өндиристен ажыралмаған ҳалда оқыў орынларында оқыў қатнасығы менен берилген қосымша дем алыста.
Булардан тысқары, ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик напақасы жумыстан ямаса басқа ўазыйпалардан бас тартыў мақсетинде өз ден саўлығына биле-тура зыян жеткерген ямаса өзин кеселликке салғанда; нәшебентлик ямаса мәслик менен байланыслы ҳәрекетлер ақыбетинде, сондай-ақ, спиртли ҳәм нәшебентлик затларын тутыныў нәтийжесинде кеселликке шалынғанда; жынаят жүз бериў ўақтында жарақатланғанда; суд қарары тийкарында мәжбүрий емлениўге жиберилгенде; қамақта болған дәўирде; суд-медицина экспертизасынан өтиў дәўиринде берилмейди.
Ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик напақасы жумыс стажының даўамлығына қарамай мийнет ҳақының 100 проценти муғдарында ислеп атырған екинши жәҳән урысы қатнасыўшыларына; интернационал жаўынгерлерге ҳәм оларға теңлестирилген басқа шахсларға; қарамағында 16 жасқа (оқыўшылар 18 жасқа) жетпеген үш ямаса оннан артық балалары болған жумысшылерге; Чернобыль АЭСтеги авария нәтийжесинде радиоактив зәҳәрлениў зонасынан эвакуацияланған ҳәм көширилген, қан пайда етиўши органлар кеселликлери ҳәм қәўипли өсимтелер менен байланыслы кеселликлерге шалынған жумысшылерге; мийнетте майып болыў ҳәм кәсип кеселлиги нәтийжесинде ўақтынша мийнетте жарамсыз болған хызметкерлерге төленеди.
Социаллық әҳмийетке ийе болған кеселликлер (туберкулёз кеселлиги, онкология кеселликлери, қәўипли өсимтелер, жынысый жол менен өтетуғын кеселликлер, ОИТС, мақаў кеселлиги, руўхый кеселликлер) бойынша есапта турған жумысшылерге олар тәрепинен мәмлекет социаллық қамсызландырыў взнослары төлеген дәўириниң (улыўма жумыс стажының) даўамлылығына байланыслы түрде ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик напақасы төмендеги муғдарда төленеди:
улыўма жумыс стажы 8 жыл ҳәм оннан артық болған жумысшылерге мийнет ҳақының 100 проценти муғдарында;
улыўма жумыс стажы 5 жылдан 8 жылға шекем болған жумысшылерге мийнет ҳақының 80 проценти муғдарында;
улыўма жумыс стажы 5 жылға шекем болған жумысшылерге мийнет ҳақының 60 проценти муғдарында.
Жоқарыда келтирилген жумысшылерден тысқары қалған жумысшылерге: улыўма жумыс стажы 8 жыл ҳәм оннан артық болған жумысшылерге ҳәмде 21 жасқа жетпеген шын жетимлерге ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы мийнет ҳақының 80 проценти муғдарында; улыўма жумыс стажы 8 жылға шекем болған жумысшылерге ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы мийнет ҳақының 60 проценти муғдарында төленеди.
Улыўма, ўақтынша мийнетке қәбилетсизлик бойынша напақа барлық жағдайларда белгиленген ең кем мийнет ҳақыдан аз болмаўы ҳәм напақа есаплап шығарылған мийнет ҳақыдан жоқары болмаўы лазым.