СУББОТНИКТЕ
I
Жумалатқан алтын шардай,
Бас кӛтерди қумнан куяш.
Еснеп турған жас уландай
Тҥр кӛрсетти Тахиатас.
Шықты жаслар бригадасы
Топ-топ болып субботникке.
Келип Антон отағасы,
Татьянаға қылды ӛкпе:
- Айтпадым ба, әй, сен қызға,
"Арақыздан қалдырман" деп.
Ериншеклик қылдыңыз ба,
Болармыз деп босқа ҳәлек?
Кулди Таня:
- Антон ағай,
Айыплы ғой оған қызлар.
"Уста кӛрсе, қорқар тоғай",
Деген "ырым" тапты олар.
- Соны айтқан қайсы надан?
Сумлық ғой бул, ой не деген!
Жоныў ушын Россиядан
Ағаш таппай келдим бе мен?
Адам уста бола алмас!,
Жас ағашты сҥйе алмаса.
Жоныўға шебер қолымды, рас,
Кесермен-аў еге алмаса...
211
"Антон аға, жаслар, мине,
Субботникке шақырды" деп,
Барғаныңда кемпириме
Мақтанып қояр едим мен де.
Кейийин деп сени кӛрип,
Шығып едим ӛкпе жыйнай.
Бирақ ӛкпем кетти ерип
Жазда алжасып жаўған қардай;
Мейли, енди ӛкпесиз-ақ,
Жарасайық бас қатырмай,
Жата алмайман, билиң бирақ
Сизлер жҥрген жерге бармай.
Сақалымды қыраў шалмас,
Арақызда ӛмир сҥрсем,
Ғаррылық мени таба алмас,
Жаслар менен бирге жҥрсем.
- Ўай, айттым ғой, Антон ағай,
Усылайынша жасырып бой,
Әжелди де алдап оңай
Коммунизмге жетпекши ғой.
Гҥўлеп кҥлип қоршады журт,
"Бермеймиз,—деп—ғаррылыққа",
Уста кҥлип сыйпады мурт,
(Шебер бәле ол қуўлыққа).
- "Марш изимнен!" деди Антон,
Кеўилли топ кетти жҥрип.
Жер басына жеткеннен сон,
212
Туў тигилди кумға бийик.
Оқыўшылар мектеп беттен,
Дҥсирлетии барабанды,
Қос қанаттай қусқа питкен,
Жигерли топ келип қалды.
Ис қайнады, ҳәр тҥп терек
Тапты ӛмир тер, ықластан,
Ҳәр кеўилде тоғай гҥллеп,
Соқты жҥрек шаршамастан.
Тҥс аўғанда тербеп самал,
Турды сапқа нарт нәлшелер,
Адам қолы гҥл ғой мысал,
Еркин мийнет етсе егер!
Антон аға пайын болып
Жәрдемлести Валяға кӛп.
(Қыялыңа бҥлбил қонып,
Еге алмапсан, оңлап терек.—
Деди Таня жолдасына,
"Романтиктиң" ҳалын сорап.
Валя айтты: — Тәбият ана
Кӛгертер дә мени аяп!
- Ағашты тек шаншыў жерге
Шайтанның да қолынан келер.
Тутпай қалса ол егерде
Бҥлбилиңди ким есиркер?
Соның ушын, Валяжан-ай,
Қалма соңырақ жаман атқа.
213
Пухталап ек, Ҳе ... қой былай!
Сҥйенбе, қызым, тәбиятқа.
Тәбият деген сықмар киси,
Оннан жуўап алыў қыйын.
Сениң менен болмас иси,
Ислемесе қол ҳәм мийиң.
Мрамордан қала салып,
Кӛр пайғазы оннан сорап.
Еңбегиңди еске алып,
Бермес бийпул бир жапырақ...
Тәбияттың минези мынаў,
Елеслетти-аў бҥгин маған:
Сондай сықмар мҥжик еди-аў,
Бир гезде мениң байғус бабам.
Жупыны ғана дәскеси болды,
Дҥнья қайда жатқан артып!
Рәҳәт кӛрмей ӛзи ӛлди,
Ширкеў бәрин кетти тартып.
Мҥжиклердн тонаўға патшаң,
Шебер едн-аў садағаң кеткир.
Тәбиятқа тек ширкеў жақтан
Қараўға ғана болды "ӛткир".
Сықмардан буйым алыўдың жолы:
Кӛрсетесең кӛзине жанын.
Басқа жолдан кӛндириў оны ...
Рети жоқ-аў, билсең жаным,..
Дедиде Антон Макарович,
214
Кҥлдй кӛзин қысып қарап,
"Қәйтип сизди қыярмыз биз?"
Дести жаслар оны орап.
Таня баслап тҥс аўғанда,
"Тоғайшылар" ашты суўды.
Жанлы суў ол ӛз жолында
Туншықтырып шӛлди буўды.
Таня кҥткен жас тоғайда
Бҥртик жарып, ӛссе ғаўлап,
Бҥгин және қапталында,
Турды мыңсан нәлше—әўлад.
Суў алдында тарбаяқлап,
Қашты гҥмгҥм-шӛл баласы.
Бир команда кҥткендей-ақ
Тур Тахиатас қаласы.
Do'stlaringiz bilan baham: |