Сондай-ақ, өз-өзин қамсызландырыў, опционлар шығарыўдан пайдаланып, басқарыў тараўындағы маманлы жумыслар менен қәўипти бир қанша кемейтиў мүмкин.
Опционлар – бул ийесине белгиленген мүддетте (әдетте 3-6 ай) қымбат баҳалы қағазлар ямаса товарлардың белгили муғдарын дизимге алынған баҳада сатып алыў ямаса сатыў ҳуқықын бериўши қағазлар болып табылады. Опционлар шығарып, кәрхана дәраматлардың кемейиўинен бул кәрхана қымбат баҳалы қағазларға ямаса оның өнимине курстың түсиўи есабынан қосымша кирис алады. Финанслық фьючерслер опционлардан айырмашылығы, олар сатып алыў ҳәм сатыўды өткериўге ҳуқықты емес, бәлким мәжбүриятты көзде тутады. Кәрханалар өз фьючерслеринен өз балансларын тәртипке салыў ушын пайдаланыўы мүмкин.
Исбилерменлик ҳәрекетинен келетуғын дәраматлар пуқаралардың юридикалық шахс мағлыўматсыз әмелге асырылыўшы коммерциялық ҳәрекетинен (жеке уйымластырылмаған саўда, касанашилик ҳәм өнерментшилик өндирис, жеке хызмет көрсетиў) келетуғын дәраматларды да өз ишине алады.