|
Тезлиги ретленбейтуғын асинхрон электр жүритпе
|
bet | 56/59 | Sana | 25.02.2022 | Hajmi | 1,48 Mb. | | #274989 |
| Bog'liq энергия унемлеу (3Дарслик)
Тезлиги ретленбейтуғын асинхрон электр жүритпе – ярым өткизгишли басқарылыўшы өзгермели ток кернеўи өзгерткиши арқалы ҳәм туўрыдан-туўры электр тармағына жалғанып иске түсирилетуғын асинхрон электр жүритпе.
Тезлиги ретленетуғын асинхрон электр жүритпе – ярым өткизгишли ямаса электромеханикалық частота өзгерткиш арқалы иске түсирилетуғын ҳәм ислейтуғын асинхрон электр жүритпе.
Кери қатты байланысыў – кери байланыс сигналы ретленетуғын параметрдиң өзгериўине пропорционал болған шынжыр.
Тескари манфий боғланиш – кери байланыс сигналы системаның кириўиндеги тийкарғы сигналға кери болып, улыўма сигналды пәсейтириўши шынжыр.
Ток өлшеў трансформаторы – амперметр ҳәм токты өлшейтуғын басқа әсбапларының өлшеў шегараларын кеңейтириў ҳәмде оларды жоқары кернеў шынжырынан изоляциялаўшы қурылма.
Туўрылағыш – өзгермели токларды турақлы токларға айландыратуғын электротехникалық қурылма.
Сақлаў қурылмасы – автоматластырылған электржүритпе басқарыў системасының аналог ямаса санлы мағлыўматлар жазылатуғын ҳәм сақланатуғын қурылма.
Электр механикалық система – электр жүритпе моторының исши машина ямаса механизм атқарыўшы органы менен өз ара механикалық байланысқан системасы.
Электр жүритпе – электр моторды иске түсириў, тезлигин ретлеў ҳәм тормозлаў әмеллерин орынлаўға хызмет етиўши электр техникалық қурылма ҳәм үскенелер комплекси.
Электр жүритпениң өткинши процесслери – электр жүритпениң бир турғун жағдайдан екинши турғун жағдайға өткенинше кешкен ўақыт ишиндеги жағдайы.
Электр жүритпелерди дәстүрли басқарыў – электр жүритпелердиң жумыс режимин алдыннан берилген дәстүр тийкарында басқарыў.
Электр механикалық частота өзгерткиш – турақлы ток генераторы ҳәм оны ҳәрекетке келтириўши асинхрон мотор, турақлы ток моторы ҳәмде синхрон ямаса асинхрон генератордан ибарат электр машиналар комплекси.
Ярым өткизгишлер – электр өткизгишлиги металлардикинен киши, диэлектриклердикинен жоқары болған материаллар.
Ярым өткизгишли басқарылыўшы турақлы ток өзгерткиши – өзгермели ток кернеўиниң мәниси ретленетуғын турақлы ток кернеўине өзгертиўши ярым өткизгишли өзгерткиш.
Ярым өткизгишли басқарылыўшы өзгермели ток өзгерткиши – өзгермели ток кернеўиниң мәниси ретленетуғын, бирақ частотасы өзгермейтуғын өзгермели ток кернеўине өзгертиўши ярым өткизгишли өзгерткиш.
Өлшеў өзгерткиши – өлшеў, бақлап барыў ямаса ретлеў қурылмаларының әҳмиетли бөлеги; сезгир элементи менен тексерилип атырған параметрлер тәсирин сезеди. Ислеп шығарыў процесслерин автоматластырыў ҳәм илимий тексериў жумысларының әмелий бөлимин орынлаўда пайдаланылады. Өлшеў өзгерткишлер автоматика ҳәм телемеханика қурылмаларының әҳмиетли бөлими есапланады.
Турақлы ток күшейтиргиши – кириў бөлимине берилген аналог сигналды шығыў бөлиминде белгили күшейтириў коэффициентине көбейтирилген жағдайда шығарыўшы инерциясыз қурылма.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|