1. Халыққа кәсипке бағдарлаў бойынша хызмет көрсетиў (кәсиплик тәлим). Халыққа жеткерилетуғын мағлыўматларда бул хызметтен пайдаланатуғын пуқаралардың жасы, социаллық ҳәм миллий өзгешеликлери есапқа алыныўы лазым. Бул бағдардағы жумыс нәтийжелилиги болса бул мағлыўматлардың толықлығы, исенимлиги, перспективалығы, түсиниклилиги ҳәм тәсиршеңлигине байланыслы. Кәсипке бағдарлаў жумыслары ҳәм кәрхананың ғәрезсиз бөлинбеси сыпатында хызмет көрсететуғын, ҳәм бәнтликке жәрдемлесиў орайларының структуралық бөлинбеси сыпатындағы социаллық орайлар арқалы әмелге асырылыўы мүмкин.
Халық пенен кәсипке бағдарлаў жумысларын әмелге асырыўда кадрларға ағымдағы ҳәм келешектеги талап ҳаққындағы түрли мағлыўматлар, кәсиплер, жумыс орынлары, лаўазымлар бойынша мийнет ҳақы муғдары, болажақ хызметкерге қойылатуғын талаплардан улыўмаластырылған ҳалда пайдаланылады.
12.7-сүўрет. Кәсипке бағдарлаў системасы
2. Кәсиплик мәсләҳәт бериў. Буннан көзленген мақсет кәсип таңлаў ямаса кәсибин өзгертиў ҳаққында мүрәжет еткен адамға оның қәлеўи, қызығыўшылығы, мүмкиншиликлерин, бар бос жумыс орынлары, келешекте жумысқа жайластырыўды есапқа алған ҳалда жәрдем бериў. Кәсип-өнер бойынша мәсләҳәтши клиентке:
қорқыўдың орынсыз екенлигин түсиндириўи, бар машқаласы анық емес болса, оған анықлық киритиўи;
оның қызығыўшылық шеңберин анықлап, соған муўапық кәсип-өнерлерди усыныс етиўи;
— қайта окытыў мүмкиншиликлери ҳаққында мағлыўмат бериўи лазым.
Шешилиўи лазым болған ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, кәсиплик мәсләҳәт бериўге түрли шөлкем ўәкиллери, шыпакерлер, психологлар, социологлар тартылады.
3. Кәсиплик таңлаў. Буннан мақсет хызметкерди кәрхананың хызмет түринен қанаатланған тәғдирде өз жеке сезимлерине муўапық өз тараўында жоқары нәтийже келтиретуғын персонал менен тәмийинлеўден ибарат. Бул жумысты әмелге асырыў процесинде хызметкердиң улыўма тәлими, кәсиплик таярлығы, өндирис тәжирийбеси, кәсипке қатнасы, сондай-ақ оның белгили ҳәрекет түрине барлық жеке тәреплери менен сәйкес келиўин есапқа алыў жүдә әҳмийетли (12.8- сүўрет).
Кәсипке бағдарлаў бөлинбеси (кәсиплик мәсләҳәтши)
12.6- сүўрет. Жумыс пенен бәнтлик хызметлериниң кәсипке бағдарлаў бойынша ҳәрекетлери
Кәсипке бағдарлаў ҳәм кәсип таңлаўдың экономикалық нәтийжелилиги кадрлар көнимсизлиги, мийнет өнимдарлығының өсиўи, кәсипти ийелеў ушын зәрүр болған ўақыттың кемейтирилиўи сыяқлы көрсеткишлер жәрдеминде анықланыўы мүмкин. Алып барылған социологиялық изертлеўлер кәсипке бағдарлаў ҳәм кәсип таңлаўдың экономикалық нәтийжесинен анық дерек берип тур. Тийкарынан, өз кәсибин ақылға муўапық, кәсиплик бағдарлаўды есапқа алған ҳалда таңлаған хызметкерлер басқаларға қарағанда 20-40% өнимдарлы мийнет етиўи, жумыста бракқа еки есе аз жол қойыў, гезектеги жумысшы разрядын алыўға 1 жыл аз ўақыт жумсалыўы, кәсиплери ямаса жумыс орынларын 2-3 мәрте аз алмастырыўы анықланған. Кәсипти таңлаўда қәтеликлерге жол қоймаў жумысшыларды оқытыўшы ушын қәрежетлерди 25 процентке кемейтиў мүмкиншилигин бериўи де белгили.
Хызметкерлер менен ислеўде кәсипке қайта бағдарлаў ҳәрекети де бар. Бул әдетте узақ мүддетли, жүдә қурамалы ҳәм қарама-қарсы процесс. Кәсипке қайта бағдарлаў ийеленген кәсиплик көнликпелер тийкарында хызметкердиң бир кәсиптен екиншисине өтиўди аңлатады. Бул процесс төмендеги көп басқышлы дүзилиске ийе:
Дәслепки жумыс орнында мийнет ҳәрекетин жуўмақлаў.
Жумыссызлық.
Жаңа хызмет түрин таңлаў.
Жаңа кәсип ҳәрекетин өзлестириў.
Бул басқышлардың ҳәр бири шахстың руўхый жағдайы өзине сәйкес болыўы менен ажыралып турады. Соның ушын бундай жағдайдағы инсанлардың ҳәр бирине айрықша жантасыў талап етиледи. Кәсипке қайта бағдарлаўда кәсиплик мәсләҳәтши менен психологлардың биргеликте жумыс алып барыўы жақсы нәтийже береди. Бүгинги күнде бәнтликке жәрдемлесиў орайлары дүзилисинде психологиялық хызметлери де хызмет көрсетпекте.
Жумысқа қабыл етилген жаңа хызметкерлерди орны-орнына қойыў талап етиледи. Кәрханада хызметкерлерди орны-орнына қойыў кәрханада қабыл етилген мийнет бөлистирилиўи ҳәм кооперация системасына, сондай-ақ, жумысшылердиң қәбилетлерине муўапық бөлинбелер ҳәм жумыс орынларына мақсетке муўапық бөлистириўден ибарат. Хызметкерлерди орны-орнына қойыў орынланатуғын жумыстың көлеми, өзгешелиги ҳәм қурамалылығы есапқа алынған ҳалда жәмәәт ҳәрекетин шөлкемлестириўшилик пенен уйымластырыўды тәмийинлеўи лазым. Бунда төмендеги принциплерге әмел етиўи талап етиледи:
барлық хызметлер ҳәм бөлинбелер хызметкерлерин бир тегис ҳәм толық көлемде жумыс пенен тәмийинлеў;
хызметкерден оның кәсиби ҳәм маманлығына муўапық пайдаланыў (ҳәр бир хызметкер өз хызмет ўазыйпасын, орынлайтуғын жумысын анық түсиникке ийе болыўы ушын атқарыўшылар функцияларына анықлық киритиў);
жумысшылердиң бирдей кәсиплерин ийелеўин тәмийинлеў арқалы олардың зәрүр жағдайларда өз-ара бир-бири жумысларын алмастырыўға ерисиў;
ҳәр бир жумысшыниң өз хызмет ўазыйпасын ҳәм тапсырылған жумыс ушын толық жуўапкершилигин тәмийинлеў, яғный сан ҳәм сапа көрсеткишлерин анық есап-санақ жүритиў.
Солай етип, жумысшылерди орны-орнына қойыў оларды жумысқа қабыл етиў менен байланыслы процесстиң тығыз даўамлылығы, белгили бир жумысшыге анық бир ўазыйпа, анық бир жумысты тапсырыў.
Кәрханада хызметкерлерди орны-орнына қойыў, дәслеп, жумысшылерди санаат-өндирис персоналы топарлары (жумысшылер, шәкиртлер, инженер-техник хызметкерлер, хызметкерлер, киши хызмет көрсетиўши хызметкерлер) бойынша туўры бөлистириўди көзде тутады. Бунда бул топардағы хызметкерлердиң санлары ең оптимал қатнасқа ерисиўи әҳмийетли. Мине усы мақсетке жумысшылар, инженер-техник хызметкерлер ҳәм басқа хызметкерлери санлары нормаларын ислеп шығыў арқалы ерисиледи.
Кәрханада хызметкерлерди орны-орнына қойыў еки тийкарғы машқала: масласыў машқаласы ҳәм бөлистириў машқаласын шешиў менен байланыслы. Масласыў машқаласы, бириншиден, хызметкердиң мийнетке масласыўы, яғный жумыс орнын эргономикалық талапларына муўапық түрде шөлкемлестириў, жумыс тапсырмаларын жаңадан бөлистириў, мийнет шараятларын жақсылаўға қаратылған технологиялық өзгерислер. Екинши тәрептен болса инсанның мийнетке масласыўы хызметкердиң маманлығын асырыў ямаса қайта маманлығын асырыў бойынша илажларда өзиниң анық көринисин табады (12.9- сүўрет).
12.9- сүўрет. Кәрханада хызметкерлерди орны-орнына қойыў
Бөлистириў машқаласы хызметкерлерди орынланатуғын жумысқа байланыслы түрде ең оптимал орны-орнына қойыў менен байланыслы. Хызметкер жумыс түрине жарамлығы, бириншиден, орынланатуғын жумыс өзгешелиги, екиншиден, хызметкер жеке қәсийетлеринен келип шыққан ҳалда баҳаланады.
Жуўмақлап айтқанда, жумысшылерди ақылға муўапық орны-орнына қойыў олардың жеке өзгешеликлерин, олар орынлайтуғын жумысқа қойылатуғын талапларға илажы барынша толық сәйкес келиўине ерисиўден ибарат.
Do'stlaringiz bilan baham: |