§. Microsoft Word та ҳүжжетлер үстинде әмеллерди орынлаў 3-§. Текстлер үстинде әмеллерды иске асырыў 22



Download 1,1 Mb.
bet6/17
Sana21.02.2022
Hajmi1,1 Mb.
#78978
TuriПрограмма
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   17
Bog'liq
19.04.11 Проект струк

Элемент

Ўазыйпалары

Expression

Синтаксистиң зәрүрли элементи аңлатпа болып ол Document объектин береди.

Start

Зәрүр болмаған параметр болып, ол жирный диапазонның биринши символы орнын анықлайды. Егер параметр мәниси нольге тең болса, ондай жағдайда диапазон басы ҳүжжет басы менен сәйкес келеди.

End

Зәрүр болмаған параметр болып, ол диапазон ақырын анықлайды.

Mетодқа төмендеги мысалды көрсетиўге болады.


Dim Docum As Documents
Set Docum = Documents(“Glava doc”)
MsgBox Docum.Range(0, 20)
Бул программа жәрдеминде “Glava doc” ҳүжжетиндеги 0 деп баслап 20 ға шекем барлық символлар диалог айнасына шығарылды.
Redo методы ең соңғы бийкарланған ҳәрекетти ямаса қандайда бир бийкарланған ҳәрекетлерди орнына қайтарады. Егер метод True мәнисине тең болса онда методлар қайталанған болады.
Метод синтаксиси:
Expression. Redo ([Times])
Синтаксис элементлери төмендеги ўазыйпаларды орынлайды.

Элемент

Ўазыйпалары

Expression

Зәрүрли элемент аңлатпа болып ол Document объектин береди.

Times

Зәрүрли параметр емес, ол қайталаныў санын береди.

Save методы файлды өзгерисиз сақлаўды орынлайды ҳәм бул метод ҳеш қандай параметрге ийе емес.


Метод SaveAs бул метод жәрдеминде файл сақланады, аты өзгерип сақланыўы мүмкин ҳәм файлдың жайласқан орнында өзгеритиўге болады. Ол төмендегише синтаксиске ийе болады.
Expression,SaveAs([FileName,] [FileFormat,]
[LockComments,] [Password,] AddToResentFiles,
[WritePassword,] [ReadOnlyRecommented,]
[EmbedTrueTуpeFonts,] [SaveNativePictureFormat,]
[SaveFormsData,] [SaveAsAOCELLetter])
Cинтаксис элементлери төмендеги ўазыйпаларды орынлайды



Expression

Зәрүр болған элемент-аңлатпа, Document объектин береди.

FileName

Бул параметр ҳүжжет атын анықлайды. Егер бул элемент пайдаланылмаса онда усы файл ҳәм оның жайласқан орны өзгерместен файл усы аттағы файл менен қайтадан сақланады (егер усындай файл бар болса).

FileFormat

Бул параметр сақланып атырған ҳүжжет форматын береди. Ол төмендеги келтирилген константа (турақлылар) да бериледи.
wdFormatDocument-MS Word ҳүжжети.
wdFormatDOSText- Dos тексти;
wdFormatDOSTextLineBreaks-Қатарларға бөлинген Dos тексти;
wdFormatRTF- RTF тексти;
wdFormatTemplate-Шаблон (dot форматындағы текст);
wdFormatText-әпиўайы текст;
wdFormatTextLineBreaks-қатарларға бөлинген текст;
wdFormatUnicodeText-Unicod тексти.

LockComments

Түсиндирмелер (коментариялар) қосыў мүмкиншилигин барлығын анықлайды (Flase мәниси) ямаса жоқ (True мәниси) болса.

Password

Ҳүжжетти ашыўға пароль береди.

AddToResentFiles

Зәрүр болмаған элемент. Егер аргумент True мәнисине тең болса, онда ашылған файл менюсындағы соңғы ашылған файллар қатарына қосылады.

WritePassword

Зәрүр болмаған элемент. Өзгерис киритилген ҳүжжетке пароль береди.

ReadOnlyRecommented

Зәрүр болмаған элемент. Егерде бул параметрге True мәниси берилсе, онда файл ашылғанда аты тек оқыў ушын ашыў кереклигине мәсләҳат бериледи, бул хабар көринисинде шығады.

Endbed TrueTуpeFonts

Зәрүр болмаған элемент. Егерде параметрдиң мәниси True болса, онда TrueTуpe шрифты ҳүжжети менен бирге сақланады.

SaveNateivePictureFormat

Зәрүр болмаған элемент. Бул параметр сүўрети Macintosh форматына өткериўге пайдаланылады. Егер параметр True мәнисин қабыл етсе, онда сүўрет Windоws операциялық системасының графикалық форматларының биреўинде сақланады.

SaveFormsData

Зәрүр болмаған элемент. Егер параметр True мәнисине тең болса, онда берилген формадағы мағлыўматлар жазыў көринисинде сақланады.

SaveAsAocellater

Зәрүр болмаған элемент. Егер параметр мәниси True болып ҳәм сақланып атырған файл почталық программа менен байланысқан болса онда ол хат AOCE форматта сақланады.

Undo методы ақырғы ҳәрекетти ямаса олардың избе-излигин бийкарлайды ҳәм True мәнисине тең болады. Метод синтаксиси төмендегише.


Expression. Undo (Times)
Синтаксис элементлери төмендеги ўазыйпаларды орынлайды.

Expression

Синтаксистиң зәрүрли элементи Document объектин бериўши аңлатпа.

Times

Зәрүрли болмаған параметр болып, ол бийкарлаўы керек болған ҳәрекетлер сонын анықлайды.

UpdateStyles методы шаблондағы барлық стиллерди ҳүжжетке нусқалайды яғный бир аттағы стил менен алмастырады.
Document объекти қәсийетлери ҳүжжеттиң тийкарғы атрибутларын орнатады. Мәселен, олар орфографияны тексериў, ҳүжжет сақланған дискеттеги файл аты, ҳүжжет тили ҳәм тағы басқалар болыўы мүмкин. Документ объекттиң тийкарғы қәсийетлериниң дизими төмендеги таблицада келтирилген.


Download 1,1 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish