Исбилерменликти раўажландириўда мағЛИЎматлар



Download 27,77 Kb.
bet1/2
Sana23.02.2022
Hajmi27,77 Kb.
#182972
  1   2
Bog'liq
referat01


Тема: ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДИРИЎДА МАҒЛИЎМАТЛАР
СИСТЕМАСИНАН ПАЙДАЛАНИЎ


1. Исбилерменликте мағлыўматлардың əҳмиети ҳəм түрлери
2. Мағлыўматлар системасы
3. Бизнести иззертлеўлер системасының қурамы


1.Исбилерменликте мағлыўматлардың əҳмиети ҳəм түрлери
Киши бизнес ҳəм исбилерменлик шегарасында орынланатуғын ҳəр қыйлы ислерге мағлыўматлардың жетерли дəрежеде қəлиплескен ҳалда жуўап бериў мүмкин.Киши бизенс ҳəм исбилерменликти анық мағлыўматларсыз əмелге асырылыўы мүмкин емес,бул мағлыўматларға исбилерменлик ҳəрекети ушын зəрүр болған хабарлар киреди. ан мəлумотлар, ҳабарлар киради. Мағлыўмат бул – ислеп шығарыўшылар, товарларды сатыўшылар ҳəм қарыйдарлар арасындағы байланыс. Бундай мағлыўматларға : статистик,оператив, шоълкемлестириўшилик, ҳəкимшилик, бухгалтериялық, ўаинанслық, маркетинг, исшилер мағлыўматы киреди. Мағлыўматлар ишки, сыртқы, дəстүрий ҳəм норматив мағлыўматларға болинеди. Ишки мағлыўматлар кəрхананың ишки искерлигин жарытып берсе, сыртқы мағлыўматлар кəрханалардың сыртқы економикалық байланысларын сəwлелендиреди. Дəстүрий мағлыўматлар мəлим бағдар бойынша белгиленген ислеп шығарыў жағдайын, коълемин коърсетсе, норматив мағлыўмат ҳəр бир исти орынлаў ушын белгиленген норматив қəрежетлерди сəwлелендиреди. Ишки мағлыўматлар киши кəрхана яки саўда шоълкеми ишинде болып, онда кəрхана искерлигин,оның техникалық економикалық коърсеткишлерин, материаллық ҳəм мийнет қарежетлери коълемин, нақ пул ҳəрекетин, дебиторлық ҳəм кредиторлық қарызларын сəwлелендиреди. Сыртқы мағлыўматлар өним ислеп шығарыўшылар ҳəм тутыныўшылар менен, ҳəкимият шоълкемлери, банклер, қарсыласлары менен байланысларын сəwлелендиреди. Пайдаланыў ўақты бойынша мағлыўматлар: оператив, тсиклы ҳəм узақ мүддетли, өзгериў дəрежеси бойынша бирлемши ҳəм екилемши болады. Товар ислеп шығарыў, материаллық байлықларды болистириў, алмастырыў ҳəм тутыныў процессинде жүзеге келетуғын қатнасықларды економикалық мағлыўматлар сəwлелендиреди.
Ислеп шығарыўдың илимий техникалық жетискенликлер тийкарында раўажланыўы илимий техника мағлыўматларында сəwлелендириледи. Турақлылық дəрежесинде мағлыўматлар турақлы, шəртли турақлы, өзгериўшең болады. Турақлы мағлыўматлар узақ ўақыт даўамында өзгермейди. Шəртли турақлы мағлыўматлар мəлим ўақыт даўамында өз мəнисин сақлап қалады. Буларға оъним таярлаў ушын техникалық шəртлер, нормалар ҳəм нормативлер, тариф муғдарлары, лаўазым ис ҳақылары киреди. Озгериўшең мағлыўматлар сатып алыў, сатыў коълеминиң өсиўин сəwлелендирип, қарар қабыл етиў ушын ҳəр дайым тез қайта ислеўди талап етеди. Мағлыўматлар ҳүжжетлерде сəwлелендириледи. Ҳүжжет бул мағлыўмат тарқатыўшы. Мағлыўмат ағымлары бизнести нəтийжели жүргизиў ушын керекли байланысларды тəмийнлейди. Бул байланыслар товар ислеп шығарыўшылар ҳəм олардың тутыныўшылары, өнимлерди сатыўшылар ҳəм қарыйдарлар, түрли мекемелер ортасында болады. Байланыс қылыў протсесси – бул еки яки оннан артық адамлар ортасындағы мағлыўмат алмасыў протсесси. Мағлыўмат алмасыў протсессинде 4 базалық елемент қатнасады. Жибериўши, хабар, канал-мағлыўматты узатыўшы қрул ҳəм алыўшы. Мағлыямат алмасыў ўақтанда 2 тəреп əҳмиетли ролъ ойнайды. Егер сатыўшы товар баҳасын айтса, бул мағлыўмат алмасыўының басланыўы есапланады.Мағлыўмат алмасыўы нəтийжели болыўы ушын, қарыйдар товарды усы баҳада сатып алыўға разы екенлигин сатыўшыға хабар қылыўы керек. Егер бир тəреп мағлыямат усыныс етсе, екинши тəреп оны бузбастан қабыл етсе мағлыўмат алмасыўы жүз береди.Бизнестиң байланыс етиў техникаларынан бири компютерлестириў есапланады. Компютерлестириўдиң əҳмиети базар економикасына өтиў, исбилерменлердиң жəҳəн базарына шығыў мүнəсибети менен барған сайын осип бармақта. Бизнестиң жəҳəн əмелиятында компъютерлестириў күнделик ҳəм əҳмиетли техника болып есапланады. Компютер жəрдеминде бизнес реже дүзиледи, мийнетке ҳақы толеў əмелге асырылады, базар изертленеди, коътере ҳəм усақлап сатыў саўдасы үйрениледи.
Демек, мағлыўматларсыз хеш ким ислемейди, қабыл етилип атырған қарарлардың əмелийлиги, киши ҳəм жеке исбилерменликтиң нəтийжелилиги мағлыўматлар сыпаты, оны жыйнаў узатыў ҳəм қайта ислеўге байланыслы.
2.Мағлыўматлар системасы . Мағлыўматлар жыйындысы бизнесте мағлыўматлар системасын қəлиплестиреди. Мағлыўматлар системасы өз ишине мағлыяматлар, ҳүжжетлер, бизнес изертлеўлер системасы, байланыс каналлары ҳəм техникалық қуралларды алыўшы, қурамалы мағлыўмат структурасы есапланады. Исбилерменлер жумыс күнлерин киши кəрханалар, саўда кəрханалары ис ҳаққындағы мағлыўматлар, өнимлерге буйыртпалар ҳəм оны жүклеп жибериў ҳаққындағы есабатлар менен танысыў, хақықый ҳəм реже корсеткишлериниң өз-ара байланысын протсентлерде, ислеп шығарыў қарежетлеринде үйрениўден баслайды. Өнимлерди ағымдағы ҳəм өткен ўақытта сатыў, товар, материаллық запаслар, мийнетти шоълкемлестириў, ҳақы толеў, транспортта тасыў, ҳалыққа басқа хызметлер коърсетиў усаған мағлыўматларды тез алады.Бунда оларға есаплаў техникасы, мағлыўматларды қайта ислеў протсесслерин компютерлестириў жəрдем береди. Бул мағлыўмат исбилерменге қарарларды қабыл етиў имканын береди. Нəтийжели ислеп атырған кəрханада топланған мағлыўматлар сыпатын асырыў ҳəм муғдарын кобейтиўге жетерли дəрежеде күш сарыплайдылар. Фирма котере ҳəм усақлап сатыўшылар ҳəм басқа аўқамласларды оған əҳмиетли хабарларды узатыўға хошаметлейди. Исбилерменлерге қарсыласлар ҳаққында мағлыўматларды таңлап алыў имканы да жүзеге келеди. Қарсыласлар рекламаларды оларға болған реклама қəрежетлерин ҳəм олар пайдаланып атырған реклама қураллары топламын алыў ушын газетадан кесип алынған үзиндилер бюросының пуллық хызметлеринен хабарласады. Киши ҳəм жеке кəрханалар өз базарлары территориясын кеңейтирип барыўы ушын мағлыўматлар излеп табыўдың жаңа жолларын излеп табыўға мəжбүр болады. Базы бир кəрханаларда ағымдағы мағлыўматларды жыйнаў ҳəм тарқатыя бойынша арнаўлы боълимлер ҳəм лабораториялар бар. Боълим хызметкерлери керекли мағлыўматларды излеп табыў бойынша керекли баспаларды коъзден кеширип исбилерменлерге арнаўлы таярланған мағлыўматларды жибереди. Бул болса исбилерменге келип атырған мағлыўматлар сыпатын асырады. Исбилерменлерде өз күшлери менен бизнес изетрлеўлер өткизиўге ўақыт ҳəм конликпе жетерли емес, сонын ушын олар бундай изертлеўлерди буйырыўға мəжбүр.
3.Бизнести иззертлеўлер системасының қурамы
Бизнес изертлеўлер систесы өз ишине томендегилерди алады:
-базарды изертлеў;
-реклама қураллары, реклама дағазалары
нəтийжелилигин;
-исшилердиң жумысқа болған қатнасықларын;
-конкурентлердиң товарларын;
-баҳа сиясатын;
-товар ассортиментлерин;
-ҳалық – аралық базарларды үйрениў;
-басшыны мағлыўматлар менен тəмийнлеўди
изертлеў;
-исшилер менен ислесиў сиясатын ҳəм олардың
искерлигин баҳалаўды;
-сотсиологиялық изертлеўлер өткизиўди алады.
Бизнес изертлеўлер томендегише өткизтледи: Изертлеўшилер биринши басқышта машқаланы анық белгилеўи керек. Мағлыўмат топлаў жүда қымбатқа түседи ҳəм ислеп шығарыў менен байланыслы болмаған қəрежетлердиң өсиўине алып келеди. Анық қойылған мақсет машқала шешиминиң ярымы есапланады. Екинши басқышта буйыртпашыны қызықтырып атырған мағлыўмат түри ҳəм оны нəтийжели топлаў жоллары анықланады.
Екилемши мағлыўмат алдыннан басқа мақсетлер ушын жыйналған мағлыўмат болып, оның дереклери тоъмендегилер:
-кəрханалар есабатлары;
-изертлеўлер ҳаққындағы есабатлар;
-мəмлекетлик мекемелердиң баспалары;
-баланс есабатлар;
-статистикалық мағлыўматлар;
-биржалар мағлыўматлары;
-баспалар, журналлар, радио, телевидение ҳəм т.б.
Екилемши мағлыўмат арзан болыўы ҳəм алыў аңсатлығы менен парықланады. Бирақ мағлыўматлар ескирген ҳəм анық емес болыўы мүмкин. Бул жағдайда изертлеўшилер коъбирек қаржы ҳəм ўақыт сарыплап бирлемши мағлыўмат жыйнаўға кириседилер. Бирлемши мағлыўмат – бул анық мағлыўмат болып, оны топлаўдың 3 усылы бар:
1) бақлаў; 2) тəжрийбе;
3) анкета.
Бақлаў – адамлар ҳəм жағдай үстинен туўрыдан-туўры бақлаў жүргизип, ол арқалы пайдалы идеялар, қарсыласлары тəжрийбесин үйрениўге алып келеди. Тəжрийбе изертлеўлери салыстырылып атырған субъектлер топарын таңлаў, түрли жағдайларды жаратыў, салыстырылып атырған субъектлер үстинен қадағалаўды ҳəм парықлары дəрежесин анықлаўды талап етеди.
4. Исбилерменликте мағлыўмат пенен тəмийнлеўдиң компъютер системасы
Мағлыўматлар менен тəмийнлеўдиң ўазыйпасы бəрше мəртебедеги исбилерменлерди сыпатлы мағлыўматлар системасы менен өз ўақтында тəмийлеў есапланады. Исбилерменлер нəтийжели ислеўи ушын жетерли муғдардағ бəрше керекли мағлыўматлар менен тəмийнлениўи керек.Ҳəр бир киши кəрханада хүжжетлерди үйрениў протсессинде үзиликсиз, өзгериўшең ҳəм доъренди мағлыўматларды, олардың тсикллығы, қарар қабыл етиў ушын ислетилиўин анықлаў керек. Хүжжетлерди техникалық, режели, ўаинанслық, норматив, дəстүрий топарларға ажыратыў мүмкин. Мағлыўмат ағымларын шоълкемлестириў томендегилерди өз ишине алады:
-мағлыўматлар қаржалары ҳəм тутыныўшыларды
анықлаў;
-хүжжетлер айланысын ислеп шығыў;
-мағлыўматларды топлаў, узатыў, қайта ислеў
ҳəм сақлаў ушын техникалық қурылмаларды анықлаў;
-рəсмийлестириўди дизимнен өткизиў,
муўапықластырыў ҳəм тастыйықлаў тəртиплерин
белгилеўди алады.
Киши ҳəм жеке бизнести мағлыўмат пенен тəмийнлеўди шоълкемлестириўде бар болған есаплаў техникасындағы мағлыўматларды топлаў, қайта ислеўдиң автоматластырылыў ҳəм механизатсияластырыў дəрежесинен келип шығыўы керек. Техникалық қураллар қаншелли қурамалы болса, бизнес, исбилермен мийнетин шоълкемлестириў соншелли нəтийжели болады. Шолкемлестириў техникалық қуралға мағлыўматларды алыў ҳəм қайта ислеў, нуша кошириў ҳəм оларды коъбейтиў ушын үскенелер, машиналар, байланыс кураллары киреди. Исбилерменлер оЗиислеринде əпиўайы қурал-жарақлары: қəлемлер, ручкалар, счетлар, таблитсалар, графиклер уқсағанлардан пайдаланады. Киши ҳəм жеке бизнести информатсия менен тəмийинлеўди шоълкемлестириў ҳүжжетлериин сақлаў қураллары тартпалары, картотекалар, магнитли кассеталар, магнит ҳəм лазер дисклериниң болыўын нəзерде тутады. Байланыс қураллары: телефон, АТС, директорлық ҳəм диспечерлик камутаторлары, радиобайланыс, шақырыў ҳəм авария сигнал бериў қурылмалары əхмиетли есапланады. Бизнесте мағлыўматларды қайта ислеў ушын ҳəр қыйлы есаплаў машиналары қолланылады. Оларға:
-есаплаў – клавшлы машиналар;
-есаплаў – перфокарталы машыналар;
-електрон – есаплаў машыналары есаплаў –
клавшлы машыналар ең əпиўайы арифметик əмеллерди механизатсиялаўға имкан береди Електрон – есаплаў машыналары қурамалы логикалық оператсияларды:боълистириў, кейинги əмелди таңлаў, ислеп шығарылған дəстүрлер бойынша қурамалы есапларды өткериўди орынлаў қəбилиетине ие. Өнимли мийнет ушын тоъмендегилер зəрүр:
-жумысшы орынларын ашыў ҳəм оларға хызмет
коърсетиў;
мийнетти анық боълистириў ҳəм бирлестириў;
-мийнет протсесслерин механизатсияластырыў
ҳəм автоматластырыў, қəнийгелер мийнети ҳəм
турмысының қолайлы санитария-гигиена шəрт-
шараятларын жаратыў. Исбилерменди материаллық ҳəм мийнет запаслары,ислеп шығарыў технологиясы, өнимлердиң иоъзине түсер баҳасы, киши кəрхана ишинде жүклерди тасыў, қəнийгелер мийнетине ҳақы тоълеўди шоълкемлестириў,олардың тəжрийбелерин асырыў ҳаққындағы информатсияларға мүтəжлиги болады.
Исбилерменлерге:
- сотсиал– психологик информатсиялар- тəбият
орталығының екологиялық жағдайы;
-оъним тутыныўшыларының жасаўы ҳəм турмыслық
шараятлары ҳаққындағы информатсиялар керек.
Кескин бəсеки шараятында тек ғана илимий техник прогрессиниң алдында барыўшы, тутыныўшылар талабын есапқа алыўшыларутып шығады. Илмий техник прогресс өзегинен барыў ушын исбилерменге илимий информатсиялар, пəн ҳəм техника утыслары ҳаққынлағы билимлери керек.

ИДЕЯЛАР ИНТЕГРАТсИЯСИ ҲӘМ
МАҒЛИЎМАТЛАРДИҢ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ
РАЎАЖЛАНДИРИЎДАҒИ ОРНИ
1. Исбилерменлик идеясы ҳəм оның мазмуны Исбилерменлик ҳəрекети мəлим бир идеяға тийкарланыўы керек. Исбилерменлик идеясы – бул өзинде инноватсион тəреплерин сəwлелендириўши идея. Исбилерменлик идеядан басланады. Бул дегени алдын исбилермен не ислеўи кереклиги, қандай бизнес пенен шуғылланыў зəрүрлигин ойлап мəлим бир идеяны ислеп шығады. Исбилермен идеясы үзиликсиз рəwиште жетилисип барады. Идеяның ҳəр дайым жетилисип барыўы ушын исбилерменде тоъмендеги қəбилетлер болыўы зəрүр:
-исбилерменлик қəбилети;
-мəлим өним түрлерин ислеп шығарыўға яки
хызмет коърсетиўге жетерли дəрежеде зəрүр болған
билимге ие болыўы;
-саўда ҳəм ўаинанс орталығында дəлдалшылықты
шоълкемлестире алыўы;
-инноватсион искерлик ҳаққнда түсиникке ие
болыўы керек.
Исбилерменниң ақыл-ойы оның идеясы тутыныўшылардың талабын билиў ҳəм оны қанаатландыра алыў менен байланыслы болыўы керек.Бизнес пенен шуғылланатуғын исбилерменлик ҳəрекети жаңа идеялар менен ҳəр дайым бəнт болыўы керек. Буған мысал етип, Морган, Форд, Рокфеллер усаған АҚШтың белгили адамларын келтириў мүмкин. Олар өзлериниң қаржылары, уқыбы болғаны, əwмети жүрискени ушын емес, бəлки ҳəр дайым жаңадан – жаңа исбилерменлик идеялары менен бəнт болғаны, пəн-техника жетискенликлеринен пайдаланып барғаны ушын да усы дəрежеге жеткенлер. Исбилерменлик идеясын əбден ойлап, пухта бизнес режени дүзип алмаған исбилермен ҳəрекети дəрамат алыў менен емес бəлки зыян коъриў менен характерленеди. Сонын ушын исбилерменлик идеясы ислеп шығылар екен,«жети өлшеп бир кес» деген мақалға əмел қылыў керек. Đсбилерменлик идеясы исбилерменликтиң қай дəрежеде қабилетке ие екенлигинен дəлалат береди.
2.Исбилерменлик идеясы дереклери, творчестволық, ақылый ҳүжим, оның ҳəм мазмуны Исбилерменликтиң тийкарғы ўазыйпасы өз идеяларын мəлим бир орталыққа енгизиў ушын керекли болған бирлемши капиталды қəлиплестириўден ибарат.Исбилерменлик идеясын əмелге асырыў ислеп шығарыў протсесси менен байланылы. Буның ушын исбилермен өз идеяларын əмелге асырыў ушын ислеп шығарыўды шоълкемлестириў керек.
Исбилерменлик идеяларына ҳəм мақсетлерине туўры келетуғын ҳəм тартылатуғын колеминен келипшыққан ҳалда жаңа ислеп шығарыў қурамын қəлиплестириди. Егер исбилермен өз идеясының инитсиаторы ҳəм инвесторы сыпатында қатнасып атырған болса, искерликтиң шоълкемлестириўши, ҳуқықый формасын, кəрхана ушын қосып атырған өз үлесин алдынна белгилеп алыўы керек. Солай етип исбилермен өз исин шоълкемлестириў принтсипи жамиет ушын жаңа ислеп шығарыў қурамын қəлиплестириў ҳəм онда оъзиниң қай дəрежеде қатнасыўын белгилеп алыўдан ибарат. Оъз исин дурыс шоълкемлестириў исбилерменниң тийкарғы ўаакторларынан есапланады. Соның ушын ҳəм исбилермен өз исиниң қурамлы боълеклерин ҳəр тəреплеме итибарға алыўы керек. Исбилермен ҳəрекетиниң бул тəреплерин үйрениўде оның искерлигиниң избе-излигин бақлаў айрықша əҳмиетке ие. Бунда исбилерменниң тийкарғы ҳəрекетлери избе-излиги тоъмендегише болыўы мүмкин:
-бириншиден, бизнес идеяны ислеп шығыў;
-екиншиден, исбилерменлик орталығын терең
үйренип шығыў;
-үшиншиден, исбилерменниң економикалық
мəпи менен бизнес идеясының өз-ара туўры келиўи,
исбилерменлик идеясы менен исбилерменлик орталығының
оъз-ара сəйкеслиги;
-тоъртиншиден, идеяны əмелге асырыў ушын
керекли болған капитал колемин белгилеп алыў;
-бесиншиден, бизнес идеяны əмелге асырыў
ушын керек болған кəрхана яки шоълкемди
қалиплестириў. Ҳəр бир исбилерменлик ҳəрекетиниң тийкарын мəлим бир идея қурайды. Бул идеялар тоъмендегилер менен ажыралып турады: кимдир товарды жаңадан ораў Идеясын береди; базардағы бар болған товарға жаңалық киргизеди ҳəм соның менен оған болған талапты асырыўға ҳəрекет қылады. Исбилерменлик идеясы коъбинесе өзиниң кəсиплик искерлигинде ғəрезсизликке ерисиў ҳəм қосымша пайда алыў қəлеўинде болған адамларда пайда болады. Буның ушын олар економикалық протсесслерди ҳəр тəреплеме анализ етип, ондағы жетиспеўшиликлерди анықлап, оған өз ҳəрекетин бағдарлаўға умтылады.
3. Исбилерменлик идеясы тəжрийбелери
Егер исбилерменликте өз бизнесин шолкемлестириў жүзесинен бирар бир идея бар болса, ол ҳалда ол исбилерменлик орталығын өз идеясы ҳəм економикалық мəпи менен байланыслы ҳалда анализ қылыўы керек. Исбилермен мəлим бир орталықта анық бир идеяны əмелге асырыў ўаормасын белгилеп алыўы керек. Бундай формалардың түри жүдə коъп. Исбилерменлик ўазыйпаларын жеке ҳалда ҳəм топар болып əмелге асырыў мүмкин. Қандай ўаормаларды таңлаў идеяға ҳəм де исбилерменлик орталығына байланыслы. Мəселен, саўда кəрханасын шоълкемлестириў идеясы жеке ҳалда, гербиш заводын шоълкемлестириў болса мəлим бир топар ўаормасында əмлге асырылыяы мүмкин. Исбилерменлик орталығын ҳəм идеясын ҳəр тəреплеме анализ етиў усы идеяны əмелге асырыў ушын керек болған капитал муғдарын белгилеп алыўға жəрдем береди. Бунда исбилермен банктен яки бизнес ўаондынан кредит алыя ушын бизнес – реже яки техник- економикалық тийкарды (ТЕТ) ислеп шығыўға туўры келеди. Бизнес режеде исбилермен исбилерменлик идеясына таянған ҳалда товарлар ҳəм хызметлер ислеп шығарыў ушын керек болған шəрт – шараятларды əмелге асырыўда бəрше қəрежетлер муғдарын сəwлелендиреди. Бул жағдайда капитал коълемин белгилеў, исбилерменлик идеясын əмелге асырыў ушын тартылыўы лазым болған ўаинанслық ресурсларды анықлаў керек болады. Исбилерменлик идеясын мəлим бир орталықта əмелге асырыў мүмкинлигин анықлап алыўды, исти шоълкемлестириў бойынша зəрүр болған ўаинанслық қаржыларды алыў алыў дереклерин таңлағаннан кейин исбилермен өз искерлигин үш бағдарға қаратыўы керек: Биринши бағдар – ислеп шығарыў протсесслери ҳəм исбилерменлик қурамын басқарыў, бунда менеджмент принтсиплериниң түри, сыпаты еркин раўажланады.Исбилермен заманагоъй менеджер болып, ислеп шығарыўды базар талапларына масластыры алыяы керек. Екинши бағдар – базарды ҳəр тəреплеме үйрениў Базарда болып атырған протсесслерди анализ қылмастан исбилерменлик ҳəрекетин нəтийжели алып барыў ҳəм мəлим дəрежеде пайда алыў мүмкин емес. Үшинши бағдар – шериклер менен болатуғын байланысларды жақсы жолға қойыў есапланады. Бунда исбилерменликти жəнеде раўажландырыў жолында шериклик ортасындағы тек ғана ислеп шығарыў емес, бəлки економикалық қатнасықларды да жаңа баскышқа коътериўде белгиленген мақсетке ерисиўдиң гиреўи болыў мүмкин. 4. Мағлыўматлардың исбилерменликти раўажландырыўдағы орны Исбилерменлик ҳəм киши бизнесшеңберинде орынланып атырған ислердиң ҳəр қыйлы түрлерине жуўап бериўши мағлыўматларды базар шараятында қалиплесиў үлкен сотсиал – економикалық əҳмиетке ие. Мағлыўмат бул – ислеп шығарыўшылар, товарды сатыўшылар ҳəм қарыйдарлар ортасындағы байланыс формасы. Мағлыўматлар ишки, сыртқы, дəстүрий ҳəм норматив түрлерине боълинеди. Đшки мағлыўмат киши кəрхана яки саўда шоълкеми ишинде айланады. Ол кəрхана искерлигин оның техник економикалық коърсеткишлери, материаллық ҳəм мийнет қəрежетлери коълемин, нақ пул ҳəрекетин, дебиторлық ҳəм кредиторлық қарызлары ҳаққындағы мағлыўматлар сəwлелендиреди.Сыртқы мағлыўматлар өним ислеп шығарыўшылардың тутыныўшылар, ҳəкимият мекемелери, банклер, конкурентлер ҳəм басқа шоълкемлер менен байланысларды тəрийплейди. Бунда товарларды сатыў ҳəм сатып алыў шəртлери ҳаққында сыртқы орталық хабарлары болады. Бизнесте економикалық мағлыўматлар айрықша ҳəм жетекши əҳмиетке ие. Себеби олар товар ислеп шығарыў, материаллық байлықларды боълистириў, алмастырыў, тутыныў протсесслеринде адамлар ортасындағы қəтнасықларды сəwлелендиреди. Буннан тысқары исбилерменликти раўажландырыўда илимий-техника мағлыўматларының роли де əхмиетли болып, олар ислеп шығарыўдың илимий – техникалық прогресс тийкарында раўажланыўын коърсетеди.


Download 27,77 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish