Audittin` mazmuni, zárúrligi hám áhmiyeti



Download 48,61 Kb.
Pdf ko'rish
bet1/2
Sana09.06.2022
Hajmi48,61 Kb.
#645800
  1   2
Bog'liq
6-Тема



6-Тема: Audittin` mazmuni, zárúrligi hám áhmiyeti. 
Реже:
 
6.1. Аудиттиң пайда болыўы ҳәм раўажланыўы. 
6.2. Аудит ҳәм аудиторлық искерлигиниң мазмуны. Өзбекистан Республикасының финанслық 
қадағалаў системасында аудиттиң тутқан орны. 
6.3. Аудиторлық искерлигиниң раўажланыў басқышлары. 
6.4. Аудит ҳәм ревизия, олардың уқсаслық ҳәм парқлы тәреплери. 
6.1. Аудиттиң пайда болыўы ҳәм раўажланыўы.
 
Аудит усы күнге шекем узақ тарийхқа ийе. Биринши ғәрезсиз аудиторлар Европаның 
акционерлик компанияларында ХIX әсирлерде-ақ пайда болған. Аудит сөзи ҳәр түрли 
аўдармаларда ол "еситеди" яки "еситпекте" деген мәнисти аңлатады. 
Аудиттиң пайда болыўы кәрхананы туўрыдан-туўры басқарыў менен шуғылланып атырған 
(администрация, менеджерлер) ҳәм оның искерлигине пул қойып атырғанлар (мүлк ийелери, 
акционерлер, инвесторлар) мәплериниң ажыралыўы нәтийжеси менен байланыслы. Олар тек ғана 
кәрхана басқарыўы ҳәм оған қарам болған бухгалтерлер тәрепинен усынылып атырған 
мағлыўматларды тийкар етип алыўы мүмкин емес еди ҳәм қәлемейтуғын да еди. Акционерлер 
алданбай атырғанлығына, администрация тәрепинен усынылған есабат кәрхананың әмелдеги 
финанслық жағдайын толық сәўлелендирип атырғанлығына толық исеним пайда етиўди қәлер еди. 
Финанслық мағлыўматтың дурыс екенлигин тексериў ҳәм финанслық есабатты тастыйықлаў 
ушын, акционерлердиң пикири бойынша исениў мүмкин болған шахслар усынылатуғын еди. 
Аудиторға қарата қойылатуғын тийкарғы талаплардан бири оның сөзсиз ҳадаллығы ҳәм 
ғәрезсизлиги болып есапланады. Бухгалтерия есабының қурамаласқанлығы аудитордың қатаң 
қәнийгели таярлыққа ийе болыў кереклигин талап етеди. 
Аудиттиң өзине тән предмети ҳәм объектлери бар. Аудит арнаўлы пән сыпатында белгили 
мақсетке қаратылған ҳәм бир қанша ўазыйпаларды орынлайды. Аудиттиң предмети хожалық 
жүритиўши субъектлер, олардың искерликлери болып есапланады. Бизге белгили, кәрханалар өз 
уставларына тийкарланып искерлик жүритеди. Бул искерлик процесинде финанслық, материаллық 
ҳәм мийнет ресурсларынан пайдаланылады. Кәрханалардың активлери турақлы түрде дәрамат, 
пайда алыўға қаратылған болады. Бирақ, бул нәтийжелерге тек қабыл етилген нызам-қағыйдаларға 
толық әмел қылган ҳалда ерисиў мүмкин. Кәрханалар өз искерликлеринде норматив ҳүжжетлерге, 
қабыл етилген қағыйдаларға әмел қылыўлары шәрт. Ҳәр бир кәрхана өзиниң есап сиясатын 
белгилейди ҳәм оған тийкарланып есап-китапларды жүритеди. Аудит ўақтында кәрхана 
искерлигиниң қабыл етилген нызамларға сәйкеслиги, есап мағлыўматларының кәрхана 
финанслық-хожалық көрсеткишлерине муўапықлығы тексериледи. 
6.2. Аудит ҳәм аудиторлық искерлигиниң мазмуны.
Өзбекистан Республикасының финанслық қадағалаў системасында аудиттиң тутқан орны.
 
Аудит – буған рухсаты болған шахслар – аудитор (аудиторлық шөлкем)лар тәрепинен, 
хожалық жүритиўши субъектлердиң финанслық есабатының исенимлилиги ҳәмде финанс-
хожалық операциялары Өзбекистан Республикасы әмелдеги нызамшылығы ҳәм басқа норматив 
ҳүжжетлерге муўапық екенлигин анықлаў мақсетинде ғәрезсиз экспертиза ҳәм анализлеў, 
бухгалтерия есабы ҳәм басқа финанслық есабатларға қойылатуғын талапларға муўапықлығын, 
олардың толықлығы ҳәм анықлығын тексериў дегени. Сондай-ақ, аудит қурамына консалтинг, 
яғный клиентлерге шәртнамаға тийкарланып хызметлер көрсетиў де киреди. 
Аудиторлық қадағалаўын өткериўден тийкарғы мақсет – хожалық жүритиўши субъектлер 
искерлигин дурыс ҳәм әдил баҳалаў болып табылады, соның менен бирге хожалық жүритиўши 
субъектлер искерлигинде жол қойылған кемшиликлерди сапластырыўда оларға жол-жобаларды 
көрсетиў болып есапланады. 


Аудиторлық 
искерлиги 
ҳәм 
аудиторлық 
кәсибиниң 
анықламасы 
Өзбекистан 
Республикасының “Аудиторлық искерлиги ҳаққында”ғы нызамда төмендегише аңлатылған. 
Аудиторлық искерлиги дегенде аудиторлық шөлкемлериниң аудиторлық тексериўлерин өткериў 
ҳәм бул Нызамның 17-статьясында нәзерде тутылған профессионал хызметлер көрсетиў бойынша 
илажлық искерлиги түсиниледи. 
6.3. Аудиторлық искерлигиниң раўажланыў басқышлары
 
1929-1933-жылларда дүньяда жүзеге келген экономикалық кризис бухгалтер-аудиторларға 
болған талапты күшейтирди. Бул ўақытта, аудиторлық тексериўиниң сыпаты ҳәм оның 
мәжбүрийлилигине қойылатуғын талаплар кескин күшейеди, бул түрдеги хызметлерге базар 
талабы өсип барады. 1940-жыллардың ақырына шекем аудит тийкарынан әмелге асырылған пул 
операцияларын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди тексериўден ҳәм финанслық есабатларда бул 
операциялар дурыс топарланғанлығын тексериўден ибарат еди. Бул болса, тастыйықлаўшы деп 
аталатуғын аудит еди. 
1949-жылдан соң ғәрезсиз аудиторлар, нәтийжели ишки қадағалаў системасында қәте 
қылыў итималы онша көп болмайды ҳәм финанслық мағлыўматлар жетерли дәрежеде толық ҳәм 
анық болады деп есаплап, компаниялардағы ишки қадағалаў мәселелерине итибарды көбирек 
карата баслады. 
Аудит раўажланыўының үшинши басқышы – бул тексериў өткериўде яки мәсләҳәт 
бериўде жүзеге келиўи мүмкин болған тәўекелшиликкке бағдарлаў, тәўекелшиликтиң алдын алыў 
ҳәм сапластырыў болып есапланады, яғный: клиенттиң бизнес шәртлеринен келип шыққан ҳалда, 
тийкарынан қәтеликлерге жол қойылыўы мүмкин болған яки таўламашылық тәўекелшилиги ең 
жоқары болған орынларды таңлап тексериўши аудит болып табылады. 
6.4. Аудит ҳәм ревизия, олардың уқсаслық ҳәм парқлы тәреплери 
 
Аудиттиң предмети ревизияға қарағанда кәрхананың тек бир искерлик түри яки тек ғана 
бир көрсеткиши болыўы мүмкин. Мысал ушын, саўда искерлиги, ислеп шығарыў искерлиги яки 
болмаса пул қаржылары, товарлар, қымбат баҳалы қағазлар, валюта операциялары ҳәм басқалар. 
Аудиттиң предметине кәрхананың финанслық есабатының дурыслығы, есап сиясатына, салық 
сиясатына толық әмел қылыныўын тексериў де киреди. Аудиттиң анық предмети яки объекти 
клиент пенен дүзилген шәртнамаға туўрыдан-туўры байланыслы болады. 

Download 48,61 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish