Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириЎ министрлиги
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириЎ хызметкерлерин қайта таярлаЎ ҳәм олардың қәнигелигин арттырыӯ аймақлық орайы
«Репродуктив саламатлық ҳәм медициналық мәденият тийкарлары»
(класс саатын өткериў бойынша методикалық усыныс)
Нөкис-2021
Таярлаған: Б.Айтмуратов
Методикалық усыныста оқыӯшыларды репродуктив саламатлық мәселелери, оның мәмлекет, жәмийет ҳәм инсан турмысындағы әҳмийети, медициналық мәдениятты арттырыўдың зәрүрликлери ҳаққында түсиниклер берилген.
Әмелий тапсырмалар жәрдеминде оқыўшыларда репродуктив саламатлықтың әҳмийетин түсинип жетиўине итибар қаратылған.
Методикалық усыныс улыўма билим бериў мектеплери класс басшыларына арналған.
Методикалық усыныс Қарақалпақстан Республикасы ХБХКТҚААО Илимий-методикалық кеңесиниң 2021-жыл _______ағы №____ санлы мәжилиси протоколы қарары менен тастыйықланған ҳәм баспаға усынылған.
Тема: Репродуктив саламатлық ҳәм медициналық мәденият тийкарлары
Класс: VIII-IX
Мақсети. Репродуктив саламатлық мәселелери, оның мәмлекет, жәмийет ҳәм инсан турмысындағы әҳмийети, медициналық мәдениятты арттырыўдың зәрүрликлери ҳаққында кең түсиник бериў.
Ўазыйпалар:
репродуктив саламатлық жәмийет, мәмлекет, инсан турмысындағы әҳмийети, бул бағдарда исленип атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар бериў;
оқыўшылардың репродуктив саламатлық мәселелери бойынша билимли медициналық мәдениятын жоқарылатыў;
нәсиллик кеселликлер ҳаққында түсиниклер бериў;
жас өспиримлерди шаңарақлық турмысқа таярлаўда репродуктив саламатлықтың тутқан орнына баҳа бериў;
Керекли үскенелер: А/4 форматтағы қағаз бетлери; ручкалар; оқыўшылар ушын еслетпе, тарқатпа материаллар, техникалық қураллар
Кирисиў
Бул бөлимде класс басшысы репродуктив саламатлық жәмийет, мәмлекет, инсан турмысындағы әҳмийети ҳаққында төмендеги мағлыўматларды келтирип өткени орынлы болады.
Жәмийет пуқараларының репродуктив саламатлығы, мәмлекеттиң репродуктив потенциалын, миллий генофонд тәғдирин белгилеўши әҳмийетли көрсеткишлеринен бири есапланады. Және де аныырақ айтатуғын болсақ, халықтын репродуктив жақтан саламатлық дәрежеси сол жердеги халық жасап атырған жәмийеттиң саламатлық дәрежесине, миллий генофондтың саламатығы дәрежесине, миллет тәғдирине, мәмлекеттиң улыўмалық күдиретине, абройы ҳәм потенциалына тиккелей тәсир көрсетеди. Сол себеплиде, пүткил дүньяда репродуктив саламатлық тек ғана медициналық машқала емес, бәлки медициналық-социаллық, қалаберсе, социаллық-сиясий машқала есапланады.
Репродуктив саламатлық, жоқарыда айтып өткенимиздей, ҳәм ер адамларға ҳәм ҳаялларға бирдей тийисли болса да, барлық мәмлекетлерде бул мәселеде тийкарғы итибарды ҳаял-кызларға каратыўы тәбийий нәрсе есапланады. Бул бийкарға емес, себеби, тәбият тәрепинен ҳәмлени көтериў, перзентти дүньяға келтириў, ана болыў сыяқлы мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпалар тек ғана ҳаял затына жүкленген.
Келешекте изимизден келетуғын ҳәм физикалық, ҳәм руўхый жақтан саламат ҳәм бәркамал мийрасхорларды дүньяға келтирип, өсириў, ҳәзирги қурамалы заманда ҳәр қандай унамсыз тәсирлерге шыдамлы, өзиниң еркин ҳәм қатаң пуқаралық позициясына ийе, миллий қәдириятларымызға, дәстүрлеримизге, Ўатанымызға, ата-анаға, ата-бабаларымызға садық, өзинен кейин миллетимиздиң мақтанышы бола алатуғын, саламат әўладты, саламат зүрядты қалдырыў, репродуктив жақтан саламат болыў лазымлығын түснип жетиў дәркар. Себеби, саламат перзент, кәмил инсан-тек ғана саламат ҳәм бәркамал ата-анадан туўылады, тек ғана руўхыяты жоқары, мәдениятлы ҳәм саламат шаңарақ орталығында ғана ержетеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |