3. Функционал процесс
Пухаралық имаратларға адамлардың күнделикли жеке ҳәм жәмәәтшилик мүтәжликлерине арналған имаратлар киреди. Булар турақ жай имаратлары (жасаў ушын қурылған үйлер ҳәм т.б.).
Имаратлардың ишки орталығын айрықша бөлмелерге ажыратыўға болады: асхана, уйқылаў бөлмеси, санитар бөлмелери, коридорлар ҳ.т.б.
Ҳәр қандай имаратты жойбарлап қурғанымызда төмендеги тийкарғы талапларға жуўап бериўи керек:
-ўазыйпасы бойынша имарат қайсы процесске, мақсетке арналған болса, усы процесс талабына толық жуўап бериўи тийис. Мысалы: жасаў ушын қолайлы, дем алыўға арналған, мийнет ислеўге қолайлы ҳ.т.б.
-техникалық тәрептен, имарт адамларды сыртқы тәсирлерден: төмен ямаса жоқары температура, жаўын-шашын, самаллардан толық қорғаўы, беккем ҳәм турақлы болыўы, узақ жыл даўамында сақланыўы керек;
-имарат көринисиндеги архитектуралық ҳәм көркемлик талапларына сәйкес ҳалда таңланыўы, оның сыртқы (экстрьер) ҳәм ишки (интерьер) көриниси сулыў, қолайлы, дөгерек-әтирап пенен уйғынласқан болыўы керек;
-экономикалық жақтан қолайлығы, имарат ҳәм иншаатлар қурылысында мийнет жумсалыўын кемейтиў, қурылыс материаллары ҳәм ўақытты тежеў нәзерде тутылған.
5. Имараттың конструктив шешими
Фундаментлер имараттың жер асты бөлими болып, олар имарат аўырлығын өзине қабыл етип, оны тийкарға узатыўшы конструкция.
Дийўаллар өз ўазыйпасына ҳәм жайласыўына қарап ишки ҳәм сыртқы, бөлмени сыртқы орталық тәсиринен қорғаўшы ямаса бөлмелерди бир-биринен ажыратып турыўшы болып, бир ўақыттың өзинде олар жүк көтериўши ўазыйпасында атқарады.
Дийўаллар жүк көтерип турыўшы ҳәм өзин-өзи көтериўши болып бөлинеди.
Жүк көтериўши дийўаллар жоқарыда жайласқан конструкциялар, үскенелер, мебеллер ҳәм басқада затлардан түсетуғын аўырлықларды көтерип турады. Ишки ҳәм сыртқы дийўаллар жүк көтериўши болыўы мүмкин. Имаратларды киши-киши бөлмелерге ажыратыўшы перегородкалар жүк көтермейди. Бундай дийўаллар фундаментлерге ямаса фундамент балкасына қойылған, өзин-өзи көтерип турыўшы ҳәм колонналарға асылған аспа дийўаллар көринисинде де болыўы мүмкин.
Аспа дийўаллар ҳәр бир қабат бийиклигинде горизонтал жайласқан элементлерге таянған болады.
Дийўалларының материалларына қарап тас дийўаллы, ағаш дийўаллы имаратлар болыўы мүмкин. Көринисине ҳәм үлкен кишилигине қарап, майда элементлерден (гербиш, керамик блок, майда блок) ҳәм ири элементлерден (ири блоклар, панеллер, көлемли блок ҳ.т.б.) қурылған имаратлар болыўы мүмкин
Қурылыс технологиясына қарап имаратлар: таяр бетон конструкциялардан жыйналған имаратлар, завода таярланған индустриал конструкциялардан монтажланған имаратлар, гербиштен, майда блок ҳәм майда элементлерден қурылатуғын имаратлар түрлерине бөлинеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |