Алыў дерегине қарай кәрханалар тутыныў фондынан (кәрханалардағы мийнет ҳақы, сыйлықлаўлар, социаллық төлемлер), мәмлекет бюджетинен ҳәм мәмлекет бюджеттен тысқары фондларынан (пенсия, напақа, жәрдем, стипендия, жеңилликлер) ҳәм пуқаралар мүлкинен (дивиденд, процент, ижара төлеми, жеке жәрдемши хожалықтан дәраматлар) алынатуғын дәраматларды ажыратып көрсетиў мүмкин.
Соның менен бирге, тийкарғы ҳәм қосымша дәрамат дереклерин ажыратыў мүмкин. Қосымша дәрамат – қаржылардың тийкарғы дерегинен тысқары алынатуғын дәрамат болып табылады (қоса ислеў (қоса ислеў) бойынша, қымбат баҳалы қағазлар бойынша дәраматлар ҳәм т.б.). Дәрамат алыўдың қосымша дерегине тийкарғы дәраматтың жетерли емеслиги себепли мүрәжет етеди – соңғы жылларда 50,0%тен артығырақ халық қосымша дәрамат алыў ушын қосымша түрде ислеўге мәжбүр. Қосымша дәраматларға умтылыўдың және бир себеби, тийкарғы дәрамат қысқарған ўақытта турмыс дәрежесиниң түсип кетиў қўапин кемейтиўге мүмкиншилик бериўши дәрамат дереклерин диверсификациялаўға умтылыў болып есапланады.
Нызамлы дәрежесине қарай, нызамлы ҳәм нызамсыз дәраматларды ажыратыў керек болады. Ҳуқықый жақтан ақланған формаға ийе нызамлы дәраматлардан парықлы түрде, нызамсыз дәраматлар дереги ҳәрекетин есапқа алынбаған ҳәм ҳуқыққа қарсы түрлери болып табылады. Нызамлы емес дәраматларды еки үлкен топарға бөлиў мүмкин. Бириншиси – наркотик саўдасы, рэкет, контрабанда, коррупция менен байланыслы келип шығыўы жынаятлы нызамсыз дәраматлар. Екиншиси – экономикалық өзгешеликке ийе дәраматлар: салық хызметлери тәрепинен дизимге алынбаған, бирақ өзгешелигине қарай жынаят есапланбаған ҳәрекет түрлери (рухсатнамасыз саўда етиў, жасырын устаханалар ҳәм т.б.).
Халық улыўма дәраматларын анализлеўде оннан пайдаланыў бағдарларын көрип шығыў әҳмийетли есапланады.
Улыўма дәраматтан пайдаланыў дүзилиси төмендеги бағдарлардан пайда болады:
I. Тутыныў қәрежетлери:
– азық-аўқат;
– алкоголь ишимликлер ҳәм темеки өнимлери;
– азық-аўқатлық емес өнимлери;
– хызметлер.
Салықлар, жыйымлар, төлемлер.
Басқа қәрежетлер.
Жамғармалар.
Солай етип, халықтың жәми дәраматлары тутыныўға жеке жәрдемши хожалықтан натурал түсимлер баҳасын ҳәм халыққа социаллық фондлар есабына бийпул ҳәм жеңилликли хызметлер баҳасын есапқа алған ҳалда киримниң барлық дереклери бойынша пул дәраматларының улыўма жыйындысын қурайды.
Қысқаша жуўмақлар
Халықтың абаданшылық дәрежесин анықлаўда «турмыс дәрежеси», «ххалық абаданшылығы», «турмыс ҳәрекети қәўипсизлиги», «турмыс тәризи», «мийнет ҳәрекети сыпатында», «турмыс сапасы» сыяқлы түрли түсиниклер қолланылады. Базыда түрли атамалар бир мазмунын аңлатса, басқа жағдайларда олар ортасындағы айырмашылық белгили характерди талап етеди, мазмуны сезилерли дәрежеде ажыратады. Соның менен бирге, бул түсиниклердиң өз-ара байланыслылығын да айтып өтиў керек.
Турмыс дәрежеси – бул физикалық, руўхый ҳәм социаллық мүтәжликлердиң раўажланыў дәрежеси, қанаатланғанлық көлеми ҳәм оларды қанаатландырыў ушын жаратылған мүмкиншиликлерди сәўлелендириўши комплекс социаллық-экономикалық категория.
Турмыс дәрежеси көрсеткишлери улыўма ҳәм жеке түрлерге ажыратылады.
Халық дәраматлары – халық ямаса шаңарақ ағзалары тәрепинен белгили дәўир ишинде алынған ямаса ислеп табылған пул ямаса натура формасындағы қаржылар жыйындысы. Халықтың талап-мүтәжликлер дәрежеси ҳәм структуралық дәраматлар ҳәм муғдарларына тиккелей байланыслы.
Тутыныў себети – инсанның саламатлығын сақлаў ҳәм оның турмыс-ҳәрекетин тәмийинлеў ушын зәрүр болған азық-аўқат өнимлери, азық-аўқатлық емес товарлары ҳәм хызметлердиң минимал топламы.
Қадағалаў ушын сораўлар
Турмыс дәрежеси дегенде нелер түсиниледи?
Турмыс дәрежеси көрсеткишлериниң тийкарғы топарларын айтып бериң. Экономикалық ҳәм социаллық көрсеткишлердиң роли қандай?
Турмыс дәрежесин асырыўда факторлар қандай орын тутады?
Өзбекстандағы, раўажланған ҳәм раўажланып атырған мәмлекетлердеги турмыс дәрежесин қандай баҳалайсыз?
Өзбекстанда турмыс дәрежесин асырыўдың қайсы жолын таңлаған мақул? Өз пикириңизди тийкарлаң.
Халық дәраматлары дегенде нелер түсиниледи ҳәм оның қандай түрлери бар?
Дәраматлардың ең әҳмийетли дереклери нелерден ибарат?
Шаңарақ бюджети ҳәм оның структуралық бөлими нелерден қуралған?
Тутыныў бюджети деген не ҳәм ол қандай көрсеткишлерге ийе?
Жасаў минимумы ҳәм тутыныў себетшеси нени билдиреди?
Do'stlaringiz bilan baham: |