III БАП. ХАЛЫҚ АРАЛЫҚ КРЕДИТ БАЗАРЫ. 3. 1. Корпоратив структураларға шет ел банк кредитлерин қосыў Бүгинги күнде жергиликли кәрханаларда орта ямаса узақ мүддетли дәуирлер ушын мәлим баҳа тийкарында финанслық ресурсларын жеткиликли дәрежеде тартыў машқалалы жағдай есапланады. Усы машқаланы шешиў усылларынан бири ретинде шет ел капиталды тартыўды келтириў мүмкин.
Шет ел капиталын тартыў формалары түрме-түрликке ийе. Бүгинги күн әмелиятында кең көлемде қолланылып атырған сыртқы көринислер ретинде төмендегилерди келтириў мүмкин:
- шет ел банк кредитлерин тартыў ;
- қарыз мунасәбетин аңлатыўшы қымбатлы қағазларды шет елде жайластырыў ;
- аксияларды халық аралық фонд биржаларында жайластырыў ҳәм басқалар.
Шет ел капиталын тартыўдың келтирип өтилген усыллары жөнинде қысқаша характеристика берип өтемиз. Бүгинги күнде компаниялар жойбарларды әмелге асырыў ушын шет ел банклеринен узақ мүддетли кредитлер тартады. Шет ел кредитлериниң кең тарқалыўы зәрүр муғдардағы финанслық ресурсларын салыстырғанда төмен процент ставкаларында тартыў мүмкиншилиги менен анықлама бериледи. Шет ел банклери тәрепинен әдетде, жүзип журетуғын процент ставкалары қолланылады. Бунда тийкар ретинде айырым индикатив ҳәр күнлик өзгериўшен ставкалар, мысалы ЛИБОР (Лондон Интербанк офферед рате - Лондон банклер аралык орташа процент ставкасы ), ПИБОР (Парис Интербанк офферед рате - Париж банклер аралык орташа процент ставкасы ), АҚШ базис ставкасы (приме рате) ҳәм басқалар алынып, оларға индивидуал сыйлық суммалары қосылады. Банктиң индивидуал сыйлық муғдары 0,5 проценттен 5 процентке шекем әмел етеди.
Ҳәр қандай кәрхана шет ел кредитлерин алыў ушын шет ел банкке ямаса оның ўәкилхана, бөлим, филиалларына шақырыўы мүмкин. Банклер аймақлық жайласыўына қарамастан қарыз алыў ушын төмендеги мәжбурий талаплар әмел етеди:
- финансластырылатўғын жойбардың тийкарланған бизнес-жобасы бар екенлиги;
- халық аралық стандартлар тийкарында дүзилген финанслық есабатлар усыныс етиў;
- дүняға атақлы, мысалы кушли төртликке киретуғын аудиторлик шөлкемлери жуўмақлары ;
- жоқары дәрежедеги рентабеллик ҳәм қатаң белгиленген финанслық көрсеткишлердиң тәмийинленгенлиги;
- кәрхана финанслық-хожалық искерлиги ҳәм шөлкемлестирилген дүзилисиниң ашықлығы ҳәм басқалар.
Соны айтып өтиў керек, ҳәзирги күнде көпшилик шет ел банклер мәмлекетимизде искерлик жүргизип атырған дүняға атақлы болған кәрханаларға ғана кредит ажыратыўға тайын. Халық аралық әмелиятда шет ел кредитлери синдикатли кредитлер формасында қамтып алынады. Қарыз алыўшыға усыныс етилетуғын синдикатли кредитлер шет ел кредитлери әмелиятында да рискларды кемейтиў имканиятын береди. Бул процессте қарыз усыныў туўрысындағы арзаны қабыл еткен банк қәлиплестиретуғын синдикатты басқаради. Бундай кредит мəниси процент ставкасынан тысқары әдетде улыўма кредит суммасының 0, 5 процентинен 2 процентине шекем муғдарда белгиленетуғын синдикат комиссия төлеўин де өз ишине алады. Финанслық тәмийнлеўдиң усы формасы кең көлемли жойбарларды әмелге асырыўшы ири қарыз алыўшы компаниялар ушын жүдә қолай.
Шет еллик експертлердиң баҳалаўы бойынша дүня көлеминде 80 процентке жақын ири жойбарлар әйне синдикатлы кредитлерден пайдаланыў арқалы финансластырылады.
Синдикатли кредитлерге мысал ретинде "Газпром" ОАЖ тәрепинен "Сибнефт" ОАЖни сатып алыў ушын тартылған 13, 091 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы кредитти келтириўимиз мүмкин. Бунда кредит Дресднер Банк ҳәм АБН Амро банк басшылығындағы алты банк синдикати тәрепинен үш ҳәм бес жыл мүддетке уйқас түрде ЛИБОР + 0, 7% ҳәм ЛИБОР + 0, 75% ставкаларда усыныс етилген еди.
Улыўма жағдайда шет ел кредитлердиң абзаллықлары ретинде төмендегилерди келтириў мүмкин:
- процент ставкаларының талай төменлиги ҳәм кредиттен пайдаланыў мүддетиниң узақлығы (3 жылдан 10 жылға шекем);
- гиреў ретинде дебюторлық қарызлары ямаса кирим шәртнамалары бойынша тусумлерден пайдаланыў мүмкиншилигиниң бар екенлиги;
- шет елден ақша тартыўдың басқа формаларына салыстырғанда рәсмийлестириў мəнисиниң жоқары емеслиги ҳәм басқалар.
Шет ел банклерден кредитлер тартыўдың кемшиликлери ретинде болса төмендегилерди келтириў мүмкин:
- көп санлы талаплар ҳәм келисимлердиң әмел етиўи;
-валюта рискының жүзеге келиўи;
- халық аралық юридикалық нормаларға тийкарланыўшы ҳуқықый тәртиплерге тыйкарланыўы ҳәм басқалар.
Тәмийнат усыныў зәрүрлиги ҳәм қарызды басқарыўдың қолай механизми жоқлығы шет ел банк кредитлери менен байланыслы болған унамсыз жағдайлардан есапланады.