«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


БЕРДАҚ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА СѲЗ ӘДЕБИ МӘСЕЛЕСИ



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet35/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

БЕРДАҚ ШЫҒАРМАЛАРЫНДА СѲЗ ӘДЕБИ МӘСЕЛЕСИ 
У.Дәўлетова ҚМУ доценти 
Бердақ Ғарғабай улы – ѳз ҳалқына, ѳзинен кейинги әўладларға руўхый 
азық болатуғын, арадан неше жыллар ѳтсе де гѳнермейтуғын, тозбайтуғын 
теңсиз, бийбаҳа ғәзийне қалдырған уллы шайыр. Бул ҳаққында кѳрнекли 
әдебиятшы 
алым, 
академик 
Марат 
Нурмухаммедов: 
«Бердақ 
шығармаларында темалардың кеңлиги ҳәм ҳәр қыйлылығы, ҳалық тилиниң 
байлығы ҳәм образлылығы, қосықларында поэтикалық форманың 
жетилисиўи, ал ең баслысы – идеялық мазмунның тереңлиги, ҳалықлық, 
демократиялық, ҳақыйқатлық ҳәм адамгершилик шайырдың гражданлық 
батырлығына қосылып, барлығы – оның дѳретпелерин мәңги ѳмир сүриўге 
алып келди» [5:38], - деп жазған еди. Ҳақыйқатында да шайыр нәзеринен 
шетте қалған теманың ѳзи жоқ сыяқлы. 
Бердақ шайыр ѳзинен бурынғы ѳткен Шығыс ойшыллары Қайқаўыс, 
Юсуп Ҳас Ҳажиб, Ахмед Югнакий, Саадий Шеразий, Румий, Наўайы, 
Абай, Мақтымқулылар қатарында сѳз әдеби ҳаққында баҳалы пикирлер 
билдирген. 
Инсанның жақсы-жаманлығы, данышпан яки наданлығы оның айтқан 
бир аўыз сѳзи арқалы белгили болады. Бул ҳаққында Саадий Шеразий: 
Ақыллы яки ақмақ, 
Данышпан яки надан, 
Биз биле алмаймыз, 
Егер сѳз айтпаса адам. [аўдарма автордики] 
- деп жазса Бердақ шайыр да ѳзиниң «Халық ушын» қосығында: 
Жақсыны пәм әйле сѳйлеген сѳзден, 
Жақсы-жаман парқ болмас, реңки – жүзден [1:81] 
-деп жазады. Ата-бабаларымыздан қалған даналық гәплерде:
Кѳринип бәле келмейди, 
Бәлениң бәри тилиңнен – деп ескертилген.
Әлийшер Наўайы ҳаққында халық аўзында айтылып жүрген 
аңызлардың биринде бир ўақыя сѳз етиледи: Султан Ҳусейин ўәзирлерине 
қарап турып, кѳрсеткиш бармағы менен басын кѳрсетипти. Ҳеш нәрсеге 
түсинбеген ўәзирлер бир-бирине қарасып, аңырайып тура берипти. Сол 
ўақыт Мир Әлишер сол бармағы менен тилин кѳрсетипти. 
–Мен басымды кѳрсеттим, Мир Әлийшер болса бармағы менен тилин 
кѳрсетти. Соның мәнисин таўып келиң, - деп буйырыпты ол ўәзирлерине. 
Ўәзирлер оның мәнисин шаға алмай Мир Әлийшерден сорапты. 
Сонда Наўайы: 


106 
–«Султан басқа бәле неден келеди, деп сорады. Мен ҳәр адамның 
басына бәле келсе, ѳзиниң тилинен келеди, деп жуўап бердим» - деген 
екен. 
Бердақ шайыр да бул пикирлерди тастыйықлап: 
Тисгенем сеннен ырзаман, 
Аўызымның қаласысаң. 
Тилгенем сеннен наразыман, 
Бир басымның бәлесисең. [1:71]– деп жазады. 
Ҳақыйқатында да, адамның басына түсетуғын түрли тәшўишлерге 
оның тили, яғный ойланбай айтқан бир аўыз сѳзи себепши болады. 
Сѳз – адамлардың бир-бирине тәсир етиўиниң ең қүдиретли қуралы. 
Ол дѳретиўшилик, руўхландырыўшылық күшке ийе болыў менен бирге 
қыйратыўшылық, бузғыншылық қүдиретине де ийе. Сѳз инсанды 
исендириўи, мийнет етиўге, жаңа жеңислерге ерисиўге умтылдырыўы, 
уллы ислерге руўхландырыўы, жаман жолдан қайтарыўы, қуўандырыўы 
яки қапа етиўи, надурыс ислерге баслаўы, сатқынлық етиўге 
кѳндириўи, жынаят жолына салыўы, ҳәттеки ѳлтириўи де мүмкин. 
Сонлықтан, инсан ҳәмме ўақытта жақсы сѳйлеўи керек. Бул ҳаққында 
Қайқаўыс ѳзиниң «Қабуснама» шығармасында «Жақсы сөйлеўге үйрен ҳәм 
мүлайым сөйлеўден басқа нәрсени әдет қылма, себеби қандай сөзди 
сөйлеўди қәлесең, тил соны сөйлейди» [4:34] - деп жазады. Бердақ бул 
пикирлерди қайта-қайта тәкирарлап, ѳз қосықлары арқалы оны жаслар 
санасына сиңдириўге ҳәрекет еткен. Оның бир қатар қосықларында 
тѳмендеги қатарларды ушыратамыз: 
Ата-анаңды қәдирле, 
Ѳлгениңше жақсы сѳйле. («Балам»)
Жақсы сѳзге қулақты түр,
Жаман сѳзден қашқыл балам. («Балам») 
Ерме ҳасла шуғыл сѳзге,
Ғыйбат сѳзден қашқыл балам. («Балам») 
Ермес жақсы пасықлардың сѳзине, 
Кѳп берилмес ѳз басының ҳәзине. («Халық ушын») 
Жойылмас жақсының ҳәр айтқан сѳзи, 
Кеўлим бәржай табар айтсам сол ушын. («Халық ушын») 
Қашар болсаң қаш ғыйбаттан, 
Ғыйбат жаман, биледурсаң. («Қашан рәҳәтленедурсаң») 
Жаман айтпа, жақсы сѳзле,
Ҳақ исине ҳеш бир ойланба. («Ойланба») 


107 
Сѳйлеўдиң тийкарғы сапалық белгилериниң ишинде «сѳйлеўдиң 
орынлылығы» деген бар. Сѳз қурылысы бойынша дурыс қуралған, 
пикирди баянлайтуғын сѳзлер де дурыс таңланған болыўы, бирақ сол 
сәўбет пайыты ушын, сәўбетлесиңниң руўхый жағдайына байланыслы 
орынлы болмаўы мүмкин. Сѳйлеўши буны мудамы есапқа алыўы керек. 
Қайқаўыс: «Сөзди өз орнында сөйле, орнында айтылмаған сөз, егер ол сөз 
жақсы болса да жаман көринеди. Бийҳуўда сөйлеме, себеби, пайдасыз сөз 
зыян келтиреди»[4:34],-деп ескертсе, Бердақ шайыр да бул ҳаққында 
«Балам» қосығында: 
Орынсыз жерде тарыспа,
Ретинде сѳйле балам.
Қуўлықты қәлеп асырма, 
Әлпайым болғыл балам [2:30] - деп жазады.
«Айтыўшы ақыл болса, тыңлаўшы дана болады» - деген халық 
нақылында. Бердақ шайыр халық айтып кеткен пикирлерди даўамлап, 
Терең ақыл керек сѳзди дизбеге,
Тынық қыял керек бәрин сезбеге, – деп жазады ѳзиниң «Жақсырақ» 
қосығында. Ал, «Халық ушын» қосығында: 
Ойшыл жақсы жигит билимпаз келер, 
Айтқан сѳзлериңе түсимпаз келер. [2:26] 
Жақсы адам сѳз мәнисин аңлайды,
Жаман адам пасық сѳзди тыңлайды, [2:27] – деп жазса, 
«Қашан рәҳәтленедурсаң» қосығында: 
Парқы болар сѳз дегенниң, 
Нырқы болар бѳз дегенниң, [2:40] – деп ескертеди.
Бердақ шайыр ѳз қосықларында ѳтирик сѳз сѳйлемей, мудамы дурыс 
сѳзли болыўға шақырады:
Өтирик сѳзлер айтпаған,
Өзин-ѳзи уялтпаған, 
Дос баласын жылатпаған,
Әдил ерлер маған керек. («Маған керек») 
Шайыр дурыс сѳзли болыў талабын тек басқаларға ғана нәсиятлап 
қоймайды, биринши гезекте ѳзи буған әмел қылады, мудамы 
ҳақыйқатлықты айтады:
Сѳйледим ҳәр ўақ анықты, 
Еткеним жоқ жалақ-жулақ. («Ақмақ патша») 
Ҳаққа әсилик әйлемейин, 
Дәнекерсиз жүйлемейин. 
Ҳасла жалған сѳйлемейин, 
Мудам туўры сѳзлер едим.( «Излер едим» )


108 
Сондай-ақ, Бердақ щайыр ѳз қосықларында жасларға ѳзлериңизден 
тәжирийбели, дана адамлардың сѳзлерин тыңлап, мәнисин уғыўды нәсият 
етеди:
Биленлерди тыңламаған,
Гәп мәнисин аңламаған,
Үлкеннен нәсият алмаған,
Ақылсызлық жаман екен. («Екен»)
Билгир сѳзи ўәсиятдур,
Яқшылардан шарафатдур,
Ғарры сѳзи нәсиятдур,
Билмегенлер надан екен. («Екен»)
Белгили философ илимпаз Қ. Худайбергенов Бердақ шайырдың сѳз 
ҳаққындағы пикирлерин улыўмаластырып, «Тил ҳәм ойлаў бирлиги 
ҳаққындағы Бердақтың түсиниги үлкен баҳаға турарлық. Шайырдың 
пикиринше, адамның ақылы, оның ишки дүньясы, кѳз қараслары оның 
сѳзи менен белгиленеди. Сѳз ҳәр қандай адамның билимлилигиниң, ақыл 
кѳркиниң, илимлилигиниң ѳлшеўиши» [6:43], - деп жазған еди.
Бердақ шайырдың сѳздиң күдиретли күшин терең сезиўи, ҳәр бир 
сѳзди саралап, орнында қолланғанлығы, сѳз таңлаў мәселесинде де жүдә 
талапшаң болғанлығы оның қосықларында да ѳз сәўлелениўин тапқан. 
Мысалы, «Ақмақ патша» дәстанының басында, шығарманың жазылыў 
тарийхы ҳаққында айтылған бѳлимде тѳмендеги қатарларды ушыратамыз: 
Жаздым бир жыл – он еки ай, 
Қапалы кеўлим хош болмай, 
Өз гәпиме кеўлим толмай, 
Қәлем атын қуўдым қыстап. [2:174] 
«Өз гәпине кеўли толмай», бир шығарманы бир жыл жазған шайыр 
қанша қағаз қаралап, қанша сѳз саралағанлығы тек оның ѳзине ғана аян 
болыўы мүмкин. Нәтийжеде сол машақатлы мийнеттен дѳреген 
шығармалары арқалы шайырдың: 
Алтын айтқан ҳәр бир сѳзим, 
Сѳзим емес, олдур ѳзим, 
Жумылғанша еки кѳзим, 
Ҳәр ўақытта турар жайнап [2:174]. 
– деген қатарлары ҳақыйқатлыққа айланды. Оның алтынға барабар сѳзлери 
арадан қанша жыллар ѳтсе де қәдирин жойтпады, жүреклерден орын алды, 
оқығанларды ләрзеге салды. 
Жуўмақлап айтқанда, шайырдың сѳз әдеби ҳаққында айтып кеткен 
баҳалы пикирлери ҳәзирги дәўирде де, келешек әўладлар ушын да 
турмыслық сабақ болары сѳзсиз. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   31   32   33   34   35   36   37   38   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish