15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай (аккорд) системасында



Download 0,79 Mb.
bet58/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   ...   198
Bog'liq
Miynet

Мийнетке ҳақы төлеўдиң жумыспай (аккорд) системасында аккорд тапсырмаға кирген белгили жумыслар комплексин орынлағаны ушын төленеди, айырым операциялар ҳәм жумыс түрлериниң орынланыўы есапқа алынбайды. Аккорд наряд бойынша мийнет ҳақы суммасы калькуляция тийкарында есапланады. Ол ўақыт (өним ислеп шығарыў) нормасын ҳәм бул комплекске киритилген жумыс түрлери баҳаларын есапқа алады.
Аккорд мийнет ҳақы төлеў әдетте жумысшылар жәмәәти (бригада, звено) ушын енгизиледи ҳәм ҳақыйқатта мийнет нәтийжелерине қарай мийнетке ҳақы төлеў жәмәәтлик системасының бир варианты сыпатында қаралады. Ҳәзирги ўақытта ол мийнетке жумыспай ҳақы төлеўдиң басқа түрлеринен мийнет ҳақының улыўма муғдары исленген жумыс ушын жумысшыге алдыннан, жумыс басланбай турып айтылыўы менен ажыралып турады.
Аккорд ҳақы төлеўдиң енгизилиўи әдетте өндирис тапсырмасын орынлаўдың анық бир мүддетин белгилеў менен байланыслы. Аккорд нарядын алған жумысшы жумыс көлемин анық көреди ҳәм орынлайтуғын жумысы ушын алатуғын ҳақыны ҳәм оны орынлаў мүддетин билип алады, бул болса жумысларды орынлаў мүддетин қысқартпай турып мәпдарлықты асырады. Ҳақы төлеўдиң бул системасы өндирис циклы узақ даўам ететуғын тармақларда (кемесазлықта), сондай-ақ жумысларды орынлаў мүддетин қысқартыў шешиўши роль ойнайтуғын жағдайларда (мәселен, ири өндирис агрегатларын тез (срочно) ремонтлаўда) мақсетке муўапық.
Аккорд ҳақы төлеўден пайдаланыў ушын қурылыста бир қанша қолайлы мүмкиншиликлер бар. Буған халық хожалығыниң усы тармағы ушын сәйкес болған мийнетти шөлкемлестириўдиң жәмәәтлик формасы ҳәм қурылыс жумысларын жеделлик пенен алып барыў зәрүрлиги жәрдем береди. Аккорд өндирис тапсырмасын орынлаўда атмосфера шараятларыниң жақсы келмеўи себепли улыўма сменаларда жумыс тоқтап қалыўы мүмкин. Бундай жағдайларда тапсырмасын орынлаў мүддетиниң узайтырылыўы, көрсетип өтилген дем алыслар анық есапқа алыныўы мүмкин.
Егер аккорд тапсырмасын орынлаў ушын узақ мүддет талап етилсе, жумысшыларға бул есап дәўиринде исленген жумыс көлеминен келип шығып аванс бериледи. Үзил-кесил есап-санақ тапсырмасында көзде тутылған барлық жумыслар тамамланғаннан кейин әмелге асырылады.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   54   55   56   57   58   59   60   61   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish