Өним түри
|
Комиловлар
|
Заировлар
|
Саат
|
8
|
15
|
Телефон
|
10
|
12
|
Егер бир айдағы жумыс сааты ҳәр бир шаңарақ ушын 240 саатты пайда етсе, олардың айрықша ҳәм улыўма өндирис имканияты сызығы сызылсын.
13. Төменде Қазақстан ҳәм Түркменстан мәмлекетлериниң өндирис қуўатлары ҳаққындағы мағлыўмат келтирилген:
Мәмлекетлер
|
1 тонна өнимге кеткен ўақыт
|
Жыллық ўақыт фонды, саатта
|
Бийдай
|
Пахта
|
Қазақстан
|
24
|
30
|
2400
|
Түркменстан
|
15
|
10
|
1500
|
Абсолют ҳәм салыстырмалы үстинлик ҳаққында не деў мүмкин?
Мәмлекетлердиң өз-ара саўдасыда зыянсыз саўда салыстырмалары анықлансын.
Қандай алмасыў еки тәреп ушын максимал пайда береди?
14. “Нефт-бензин” өндирис қуўатлары таблицасын қараймыз. 4 шерек бойынша да өндирис қәрежетлери өзгермес ҳәм өним өндирис көлеми төмендегише болған:
Шерек
|
Нефт, млн т
|
Бензин, млн т
|
Биринши
|
14
|
4.0
|
Екинши
|
10
|
5.0
|
Үшинши
|
7
|
5.7
|
Төртинши
|
5
|
6.1
|
Келеси шеректе 8 млн тоннадан кем болмаған нефт ҳәм 5.55 млн тоннадан кем болмаған бензин өнимлерин ресурслар қәрежетин өзгертирмеген ҳалда өндирис мүмкинбе?
15. Фирма тек ғана 2 түрдеги өним саат ҳәм сумка ислеп шығарады. Егер ол бар имканиятын саат өндириске қаратса 1 айда 5000 саат ислеп шығады. Егер фирма тек ғана сумка ислеп шығарса 2000 сумка ислеп шығара алады. Еки өнимнен бир ўақытта өндирис имканиятлары таблицада сәўлелендирилген:
Өндирис имканиятлары
|
Саат өндирис көлеми, дана
|
Сумка өндирис көлеми, дана
|
1
|
5000
|
0
|
2
|
4600
|
200
|
3
|
4000
|
400
|
5
|
3500
|
700
|
6
|
2500
|
1100
|
7
|
1100
|
1500
|
8
|
0
|
2000
|
Таблица мағлыўматларынан пайдаланып өндирис имканияты сызығы сызылсын.
16. Қытайлы бир исши Францияға бармақшы. Қытайдан Францияға шекем самолет ҳәм поезд рейслери ҳәр күни болып, бул аралықты самолет 10 саатта, поезд болса 8 күнде басып өтеди. Жумысшының жумыс күни дүйшенбиден шембиге шекем болып, ҳәм ҳәр бир жумыс күни ушын ол 60 мың сўм жумыс ҳақы алады. Самолет билети 900 мың сўм, поездики болса 450 мың сўм болса исши қайсы транспорт қуралын таңласа оған арзанырақ түсиўи тийкарлансын.
II БАП. ТАЛАП ҲӘМ УСЫНЫСТЫҢ ТЕОРИЯЛЫҚ ТИЙКАРЛАРЫ ҲӘМДЕ БАЗАР ТЕҢСАЛМАҚЛЫҒЫ
Темаға тийисли мәселе ҳәм тапсырмалардың үлгили шешимлери
1. Бир бир товарға болған талап ҳәм усыныс функциялары берилген болсын,
Qd=100-1.5P
Qs=20+0.5P
Берилген функциялардан пайдаланып базар тең салмақлылығын анықлаң.
Шешими:_P_2_-7P+12=_3P-4_Þ_P_2_-10P+16=0_D=b_2_-4ac=100-4×16=36__P_1'>Шешими:
Бизге белгили, базар теңсалмақлығы талап ҳәм усыныс көлемлери өз-ара теңлескенде тәмийинленеди. Qe=QS=QD
Демек, 100-1.5P=20+0.5PÞ2P=80ÞPe=40
Qe= 100-1,5×40=40
Жуўап: Тең салмақлылық баҳа 40 бирлик, тең салмақлылық көлем де 40 бирликке тең
2. Ҳаяллар шубасына болған талап ҳәм усыныс функциялары төмендегише:
QD=P2-7P+12;
QS=3P-4.
Берилген функциялардан пайдаланып тең салмақлылық баҳа ҳәм тең салмақлылық көлем анықлансын ҳәмде графиктеги көриниси сәўлелендирилсин.
Шешими:
P2-7P+12= 3P-4 Þ P2-10P+16=0
D=b2-4ac=100-4×16=36
P1=8; P2=2
Биринши тең салмақлылық точка: P1=2, Q1=3×2-4=2.
Екинши тең салмақлылық точка: P2=8, Q2=3×8-4=20
3 .X товарға талап ҳәм усыныс функциялары төмендегише берилген:
QD=200-5P
QS=80+P
Мәмлекет ҳәр бир товарға 10 $ салық белгиледи.
Бул қарар нәтийжесинде
тең салмақлылық параметрлери қандай өзгерисин графикте сүўретлең
бул салықтың тутыныўшы, ислеп шығарыўшы төлейтуғын бөлими ҳәм салық жүги артықшалығы есаплансын.
Шешими:
Дәслеп базар тең салмақлылығын табамыз.
QD=QS
200-5P=80+P
120=6P
P=20. QD=QS=100
Мәмлекет 10 сўм салық белгиленгеннен соң QSt =80+(P-10)=70+P
Таза тең салмақлылық QD=QSt 200-5P=70+P
130=6P
P1=21.6 QD=QSt=70+21.6=91.6
Енди графикте суўретлеймиз
Тутыныўшы төлейтуғын бөлим = (21.6-20)×91.6 = 146.5
91.6=80+P
Pm=11.6
Ислеп шығарыўшы төлейтуғын бөлим=(20-11.6)×91.6=769.4
Салық жүги артықшалығы=(21.6-11.6)×(100-91.6)/2=42
4. Ойлайық, “goldеn” деп аталған алма сортына болған бир айлық талап функциясы усы көринисинде берилген болсын,
QD=100-3PG+2PO+0.01I
Бул жерде, (100) өзгермес параметр болып, алманың баҳасы нолге тең болғанда талап көлеми 100 бирликке тең болыўын аңлатады;
(-3PG) болса, егер “goldеn” сортлы алманың бир килограмм баҳасы бир сумға көтерилгенде усы алмаға болған талап көлеми үш килограммаға пәсейип кетиўин аңлатады;
(+2Po) болса, басқа сортлы алманың баҳасы (орынбасар) бир сумға асқанда “goldеn” алмасына болған талап еки килограммаға асыўын көрсетеди;
(+0.01I) коэффициенти болса, тутыныўшылар дәраматларының ҳәр жүз сумға асыўына “goldеn” алмасына болған талап көлеминиң 1 килограммаға асыўын аңлатады.
Төмендеги шәртлер берилген: бир кг “goldеn” сортлы алманың базар баҳасы P=400 сўм; басқа сортлы алманың баҳасы Po=300 сўм; тутыныўшылардың бир айлық дәраматлары I=200000 сўм болса, “goldеn” сортлы алмаға болған бир айлық талап көлеми анықлансын.
Do'stlaringiz bilan baham: |