15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы



Download 0,79 Mb.
bet25/198
Sana18.02.2023
Hajmi0,79 Mb.
#912604
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   198
Bog'liq
Miynet

пенсионерлер. Халықтың бул топары пул тәмийнаты ҳуқықына ийе пуқаралар болып, олардың бул ҳуқықы тийисли нызамшылық ҳүжжетлери тийкарында әмелге асырылады. Бул пенсия жасына жеткен пуқаралар пенсионерлер болып есапланады (еркеклер 60 жас, ҳаяллар 55 жас, ҳаялларға қарай айырым жағдайлар буннан тысқары); нәгиранлықтың тийисли топары белгиленген шахслар. Шаңарақ бағыўшысын қарамағындағы мийнетке қәбилетсиз шаңарақ ағзалары, сондай-ақ, бағыўшысынан ажыралған балаларға қараў менен шуғылланыўшы шахслар (14 жасқа шекем болған балаларға) узақ ўақыт анық кәсиплик ҳәрекетти орынлап келген жумысшылердиң айырым топары; ишки жумыслар мекемелеринде әскерий хызметке барғанлар олардың шаңарақлары. Соның менен бирге, халықтың бул топарына кәрхана, мекеме, шөлкемде ислеп атырған пенсия алыўшы пуқаралар да киреди. Ислеп атырған пенсионерлерге кекселик бойынша пенсия 50 процент муғдарында төленеди.

  • нәгиранлар. Халықтың бул топарына физикалық ямаса ақылый нуқсанлары барлығы, турмыс ҳәрекети шекленгенлиги қатнасы менен социаллық жәрдем ҳәм қорғаўға мүтәж болған шахслар киреди. Буған оның турмыс ҳәрекетин шеклеўге алып келген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж етип қойған жарақат ямаса нуқсанлар, кеселликлер себеп болады. Организм функциясының бузылыў дәрежесине байланыслы ҳалда ҳәм турмыс ҳәрекети шекленгенлигине қарай биринши, екинши топар нәгиранлығы белгиленеди. Нәгиран балалар физикалық ямаса ақылый, сезиў нуқсанларының барлығы себепли турмыс ҳәрекети шекленгенлиги қатнасы менен социаллық жәрдем ҳәм қорғаўға мүтәж 18 жасқа шекем болған шахслар. 16 жасқа шекем болған балаларды нәгиран деп табыў медициналық-мәсләҳәт комиссиялары тәрепинен, 16 жастан 18 жасқа шекем болса – медициналық-мийнет эксперт комиссиялары тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

    аз тәмийинленген шаңарақлар. Булар дәраматы жасаў минимумынан жоқары болмаған шаңарақлар. Аз тәмийинленгенлик (кәмбағаллық) шегарасы қәнигелер тәрепинен норматив тутыныў себетшесинен келип шығып белгиленеди. 1975 жылда бурынғы аўқамда кәмбағаллық шегарасының норматив дәрежеси халық жан басына 50 сўм айлық дәраматқа тең болған. Ҳәзирги күнде жаңа социаллық-экономикалық системаgа өтиў қатнасығы менен бул шегараны белгилеў бир қанша қурамалы мәселе. Аз тәмийинленген шаңарақларға көп балалы, бағыўшысын жоғалтқан, напақахор шаңарақлар киреди.
    жумыссызлар. Халықтың бул топарына жумысы ҳәм пул табыў ушын қандайда бир жумысы болмаған мийнетке жарамлы пуқаралар киреди. Бундайлар халық бәнтлиги хызметинде дизимде өзи ушын сәйкес жумыс излеў мақсетинде турған болыўы ҳәм табылғанда ислеп кете алыўы лазым. Бунда бәнтлик хызмети бағдары бойынша жәмәәтшилик жумысларын орынлағанлығы ушын төленген ҳақы, сондай-ақ, жумыстан кетип атырғандағы ҳәм кәрханадан, мекемеден, шөлкемнен олардың тамамланыўы, қайта шөлкемлестирилиўи, жумысшылар санын ямаса жумыс орынларын қысқартыў менен байланыслы ҳалда босаған пуқаралар жумыссызлар деп тән алынады. Қашан қарар бәнтлик хызмети тәрепинен пуқараның турақ орны бойынша бәнтлик хызметине паспорт, мийнет дәптершеси ямаса олардың орнын басыўшы ҳүжжетлер, сондай-ақ, кәсиплик маманлығын тастыйықлаўшы, соңғы жумыс орнынан еки ай даўамында алған орташа айлығы ҳаққында мағлыўматнама, биринши мәрте жумыс излеп атырған ҳәмде кәсипке ийе болмағанлар паспорт ямаса мағлыўматы ҳаққындағы ҳүжжетни он бир күннен кешикпей усынса, бундай ҳалда пуқаралар жумыссыз деп тән алынады.
    Жоқарыдағы халық топарлары қатары халықтың социаллық қорғаў объектлерине:
    – ҳәмледар ҳәм жас балаларға қараў менен бәнтлиги себепли ислемей атырған ҳаяллар;
    – кеселлик себепли ўақтынша ислемей атырған пуқаралар;
    – оқыўшы жаслар;
    – мийнетке жарамсызларға қараў менен бәнт болған ислемей атырған мийнетке жарамлы пуқаралар да киреди.
    Халықты социаллық қорғаў принциплери мүтәж пуқараларға социаллық жәрдем көрсетилиўи ўақтында халық аралық ҳуқық ҳәм улыўмаинсаный нормаларына, сондай-ақ, миллий қәдриятларға қатаң түрде әмел етеди. Социаллық жәрдем көрсетиў ўақтында төмендеги принциплерге сүйенеди:
    – социаллық жәрдем көрсетиўде инсанпарўарлық қағыйдаларға әмел етиў;
    – социаллық әдиллик;
    – социаллық жәрдем көрсетиўди турақлы түрде жетилистирип барыў;
    – социаллық жәрдемниң улыўмалығы ҳәм ҳеш кимди кемситиўге жол қоймаў;
    – жәрдемнен пайдаланыўдың ықтыярлылығы;
    – көрсетилетуғын жәрдемниң турмыс кешириў минимумынан аз болмаўы;
    – социаллық жәрдем көрсетиўши органлардың өз ҳәрекетлерин ашық ҳәм нызам тийкарында әмелге асырыўы;
    – социаллық жәрдем көрсетиў мақсетинде жеке ҳәм шериклик қаржыларының кең тартылыўы;
    – социаллық жәрдем көрсетиўге пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларын кең тартыў.
    Халыққа социаллық жәрдем көрсетиўде теңлик принципине айрықша итибар берилиўи лазым. Яғный, социаллық жәрдем көрсетиў ўақтында пуқараның жынысы, расасы, миллети, тили, дини, жасаў орны, сондай-ақ, басқа жағдайлары итибарға алынған ҳалда, ҳуқықларының ҳәр қандай шеклениўи ямаса нызамда тиккелей көзде тутылмаған жағдайларда абзаллықлар берилиўи қадаған етипледи. Пуқара өз ҳуқықлары кемситилгени жүзесинен тийисли мәмлекет органларына ямаса тиккелей судқа белгиленген мүддет ҳәм тәртиплерде мүрәжет етиўге ҳақылы.
    Солай етип, халықты социаллық қорғаў системасы материаллық жәрдем көрсетиў мақсетинде халықтың түрли социаллық-демографиялық ҳәм кәсип топарлары, сондай-ақ, мәмлекет ушын айрықша хызмет көрсеткен пуқараларға усынылатуғын социаллық пенсия, напақа, коммпенсация, субсидия (пул көринисинде берилетуғын жәрдем) ҳәм жеңилликлер менен характерленеди.


    Download 0,79 Mb.

    Do'stlaringiz bilan baham:
  • 1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   198




    Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
    ma'muriyatiga murojaat qiling

    kiriting | ro'yxatdan o'tish
        Bosh sahifa
    юртда тантана
    Боғда битган
    Бугун юртда
    Эшитганлар жилманглар
    Эшитмадим деманглар
    битган бодомлар
    Yangiariq tumani
    qitish marakazi
    Raqamli texnologiyalar
    ilishida muhokamadan
    tasdiqqa tavsiya
    tavsiya etilgan
    iqtisodiyot kafedrasi
    steiermarkischen landesregierung
    asarlaringizni yuboring
    o'zingizning asarlaringizni
    Iltimos faqat
    faqat o'zingizning
    steierm rkischen
    landesregierung fachabteilung
    rkischen landesregierung
    hamshira loyihasi
    loyihasi mavsum
    faolyatining oqibatlari
    asosiy adabiyotlar
    fakulteti ahborot
    ahborot havfsizligi
    havfsizligi kafedrasi
    fanidan bo’yicha
    fakulteti iqtisodiyot
    boshqaruv fakulteti
    chiqarishda boshqaruv
    ishlab chiqarishda
    iqtisodiyot fakultet
    multiservis tarmoqlari
    fanidan asosiy
    Uzbek fanidan
    mavzulari potok
    asosidagi multiservis
    'aliyyil a'ziym
    billahil 'aliyyil
    illaa billahil
    quvvata illaa
    falah' deganida
    Kompyuter savodxonligi
    bo’yicha mustaqil
    'alal falah'
    Hayya 'alal
    'alas soloh
    Hayya 'alas
    mavsum boyicha


    yuklab olish