XV БАП. СЫРТҚЫ НӘТИЙЖЕЛЕР Темаға тийисли мәселе ҳәм тапсырмалардың үлгили шешислериr
Ислеп шығарылыўы унамсыз сыртқы нәтийжеге ийе болған A товарға болған талап усы формула көринисинде берилген:
P=80-Q усыныс көлеми болса
P=0.5Q-10 A товарды сатыў, сатыў етиў, өндирис ҳәм оннан пайдаланыўда қатнаспаған үшинши шахстың қәрежетлери бир дана товар ушын 30 $ ды пайда жетеди.
a) A товарға болған тең салмақлылық баҳа ҳәм тең салмақлылық көлем анықлансын.
b) айтайық, ислеп шығарыўшылар тәрепинен үшинши шахсларға зыян 30 $ есабында қаплап берилди. Соннан кейинги A товарға болған таза тең салмақлылық баҳа ҳәм таза тең салмақлылық көлем табылсын.
Шешими: a) базардың тең салмақлылық параметрлери табамыз 80-Q=0.5Q-10 буннан Q=60 ҳәм P=20 болады.
b) үшинши шахсларға зыян 30 $ есабында қаплап берилсе усыныс функциясы 30 бирликке жылжыйды PS=0.5Q-10+30=0.5Q+20. Енди таза базар тең салмақлылығын анықлаймыз, 0.5Q+20=80-Q буннан Q=40 ҳәм P=40 болады.
Жуўап: a) тең салмақлылық баҳа 20$ ҳәм көлеми 60 дана. b) тең салмақлылық баҳа 40 $ ҳәм тең салмақлылық көлем болса 40 дана.
Монополист өнимине болған талап функциясы QD=2000-4P көринисинде берилген. Бул жерде Q-жыллық өндирис көлеми, мың тонна, P-бир тонна өнимниң баҳасы, долларда. Әтираптың патасланыўы ушын төленетуғын төлемлерден тысқары улыўма қәрежет TC=Q2-60Q+31360 мың долларға тең болса:
a) әтирап орталық шын қәрежетлер есапқа алынбаған ҳалда монополисттиң максимал пайдасы анықлансын.
b) әтирап орталықтың патасланыўы ушын төлем 0.5Q2 көринисинде болса, максимал пайда көлеми қандай өзгереди?
c) әтирап орталықты патасланыўы ушын төлем KQ2 көринисинде болса, K ның қандай қунларында монополист зыян пенен ислейди?
Шешими: a) TR=PQ=Q(500-0.25Q)=500Q-0.25Q2. (TR)'=MR=500-0.5Q максимал пайда шекли дәраматтың шекли қәрежетке теңлигинде пайда болады, яғный MR=MC. MC=(TC)'=2Q-60=500-0.5Q буннан Q=224 ҳәм P=444 ды табамыз. Монополист пайдасы π=TR-TC=PQ-(Q2-60Q+31360)=444×224 – 2242+60×224 – 31360=31360 мың $.
b) әтирап орталық қәрежетлери қосылғаннан соң улыўма қәрежетлер TC=1.5Q2-60Q+31 360 көринисине келеди. Шекли қәрежет болса MC=(TC)'=3Q-60.
MR=500-0.5Q=MC=3Q-60 буннан Q=160 ҳәм P=460 ды табамыз. Монополист пайдасы:
π=TR-TC=PQ-(1.5Q2-60Q+31360)=444×224–1.5×2242+60×224–31360=28960ming $ тең.
Демек 31360-28960=2400 мың $ ге монополист пайдасы кемейипти.
c) әтирап орталық қәрежетлери қосылғаннан соң улыўма қәрежетлер TC=(1+K)Q2-60Q+31 360 көринисине келеди. Шекли қәрежет MC=(TC)'=(2+2K)Q-60.
MR=500-0.5Q=MC=(2+2K)Q-60 буннан Q=560/(2K+2.5) ды табамыз.
Монополист пайдасы π=Q(500-0.25Q)- (1+K)Q2+60Q-31 360=560×560/(2K+2.5) –(1.25+K)×(560/(2K+2.5))2-31360=5602/(4K+5) – 31360<0 болыўы ушын K>1.25 болыўы керек.
0>