1. Физикалық дәреже



Download 15,56 Kb.
Sana20.04.2022
Hajmi15,56 Kb.
#565390
Bog'liq
OSI модели


OSI модели 80-инши жыллардың басларында стандартластырыў бойынша бир қатар шөлкемлер (ISO, ITU-T ҳәм тағы басқалар) қатнасыўында ислеп шығылған. OSI модели системаларының өз-ара ислеў дәрежелерин анықлайды ҳәм оларға стандарт атлар береди. Моделдиң толық классификатциясы мың беттен асады. OSI моделинде өз-ара ислеў үскенелери жети дәрежеси төмендегише аталады:
1.Физикалық дәреже.
2.Канал дәрежеси.
3.Тармоқ дәрежеси.
4.Транспорт дәрежеси.
5.Сеанслар дәрежеси.
6.Бөлистирилген дәрежеси.
7.Әмелий дәреже (1-сүўрет).
Еки компьютердиң өз-ара ислеў процесси мәлим бир қағыйдалар топламына тийкарланып әмелге асырылады, бул қағыйдалар топламы протокол ямаса интерфейс деп аталады. Тармақтың бирдей дәрежеге тийисли пайда етиўшилери ортасында информация алмасыў қағыйдалары протоколлар, өз-ара қатара турған дәрежелер ортасында информация алмасыў қағыйдалар болса интерфейслер деп аталады.
Пайдаланыўшы яғный қәлеген компьютерге запрос жиберген ўақтында әмелий (жетинши) дәрежениң программалық тәмийнаты стандарт формасы хабарды (message) пайда етеди. Әдетте бул хабар– белгили формаға ийе болып, мағлыўматлар бөлеги ҳәм тамамлаўшы бөлимлерден ибарат болады. Хабар формасы, хабар жиберилген машинаның әмелий дәрежесинде узатылып атырған мағлыўматлар үстинде қандай ўазыйпаны орынлаў кереклиги ҳаққындағы информациядан ибарат болады.
Тармақ арқалы жиберилген хабар компьютердиң физикалық дәрежеси тәрепинен қабыл етип алынады ҳәм избе-из дәрежеме дәреже жоқарыға биринши дәрежеден жетинши дәрежеге узатылады. Ҳәр бир дәреже өзине тийисли болған форма бетин анализ қылады ҳәм қайта ислеп шығады, соң хабар формаларды алып таслап хабардын қалған бөлегин жоқарыда турған дәрежеге узатады.
Информация алмасыў процессинде мағлыўматлар бирлигин көрсетип бериў ушын хабар термини менен бирге басқа басқада сөзлер пайдаланылады. ISO стандартларында ҳәр қыйлы дәрежелер протоколлары ушын арналған мағлыўматлар бирлигин көрсетип бериў ушын протоколға тийисли мағлыўматлар блогы - Protocol Data Unit (PDU) деген улыўмалық атлап пайдаланылады. Мәлим бир дәрежеге тийисли мағлыўматлар блогын көрсетип бериў ушын көп жағдайларда төмендегише аталыўларды көриўиңиз мүмкин булар: кадр (frame), пакет (packet), дейтаграмма (datagram) ҳәм сегмент (segment).
OSI моделинде еки түрдеги протоколлар бар:
1.Алдыннан байланыс линияларын пайда етип ислейтуғын протоколлар. Телефон арқалы байланыс орнатып сөйлесиўге уқсап ислейтуғын протоколлар.
2.Байланыс линияларын алдыннан пайда етпей турып ислейтуғын протоколлар ямаса дейтаграммалы протоколлар. Бул болса почта арқалы хабар жибериўге уқсас ислейтуғын протоколлар.
Download 15,56 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish