Қысқаша жуўмақ
Мийнетке масласыў (көнигиў) – бул, шахс жаңа мийнет жағдайды өзлестириўдиң социаллық процесси болып, онда шахс ҳәм мийнет орталығы бир-бирине актив тәсир көрсетеди ҳәм масласыўшы-масластырыўшы системалар есапланады.
Профессиограмма – бул, кәсиплерди ҳәр тәреплеме сүўретлеў арқалы жумысшы, қәниге тапсырмасын қандай ҳәм қайсы мийнет қураллары жәрдеминде, өндиристиң қандай техникалық шараятларында орынлаўы кереклиги ҳаққында түсиник береди.
Кәсипке бағдарлаў - бул инсанның сезимлери, қызығыўшылықлары, қәбилетин, сондай-ақ, миллий экономиканың тийисли қәнигеликлерге мүтәжлигин есапқа алған ҳалда оны мийнет ҳәрекетиниң белгили бир түрине қызығыўшылығын қәлиплестириў, тиккелей усы инсан ушын ең мақсетке муўапық болған өнер таңланыўын тәмийинлеў болып табылады.
Жаңа хызметкерди кәсипке масластырыў кәсипке бағдарлаўдың жуўмақлаўшы басқышы, кәсип бойынша мағлыўмат ҳәм мәсләҳәт бериў, персоналды таңлаў бойынша ҳәрекет нәтийжелилигин белгилеўши жуўмақлаўшы нәтийжелерден бири болып табылады. Кәрханада жумысшылерди орны-орнына қойыў кәрханада қабыл етилген мийнеттиң бөлистирилиўи ҳәм кооперация системасына, сондай-ақ, жумысшылердиң қәбилетлерине муўапық бөлинбелер ҳәм жумыс орынларына мақсетке муўапық бөлистириўден ибарат.
Сынаў мүддети - шөлкем жаңа хызметкериниң жумысқа масластырыўдың тийкарғы дәўири болып табылады. Бул мүддет тамамланғаннан кейин жумысшы таңланған хызмет ўазыйпасы ямаса жумыс орнына ылайықлығы ямаса ылайықсызлығы ҳаққында хабардар етилиўи керек.
Қадағалаў ҳәм додалаў ушын сораўлар 1. Мийнетке масласыў нени билдиреди?
2. Жумысшыниң мийнетке орталығына анық масласыўы нелерде көринеди?
3. "Бирлемши" ҳәм "екилемши" масласыў деген не?
4. Масласыў түрлерин тәрийплең ҳәм мазмунын түсиндириң.
5. Масласыў басқышларын санап шығың ҳәм тәрийплең.
6. Кәсиплик таңлаў басқышлары нелерден ибарат?
7. Мәртебе дегенде нени түсинесиз ҳәм оның қандай түрлери бар?
8. Жумысшылердиң масласыўына тәсир көрсетиўши объектив ҳәм субъектив факторларды сүўретлең.
9. Кәсипке бағдарлаў деген не?
10.Сынаў мүддети қандай белгиленеди ҳәм оның әҳмийетин түсиндирип бериң.
Әдебиятлар
Қ.X.Абдураҳмонов ва Н.Т.Шоюсупова. Меҳнат иқтисодиёти: Ижтимоий меҳнат муносабатлари: Darslik. - T.: TDIU, 2011
Экономика и социология труда. Учебник. Под ред. А.Я.Кибанова. –М.: ИНФРА-М, 2020. - 548 с.
Қ.Х.Абдураҳмонов Меҳнат иқтисодиёти. Дарслик. – Т.: Мийнет, 2019. -763 бет.
М.И.Бухалков Организация производства на предприятиях машиностроения. Учебник. – М.: ИНФРА-М, 2020. – 511 с.
Ю.Г.Одегов, Г.Г.Руденко.Экономика труда. Учебник. - М.Волтерс Клувер, 2020. - 800с.
Экономика труда. Учебное пособие. Под ред. Абдурахманова К.Х., Одегова Ю.Г.-Т. 2020, 459 с.
Қ.Х.Абдураҳмонов, Ш.Р.Холмўминов, А.M Акбаров, А.Б.Хайитов. Меҳнат иқтисодиёти ва социологияси (ўқув қўлланма) – T.O’zbekiston Yozuvchilar uyishmasi Adabiyot jamg’armasi nashriyoti, 2015. – 160 b
www.stаt.uz (Өзбекстан Республикасы статистика комитети)
www.Uzа.uz (Өзбекстан Миллий Мағлыўмат агентлиги)
Do'stlaringiz bilan baham: |