String түриндеги зәрүр болған элемент болып, ол қойылатуғын текстти береди.
Төмендеги мысалда TypeText методынан пайдланып текстти көрсетилген диапазонға қойыў келтирилген.
Range (1, 3).Select Selection. TypeText (“TypeText методы жәрдеминде текстти қойыў”)
4-§. Таблицалар үстинде әмеллерди иске асырыў
Таблицалар үстинде әмеллерди орынлаў ушын Tables коллекциясынан пайдаланады. Онда Тable ҳәм оның ишинде басқа объектлерде ислетиледи олар төменде келтирилген.
Border объекти қәсийетлери константалар менен бериледи
wdBorderBottom-төмендеги шегара
wdBorderDiagonalDown-төменге бағдарланған диапазон шегарасы
wdBorderDiagonalUp-жоқарыға бағдарланған диапазон шегарасы.
wdBorderHorizontal-горизонталь шегарасы
wdBorderLeft-шеп шегара
wdBorderRight-оң шегара
wdBorderTop-жоқарғы шегара
wdBorderVertical-вертикальная шегара
Cell объекти таблицаның өз алдына ячейкасын береди. Cell ҳәм Тable объектлериниң қәсийетлери топары, бирдей болып, ячейкалар таблица элементи болып есапланады, таблицаның өзи болса ячейкалардың өз-ара байланысқан көплиги есапланады.
Columns колекциясы Column объектлеринен турады. Оның ҳәр қайсы объекти таблица бағанасын береди.
Rоws коллекциясы Rоw объектинен турады. Оның ҳәр бир объекти таблица қатарын береди.
Range объекти ҳүжжеттиң қандай да бир областы үстинде әмеллерди орынлаўды береди. Олар сондай-ақ таблицалар, ҳүжжетлердиң басқада элементлери ҳәм абзацларды өз ишине алады.
Таблицаның элементлери үстиндеги әмеллерди орынлаў ушын Range объектинде Cеlls коллекциясы қурылған болып, ол таблица фрагментине кириўши Range объектинде анықланған барлық Cеllобъектлеринен турады.
Shading объекти Selection объекти менен берилген таблица ячейкасында белгилеў ямаса абзацта реңди анықлайды.
Төмендеги мысалда таблицалар үстинде әмеллерди орынлаў көрсетилген. Бул мысалда таблицаның биринши ячейкасына (кетекшесине) «Фамилиясы» ал усы биринши қатардың екинши ячейкасына «Үй адреси» жазылады. Таблицаның биринши қатары ушын ячейка реңи түри анықланады.
ActiveDocument.Tables(1). Cell(Row:=1, Column:=1). Selekt Selection = «Фамилиясы» Tables(1).Cell(Row:=1, Column:=2).Select Selection= «Үй адреси» Set myCell=ActiveDocumens.Tables(1). Range.Rоws(1) myCell.Shading.Texture=wdTexture20Percent myCell.Shading. BackgroundPaternColorIndex=3 Ҳүжжеттеги қойылап атырған барлық таблицаларда ишки номерлер (индекслер) меншикленеди. Олардың тәртип номерлери таблицалардың жаратылыўларына сәйкес болады. Таблицалар ишинде басқа таблицалар болыўыда мүмкин, яғный сыртқы таблицаның ячейкасы ишинде бир неше таблицалар жайласыўы мүмкин. Ҳәр бириниң өзине тән болған номерлери болады.
Мысалы. Егер ҳүжжет сыртқы бир таблицадан ибарат болса, онда ол таблица бирге тең болған ишки номерге ийе болады ҳәм ол –Tables (1).
Мейли бул таблицаның ячейкасына еки таблица киритилген болсын. Бул таблицалар сәйкес түрде Tabbles (1) ҳәм Tabbles (2) ишки номерлерине ийе болады. Бундай жағдайда таблицаларды номерлеўде бирдей номерлер менен белгилениўи жүз береди. Бирақ программада олар менен ислесиўде избе-из жазылады. Мәселен сыртқы таблица менен шекленеди.
ActiveDocument.Tables(1).Cell(Row:=1, Column:=1).Select
Ишки таблица менен ислесиў ушын төмендеги код жазылады, бунда ишки таблица сыртқы таблицаның биринши ячейкасында (1,1) адресте жайласқан.
ActiveDocument.Tables(1). Cell(1,1). Select.
Жоқарыдағы келтирилген мысалларда таблицалар менен ислегенде қолланылатуғын қағыйдалар келтирилген.