15.3. Кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумысшылердиң социаллық қорғаў системасы
Жумысшылерди социаллық қорғаў – бул жумысшы турмысындағы зәрүр мәплер тараўы болып, оның санлы ҳәм сапа характеристикалары мәмлекет ҳәм жәмийеттиң социаллық, экономикалық, ҳуқыйқый ҳәм мәдений раўажланыўы дәрежеси ҳаққында дерек береди. Социаллық қорғаў ҳуқықы – бул халық аралық жәмийетте тән алынған ҳәм мәмлекет тәрепинен кепилленетуғын жумысшыниң мүнәсип турмыс кешириўи ушын жетерли физиологиялық, социаллық ҳәм руўхый мүтәжликлерин қанаатландырыў мүмкиншилиги. Жумысшылерди социаллық қорғаў системасы көп жақтан мәмлекеттеги тәртип, жәмийеттеги әсте ақырынлик дәрежеси, экономикалық-социаллық раўажланыўдың турақлылығы ҳәм динамикасы менен байланыслы.
Теориялық-әмелий көз-қарасқа қарай, социаллық қорғаў тараўы мәмлекет социаллық сиясаты ҳәм мийнет қатнасықларының ең әҳмийетли компонентлеринен бири есапланады. Халық аралық Мийнет Шөлкеминиң 117-конвенцияның 25-статьясы – “Социаллық сиясаттың тийкарғы мақсет ҳәм нормалары”на қарай инсан өзиниң ҳәмде шаңарағының саламатлығы ҳәм абадан турмысы ушын зәрүр болған турмыс дәрежесине ийе болыўына ҳақлы ҳәм бунда азық-аўқат, кийим-кеншек, турақ-жай, медициналық хызмет, социаллық қорғаўды киритиў лазым. Сондай-ақ, ол өзине байланыслы болмаған себеплерге қарай, өзи ҳәм шаңарағын тәмийинлей алмай қалса, жумыссыз ямаса нәгиран болса да социаллық тәмийинлеў ҳуқықына ийе.
Жалланып ислейтуғын жумысшы кеселлик, бахытсыз ҳәдийсе, кекселик ямаса оның мийнетине талап кемейиўи себепли мийнетке жарамлылығын жоғалтса (ўақтыншалық ямаса турақлы түрде) онда материаллық тәмийинлениў машқаласы жүзеге келеди. Усы себепли базар экономикасында социаллық қорғаў жәмийеттиң хожалық ҳәм социаллық турмысының структуралық бөлимине айланған, оның шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формалары болса мийнет процесси ҳәм мийнет күшиниң қайта дүзилиўиниң үзликсизлигин тәмийинлеўге қаратылған.
Жумысшылерди социаллық қорғаў мәселелериндеги социаллық-мийнет қатнасықлары кәрхана (шөлкем), тармақ ҳәм регион дәрежесинде әмелге асырылады. Олардың ҳәр бири ушын өз байланысы ҳәм қатнасықлар предметлери сәйкес болып, булар биргеликте жумысшыниң социаллық жағдайы ҳәмде мийнет турмысы дәрежеси ҳәм сапасы көрсеткишлерин белгилейди.
Өз гезегинде, жумысшылердиң социаллық жағдайы ҳәм мийнет турымысының сапасы инсанлар, жәмәәтлер ҳәм социаллық топарлар турмыс тәризи, ҳәрекетиниң тийкарғы характерлеўшилери болып, еки қыйлы формаға ийе. Бириншиси – бул айрықша инсан, шаңарақ, социаллық топарлар жағдайының әмелий дәрежеси (объектив ҳәм субъектив себеплер), екиншиси, социаллық кепилликлер көринисиндеги социаллық жағдай. Бул екинши форма әмелдеги социаллық-мийнет қатнасықларының норматив-нызамшылық пенен тәмийинлениўди сәўлелендиреди.
Жумысшылерди социаллық қорғаў системасы өз дүзилисине кең көлемдеги төмендеги компонент ҳәм сегментлерди (элемент, форма, механизм, система ҳәм институтларды) қамрап алады (15.2-кесте):
– айрықша норматив-ҳуқықый элементлер: олар бир шөлкемге бирлеспей, өз бетинше ямаса басқа элементлер менен комбинацияда әмел етеди. Олар қатарына мийнет ҳәм социаллық ҳуқықтың нызамшылық нормаларын киритиў мүмкин (мийнет ҳаққындағы кодекслер, пенсия тәмийнаты ҳәм ден саўлықты сақлаў ҳаққындағы нызамлар), бул нормалар туўрыдан-туўры әмел етиў өзгешелигине ийе: жумысшылерди жумысқа қабыл етиў ҳәм жумыстан босатыў, жумыс ўақты тәртиплери, жумыстан тысқары ўақыттағы ҳәм түнги жумысларға ҳақы төлеў, ҳаяллар ҳәм өспиримлер мийнетин қорғаў, пенсия ҳәм напақа пулы, сондай-ақ медициналық жәрдем нормаларының муғдарлары;
Do'stlaringiz bilan baham: |