15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


 Әпиўайы ҳәм қурамалы мийнет



Download 0,79 Mb.
bet191/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   187   188   189   190   191   192   193   194   ...   198
Bog'liq
Miynet

1. Әпиўайы ҳәм қурамалы мийнет. Әпиўайы мийнет раўажланыў дәрежеси менен ажыралып турмайды, ҳәр қандай адамның организми орта есапта ийе болған жумысшы күшиниң жумсалыўы менен белгиленеди. Бул хызметкерден арнаўлы кәсиплик таярлық талап етпейтуғын, маманлықсыз мийнет есапланады. Дәреже алған ямаса көбейтирилген мийнет ғана қурамалы мийнет есапланады. Қурамалы мийнет бир саатта, әпиўайы мийнеттиң бир неше саатты жәмлеўши мийнет бирлиги менен белгиленеди. Усы себепли де маманлы хызметкерлер ўақыт бирлиги даўамында маманлығы жоқ хызметкерлерге қарағанда көп өним ҳәм қун жаратады.
2. Репродуктивлик ҳәм дөретиўшилик мийнет. Репродуктивлик мийнет – қайталанылған, алдыннан белгили болған, дөретиўшилик тәреплери болмаған мийнет. Дөретиўшилик мийнет болса қуралыўшы мийнет болып, онда инсан сапа жағынан жаңа, қайталанбаған, өзине сай, басқаша зат жаратады. Дөретиўшилик мийнеттиң нәтийжелери инсанның қәбилети, жумысқа берилгенлиги, оның әҳмийетлилиги, шәрт-шараятларыныа ҳәм басқаларға байланыслы болады.
3. Функционаллық ҳәм профессионаллық мийнет. Функционаллық белги бойынша мийнет қандай мақсетке қаратылғанлығына, жумсалыў тараўына ҳәм хожалық хызметиниң экономикалық дәўириндеги функционаллық ролине қарай түрлерге бөлинеди.
Мәселен, илимий хызметкердиң мийнети төмендегише сүўретлениўи мүмкин: ақылый, дөретиўшилик, қурамалы, жоқары маманлы, индивидуал, илимий, инновацион, техника менен қуралланған, жоқары технологиялық, әҳмийетли, орташа аўырлықтағы, ғәрезсиз, регламентсиз мийнет. Жумысшылер бригадасының мийнети көпшилик жағдайларда физикалық, дөретиўшилик, орташа қурамалы, маманлы, коллективлик, өндирис пенен байланыслы, қурыўшылық, техника менен қуралланған, орташа технологиялық, ҳәрекетшең, орташа аўырлықтағы, көркемлик, жалланба, регламентленген болады.
Ҳәр бир хызметкерге ҳәм коллективке сәйкес түрде мийнетти ҳәр тәреплеме сүўретлеў усы мийнет кәрхана ямаса шахстың социаллық ҳәм экономикалық ўазыйпаларын шешиўде мийнет етиўдиң мақсетлеринен келип шығатуғын талапларға сәйкес келиўи-келмеўин баҳалаў ушын зәрүр тийкар болып хызмет етиўи керек.
Ҳәр бир кәрхананың өндиристеги орнына қарай ҳәм орынлайтуғын функцияларына муўапық түрде хызметкерлер топарлары дүзиледи. Ҳәр бир функция кәрхананың нормада ислеўи ушын зәрүр болған хызметтиң тәреплери менен байланыслы болады. Ҳәр бир функционаллық топар шешетуғын ўазыйпалар ушын өзине сәйкес ўазыйпалар болады. Бундай тәртипте шөлкемлестирилген мийнетти функционаллық мийнет деп атаў мүмкин. Функционаллық мийнет орынланатуғын хызметкерлериниң дүзилиси өз өзгешеликлери менен бир-биринен ажыралатуғын мийнет есапланады (мәселен, өндиристе, басқарыў мийнети, илимий мийнет ҳәм басқа). Ҳәр бир топардың жумысында мийнет айрықша кәсип ҳәм қәнигеликлер бойынша ажыралады. Буған инженер-технолог, инженер-конструктор, инженер-шөлкемлестириўши, инженер-нормаластырыўшы кәсиплериниң ажыралыўы мысал бола алады.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   187   188   189   190   191   192   193   194   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish