15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


- сүўрет. Кәсиплик таңлаўды әмелге асырыў басқышлары



Download 0,79 Mb.
bet46/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   198
Bog'liq
Miynet

12.3- сүўрет. Кәсиплик таңлаўды әмелге асырыў басқышлары
Биринши басқышта – бақлаў материаллары, жумысшы процесслерин сораўлар, тест сораўларына тартыў, басшылар, жетекши қәнигелер менен сәўбетлесиў тийкарында профессиограмма (кәсипнама) дүзип шығады.
Профессиограмма – бул, кәсиплерди ҳәр тәреплеме сүўретлеў арқалы жумысшы, қәниге тапсырмаларын қандай ҳәм қайсы мийнет қураллары жәрдеминде, өндиристиң қандай техникалық шараятларында орынлаўы кереклиги ҳаққында түсиник береди. Оған орынлаўшы жуўап бериўи лазым болған талаплар да киреди. Профессиограмма өндирис-техникалық, экономикалық, гигиеналық, медициналық, социаллық, педагогикалық ҳәм психофизиологиялық көринислерди өз ишине алады.
Екинши басқышта – кәрханаға жумысқа кирип атырған жастың медициналық дәлийлер, физикалық, руўхый ҳәм физиологиялық өзгешеликлери үйрениледи.
Солар тийкарында жеке карта дүзип шығылады, онда инсанға социаллық жақтан баҳа бериледи (аңлылығы, кәсиплик ҳәрекетиниң себеплери, кәсиплик қызығыўшылықлары, пикир шеңбериниң кеңлиги, өндирис ҳәрекетинен қанаатланғанлығы), психологиялық баҳа бериледи (жоқары нерв ҳәрекетиниң түри, мий басқарыў системаларының дүзилиси өзгешеликлери). Жеке картаны дүзип шығыў ушын әдетте еки тийкарғы усылдан пайдаланылады: тестлер системасы - мәселелер топламынан ибарат болып, оларды шешиў процесинде инсанның психофизиологиялық өзгешеликлери ҳәм сапалары: дыққат-итибары, темпераменти ҳәм усы сыяқлылар сәўлеленеди; жумысқа кириўшилер менен жеке сәўбетлесиў, сораўнама тарқатыў ҳәм басқалар.



12.4-сүўрет. Хызмет дәрежеси түрлери ҳәм оның бағдарлары


Кәрхана ҳәм шөлкемлерде хызметкердиң оқыўы, жумыс стажы, ийелеген кәсиплик маманлығы, инициативалылығы, исбилерменлиги ҳәм сапалы мийнет етиў нәтийжелеринен мәпдарлық сапаларына қарай лаўазым ҳәмде кәсиплер бойынша ўазыйпаларға көтериў системасы әмелге асырылады
Дәреже (Мәртебе) - бул инсанның пүткил жумыс пенен байланыслы жыллары даўамында мийнет тәжирийбеси ҳәм ҳәрекети менен байланыслы айрықша аңлап жетилген көз-қарасы ҳәм минез-қулқы (ийелеген лаўазымларындағы, жумыс орынларындағы избе-излик мийнет шөлкеминдеги аўҳалыаhvоli) болып табылады. Дәрежениң еки түри: кәсиплик ҳәм шөлкем ишиндеги дәреже бар (2.4-сүўрет).
Кәсиплик мәртебе белгили бир жумысшы өзиниң кәсип тараўындағы ҳәрекетинде түрли раўажланыў басқышларын оятады: тәлим алады, жумысқа киреди, кәсиплик жақтан өседи, айрықша кәсиплик қәбилетлери қоллап-қуўатланады, пенсияға шығады. Бул басқышларды жумысшы түрли шөлкемлерде избе-излик пенен өткериўи мүмкин.
Шөлкем ишиндеги мәртебе жумысшыниң бир шөлкем көлеминдеги раўажланыў басқышларының алмасып турыўын өз ишине алады. Ол үш тийкарғы бағдарда әмелге асырылады:
мәртебениң вертикал бағдары - бул структуралық бағананың жәнеде жоқарырақ дәрежесине көтерилиўи;
горизонтал бағдар – ҳәрекеттиң басқа функционаллық тараўына қосылыўы ямаса шөлкемлестириўшилик структураға қатаң түрде рәсмий бириктирип қойылмаған шөлкемлестириўшилик структурада белгили бир хызмет ўазыйпасын орынлаў болып табылады (мәселен, ўақтынша шөлкемлестирилген мақсетли топардың баслығы ўазыйпасын орынлаў ҳәм т.б.). Горизонтал мәртебеге қосымша ҳақы төлеў есабына дәслепки басқыштағы ўазыйпаларды кеңейтиў ямаса қурамаластырыўды киритиў мүмкин;
орайға умтылыўшы бағдар жумысшылер ушын бир қанша қызығарлы болса да көбирек жағдайларда көзге тасланбайды. Бул - шөлкемниң администрациясына қарай исленетуғын ҳәрекет. Мәселен, хызметкердиң өзи ушын алдын қолайлы болмаған ушырасыўларға, рәсмий ҳәм рәсмий емес тәризиндеги кеңеслерге усыныс етиў, шын кеўил менен мүрәжет етиў ҳәм т.б.

Download 0,79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish