы, “Дөретиўшилик мектеплери” деп аталған жаңа үлгидеги тәлим мәканлары бүгинги глобалласыў шараятында бәсекилесиўге ылайық болған жетик кадрлардың жаңа әўладин тәрбиялаўға хизмет етип атыр деп келтирип өтсек болады. Усындай тәлим мәкәнларынан және бири бул Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мектеби есапланады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-сентябрдеги қарарына муўапық шөлкемлестирилген Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мектеп усындай тәлим мәканларынан тағы бири болып табылады.
Мектепте кең шәраятлар, пән кабинетлеринен тысқары сабақлар ҳәм де факултатив шынығыўларды инновциялық усылларда өтиў ушын қосымша мүмкиншиликлер жаратылған. Artel, UCell, ZTE ҳәм Huawei компанияларының арнаўлы класслары ашылған.
Мектепте оқыўшылар заманагөй мобил ҳәм компютер программаларын үйрениўи, өз үстинде ислеп, тәжирийбе арттырыўы ушын робототехника ҳәм санотехника бөлмелери, инновциялық ҳәм виртуал лабораториялар исленген.
Президент Шавкат Мирзиёйев усы билим дәргәйын Мирза Улығбек раёнындағы IТ-парк бөлимин шөлкемлестириў, мәмлекетимиздиң басқа аймақларында да сондай орайлар ашып, бул тараўға қызыққан жасларға кең шараятлар жаратыў зәрүр екенлигин айтып өтди.
Быйылғы жылда мектептиң 5-11-классларына 680 дана оқыўшы математика ҳәм шет тили сынақлары тийкарында қабылланды. Педагогикалық жәмәәтке Уллы Британия, Қубла Корея ҳәм Ҳиндистаннан оқытыўшылар шақырылған.
Талантлы шайыр ҳәм жазыўшыларды қоллап қуўатлаў мақсетинде Алишер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағында Шайырлар мәкәны жаратылды. Бул бағда шайырлар ҳәйкеллер орнатылды.
Идеялық-көркем тәрептен және де байытыў мақсетинде Бабур, Агаҳий, Бердақ, Муқимий, Фурқат, Беҳбудий, Авлоний, Чолпан, Қадирий, Төлепберген Қайыпбергенов, Ибрайым Юсупов, Александр Файнберг сыяқлы атақлы ойшыллар естелигине бағышланған жаңа естелик комплекслери жаратылды.
Ҳәзирет Наўайы бабамыздың көркем ҳәйкели әтирапында 20 ден зыят атақлы шайыр ҳәм жазыўшылардың ҳәйкеллери пүтин архитектуралық ҳәм көркем композицияда жайластырылды. Бул жерде Жазыўшылар аўқамы ушын имарат бой тиклегени нүр үстине және нүр болды.
Шайырлар бағында болып өткен ушырасыўында Президентимиз төмендеги пикирлерди билдирди. Бабаларымыз Алишер Наўайы, Мирза Бабур, Абдулла Қадирий, Чолпан сыяқлы дөретиўши инсанлардың шығармалары шет ел тиллериндк баспадан шығарылмақта. Бирақ бул ислер аўдармашылардың өз басламасы ҳәм қызығыўы менен болмақта. Бул бойынша жазыўшылар аўқамы басламашы болыўы керек деди Президентимиз. Президентимиз “Шайырлар бағы” деп аталған интернет порталын шөлкемлестириў керек екенлигин усынысын етти.
Кейинги ўақытта улыўмахалықлық ҳәрекетине айланып баратырған бес жаратыўшы басламаның мазмуны ҳәм әҳмийетин жасларымыз терең түсинип, оны әмелге асырыўда белсене қатнасып атырғанын көрип турмыз.
Бул бағдарда әмелге асырылып атырған үлкен жаратыўшы жумыслары менен бирге, “Жаслар китапханасы” бағдарындағы 470 мың дана көркем әдебиятлар республикамиздағы барлық мектеплер ҳәм де Жаслар аўқамының жергиликли кеңеслерине бийпул тарқатылғаны күта үлкен әҳмийетке ийе.
Жас әўладтың спорт менен турақлы шуғылланыўы ушын жаратылған шараятлар да бүгин өзиниң әмелий нәтийжесин бермекте. Буның тастыйығын жас спортшыларымыз халық аралық жарысларда табыслы қатнасып, 520 дана алтын, 544 дана гүмис, 588 дана бронза медалына ийе болғанында да көриў мүмкин.
Усы бес баслама тийкарында жаслардың бизнес проектлери ушын “Жаслар - келешегимиз” фонды тәрепинен бүгинги күнге шекем 692 миллиард 400 миллион сўмлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, 25 мыңға жақын жаңа жумыс орны жаратылғаны, Республикамыз бойынша 125 дана “Жаслар мийнет гүзары”, 19 дана “Жас исбилерменлер” коворкинг орайы пайдаланыўға тапсырилгани әсиресе итибарлы болып табылады.
Ерк-ықрары беккем, наўқыран жигит-қызларымыздың өз тараўында, жәмийетлик жумысларда ерисип атырған жетискенликлерин мүнәсип хошаметлеўге мәмлекетимиз тәрепинен үлкен әҳмийет берилмекте. Мысалы, өткен жылы әне сондай ўатанпарўар, пидайы жүзлеген жасларымыз “Дослық” ордени ҳәм “Шухрат” медалы, Зулфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы, “Келажак бунёдкори” медалы, “Өзбекстан белгиси” көкрек нышаны, Өзбекстан жаслар аўқамы сыйлығы менен сыйлықланды. Және 28 дана азамат жигитлеримиз жаңадан тастыйықланған «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығына ийе болды. Бүгин олардың қатарына және бир топар белсене жасларымыз қосылып атырғаны бәршемизди қуўанышқа бөлейди.
Жасларымыз ортасында саламат турмыс тәризин беккемлеў, әсиресе, олардың дерлик 50 пайызын қурайтуғын қыз балаларды турмысқа таярлаў, жәмлеспеген жаслар менен ислеў, шаңарақлардың ажырасыўлар, өспиримлер арасында жынаятшылық жағдайларының алдын алыў актуал ўазыйпа болып қалмақта.
Усы жылдың өткен дәўиринде жаслар жынаятшылығы 2018 жылға салыстырғанда 37 процентке азайғаны, адасып қәте жолға кирген, өз қылмысынан шын кеўилден пушайман болған 599 дана шахс Жаслар аўқамы кепиллиги тийкарында суд залидан азат етилип, оларға жеңил жаза түрлери тайынланғаны жәмийетимизде кеширимлилик, мийрим шәпәәт ҳәм өз-ара исеним орталығын күшейтиў жолындағы жаңа қәдем болып табылады.
Биз жаслардың мәмлекетимиз турмысындағы демократиялық процесслерде белсене қатнасыўына, олардың сиясий ҳәм социал потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратыўымыз керек.
Бул бағдарда өз қурамында 7 миллион 680 мың әғзаны бирлестирген Жаслар аўқамы тәрепинен орынларда алып барылып атырған жумысларды атап өткен ҳалда, оларды және де күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтиў керек. Әсиресе, бул жыл мәмлекетимиз парламенти ҳәм жергиликли кеңеслерге болатуғын сайлаўларда терең билим, қатаң пуқаралық позициясына ийе болған жасларымыз белсене қатнасып, ўәкиллик органларында мүнәсип орын ийелесе, бул текғана жас әўладттың емес, бәлки пүткил халқымыз мәплерин тәмийинлеўге үлкен үлес болып қосылады.
Бүгинги алағада ҳәм қәўипли дәўирде жаслардың санасы ҳәм қәлбин ийелеўге қаратылған ҳәр қыйлы қаўип-қәтерлер кем-кемнен күшейип баратырғанын бәршеңиз жақсы билесиз. Оларға қарсы гүресиўде халқымыздың бай тарийхы ҳәм мәденияты, уллы бабаларымыз қаҳарманлықлары, жанажан Өзбекстанымыздың миллий мәплери биз ушын күш-қүдирет дереги болып хызмет етеди.
БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Өзбекстан тәрепинен “Жаслар ҳуқықлары ҳаққында”ғы конвенцияны ислеп шығыў басламасы илгери сүрилгени жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық принципи тийкарында алып барылып атырған кең көлемли жумысларымыздың ажыралмас бир бөлеги болып, ол жер жүзиндеги еки миллиардтан зыят жаслардың ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаўда зәрүрли әҳмийетке ийе есапланады.
Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен ҳәр бир салтанатлы мәжилислерде «Биз Өзбекстанның уллы келешегин қурыўға беккем бел байлаған екенбиз, бул уллы исти ертең емес, бүгин баслаўымыз, оның ушын алды менен наўқыран жасларымызға зәрүр шәраятларды әйне бүгин жаратып бериўимиз керек» сондай-ақ, «Сизлерди исентирип айтаман: биз жаслардың арзыў-умтылыўлары, жаратыўшы идея ҳәм басламаларын әмелге асыриў мақсетинде баслаған ислеримизди тек ғана даўам еттирип қоймаймыз, бәлки оларды жаңа, және де жоқары басқышқа көтеремиз»деген пикирлерин тәкирар ҳәм тәкирар айтып келеди.
Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев Сиз жасларға қарата «Мен Сизиң жаныңызда турып, қол-қанат боламан! көзи жанып турған, билимли, мәрт жигит-қызлардың бар екенлигине исенемен » деп исеним билдирген еди.
Биз исеним менен айта аламыз Сиз жаслар! Ҳүрметли Президентимиз, ата-аналарыңыз, устазларыңыз, халқымыздың сизлерден күтип атырған арзыў-үмитлерин әмелий ислер менен жүзеге шығарасыз, ҳәр бириңизден халқымыз мақтаныш ететуғын жанажан Өзбекстанымыздың мүнәсип перзенти болыўға ерисесиз.
Сизлердиң оқыўға, излениўге, илим-пәнди ийелеўге болған қызығыўшылығыңыз ҳамийше жолдасыңыз болсын!
Сизлерди жәни бир мәрте әзиз ҳәм уллы байрам Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлигине 29 жыл толыўы менен кутлықлап, бәршеңизге жаңа жеңислер, бахыт ҳам аўмет тилеймен.
Do'stlaringiz bilan baham: |